Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Елимизде әмелге асырылып атырған өзгерислер, социаллық-экономикалық раўажланыўдың жаңа тийкарғы бағдарлары және нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамшылықты беккемлеў ўазыйпалары прокуратура уйымлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў системасын буннан былай да жетилистириў зәрүрлигин талап етпекте.

Өткен ўақыт ишинде, ҳуқықты қолланыў жағдайын комплексли талқылаў, нызам бузылыўлар жүз бериўиниң себеплери менен шәртлерин өз ўақтында сапластырыў илажларын көриў, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери қорғалыўын тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша прокуратура уйымлары хызметкерлерин зәрүр билим ҳәм көнликпелерге үйретиў бойынша белгили бир билимлендириў ҳәм илимий потенциал қәлиплестирилди.

Атап айтқанда, 2007-жылдан Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы структурасында басшы кадрларды қайта таярлаў ҳәм прокуратура уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў менен шуғылланатуғын Жоқары оқыў курслары жумыс алып бармақта. Жоқары оқыў курсларында 2007-2017-жыллар даўамында 4318 хызметкердиң маманлығын арттырыў ҳәм 186 басшы кадрды қайта таярлаў тәмийинленди.

Соның менен бирге, прокуратура уйымлары жумысының пүткиллей жаңа бағдарлары белгиленгени, олардың әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм  өзгерислердеги орны күшейтилгени жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели атқара алатуғын мүнәсип кадрлар қурамын қәлиплестириўди талап етпекте.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық, сондай-ақ, прокуратура уйымлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың заманагөй системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Жоқары оқыў курслары Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясы (кейинги орынларда Академия деп аталады) етип қайта шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Академия жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:

прокуратура уйымлары хызметкерлеринде билим ҳәм көнликпелерди, соның ишинде, системалы талқылаўды ҳәм сын көзқарастан пикирлеўди, жеке ҳәм исшеңлик сыпатларын раўажландырыўды ҳәм жетилистириўди, нызамларға, пуқаралардың ҳуқықлары менен ерикнликлерине сөзсиз әмел етилиўи бойынша әдиллик ҳәм жуўапкершилик сыяқлы жоқары сезимлерди қәлиплестириўди және беккемлеўди тәмийинлейтуғын хызметкерлерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўдың бирден-бир системасын шөлкемлестириў;

заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын, аралықтан билимлендириўди, оқытыў ҳәм тренинглерди интербелсенди және машқалалы-жағдайлы усылларды кеңнен енгизиў;

прокуратура уйымларының жумысын илимий-методикалық жақтан тәмийинлеў, фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер өткериў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың және исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен еркинликлерин, жәмийеттиң ҳәм мәмлекеттиң нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасының әҳмийетли машқалалары бойынша системалы тийкарда илимий-изертлеў бағдарламаларын ҳәм жойбарларын, соның ишинде, миллий, шет елли ҳәм халықаралық грантларды тартқан ҳалда әмелге асырыў;

нызамшылықты жетилистириў ҳәм бирден-бир ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў бойынша илимий-тийкарланған жуўмақлар менен усыныслар ислеп шығыў;

оқытыўдың әмелий өзгешелигине ҳәм прокуратура уйымларының кәсиплик жумысы менен тығыз байланыслылығына сүйенген ҳалда магистратура қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў;

прокуратура уйымларының жумыс бағдарлары бойынша жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў;

ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў тараўында өз-ара бирге ислесиў мәселелери бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердеги хызметкерлердиң маманлығын арттырыў;

прокуратура уйымларының жумысын психологиялық жақтан тәмийинлеў, талабанларды хызметке қабыл етиўде кәсиплик-психологиялық таңлаў өткериў, прокуратура уйымларындағы руўхый-психологиялық орталықты үйрениў ҳәм оны жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

биргеликте илимий изертлеўлер өткериў, нормативлик-ҳуқықый, методикалық ҳәм талқылаў өзгешелигине ийе болған мағлыўматларды алмасыў, оқыў процесине шет елли қәнигелерди тартыў, педагоглардың, илимий хызметкерлердиң ҳәм тыңлаўшылардың стажировкаларын системалы түрде шөлкемлестириў тараўында халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў;

оқыў процесиниң сапасын арттырыў бойынша тәжирийбе алмасыў, ҳәрекетлерди бирлестириў мақсетинде юридикалық кадрларды таярлайтуғын, қайта таярлайтуғын ҳәм олардың маманлығын арттыратуғын билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў, соның ишинде, шет еллердиң мәкемелери менен нәтийжели ведомстволараралық бирге ислесиўди тереңлестириў.

  1. а) академияда кәсипке қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў төмендеги бағдарламалар бойынша әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:

прокурор-тергеў иси ҳәм прокуратура уйымларында ис жүргизиўди шөлкемлестириў тийкарларын оқытыўға бағдарланған, даўамлылығы 576 саатттан аз болмаған прокуратура уйымларында лаўазымларды ийелеў ушын талабанларды бирлемши қәнигелесиў тәризинде кәсипке қайта таярлаў;

прокурор-тергеў ҳәм талқылаў жумысларын жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысына қатнасыў бойынша кәсиплик билим және көнликпелерди тереңлестириўге, сондай-ақ, жумысты шөлкемлестириўдиң инновациялық түрлерин менен методларын және басқарыў тийкарларын өзлестириўге бағдарланған, даўамлылығы 576 сааттан аз болмаған прокуратура уйымларында басшылық лаўазымларын ийелеў ушын резервте турған кадрларды кәсипке қайта таярлаў;

нызамшылықтағы жаңалықлардың мазмун-мәнисин жеткериў, кәсиплик көнликпелер менен маманлықларды жетилистириў, прокурор-тергеў исиниң алдынғы жетискенликлерин үйретиў, сондай-ақ, прокуратура уйымлары хызметкерлериниң жумысындағы системалы кемшиликлерди сапластырыўға бағдарланған даўамлылығы 144 сааттан аз болмаған прокуратура уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў;

б) прокуратура уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыўдың дәўирлилиги ҳәр үш жылда кеминде бир мәртени қурайды;

в) прокуратура уйымларында лаўазымларды ийелеў ушын талабанлар прокуратура ис үйрениўшилери лаўазымына тайынланғанына шекем усы Пәрманның 3-бәнти «а» киши бәнтиниң екинши абзацында нәзерде тутылған кәсипке қайта таярлаўдан өтеди.

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорына:

Академияда тийкарғы жумыс орнынан ажыралған ямаса ажыралмаған ҳалда қысқа мүддетли басқа да курсларды шөлкемлестириў;

қағыйдаға бола, усы Пәрманның 3-бәнти «а» киши бәнтиниң екинши абзацында нәзерде тутылған кәсипке қайта таярлаўдан өтпеген шахсларды прокуратура уйымларына хызметке қабыл етиў ҳуқықы берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Академияда 2019/2020 оқыў жылынан баслап магистрларды, соның ишинде, басқа қәнигелик бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматқа ҳәм прокуратура уйымларында кеминде 5 жыллық жумыс стажына ийе болған прокуратура уйымлары хызметкерлериниң есабынан таярлаў ҳаққындағы усынысы менен келисилсин.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Экономика министрлиги менен биргеликте Академияның магистратурасына қабыл етиў квоталарын белгилесин.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Академиясының нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «Жол қартасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы Бас прокурорына:

Академияның структурасына белгиленген улыўма штатлар саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

оқыў процесин билимлендириўдиң күндизги, кешки, сыртқы ҳәм аралықтан оқытыў түрлери тийкарында шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин.

  1. 6. Академия прокуратура уйымлары хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў ушын жуўапкер билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемеси болып есапланатуғыны;

Академияға Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымнан азат етилетуғын баслық басшылық ететуғыны;

прокуратура уйымлары хызметкерлери келешекте прокуратура уйымларының өзлери ийелеп турған лаўазымына тең болған басқа да лаўазымларында хызметти даўам еттириўин тәмийинлеген ҳалда Академияда хызмет өтеў ушын ротация тәртибинде тартылыўы мүмкин екени;

Академия хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы хызметкерлери ушын белгиленген мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енгизилетуғыны;

дәрежели атаққа ийе болған Академия хызметкерлери прокуратура уйымлары тармақларында стажировкадан өтиў дәўиринде прокуратура уйымлары хызметкерлериниң тийисли ўәкилликлеринен пайдаланатуғыны ҳәм статусы бойынша Академияның тийисли тармақлары (бөлимлери)ның прокурорлары болып есапланатуғыны;

2018-жыл 1-июньнен Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қоры есабынан Академия хызметкерлерине прокуратура уйымлары хызметкерлери ушын белгиленген арттырылған тариф коэффиценти ҳәм айрықша мийнет шәртлери ушын ҳәр айлық үстеме және нызам ҳүжжетлеринде белгиленген басқа да хошаметлеўши қосымша ҳақы ҳәм үстемелерди өз ишине алатуғын лаўазым айлығына 100 процент муғдарда ҳәр айлық қосымша үстеме төленетуғыны;

Академияның жумысы Мәмлекетлик бюджет, Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қоры ҳәм прокуратура уйымларының бюджеттен тысқары қорлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 7. Академияда төлем-контракт тийкарында оқытыўдан келип түсетуғын қаржылар Академияның оқыў ҳәм материаллық-техникалық базасын раўажландырыў және оның хызметкерлерин материаллық хошметлеўге жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.
  2. 8. Академияға:

жетекши оқыў мәкемелери, илимий-изертлеў институтлары, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, соның ишинде, шет еллердиң жоқары маманлықтағы қәнигелери менен экспертлерин шәртнама тийкарында оқыў процесине тартыўға;

прокуратура уйымларында лаўазымларды ийелеў ушын бирлемши қәнигелесиў тәризиндеги кәсипке қайта таярлаў бағдарламасы бойынша билим алып атырған талабанлардың жасаў ҳәм аўқатланыў қәрежетлери ушын төлемлерди прокуратура уйымларының бюджеттен тысқары қорларының қаржылары есабынан әмелге асырыўға руқсат берилсин.

  1. 9. Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, инновациялық раўажланыў министрлиги, Өзбекстан Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар академияға оқыў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, соның ишинде, тәжирийбели қәнигелерди тартыў және илимий-әмелий стажировкаларды шөлкемлестириў бойынша ҳәр тәреплеме көмеклессин.
  2. 10. Академия:

Өзбекстан Республикасы нызамлары, Олий Мажлис палаталарының қарарлары, Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, министрликлер менен ведомстволардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери;

Академияның мәлимлеме-ресурс орайын беккемлеў ушын баспа ҳәм китап өнимлери (ҳуқықый, жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық басылымлар)ниң бийпул қадағалаў нусқалары (бир нусқада);

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Ишки ислер министрлиги, Жоқарғы суд, басқа да министрликлер менен ведомстволардың статистикалық мағлыўматлары мәжбүрий жиберилетуғын шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.

  1. 11. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы үш ай мүддетте:

Академияның Уставын, прокуратура уйымларының хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў қурслары ҳаққындағы Режени, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларының оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын, Академияның магистратурасына қабыл етиў ҳәм оқытыўды шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Реженни тастыйықласын;

Усы Пәрманның талапларына муўапық Академияның штатлар кестеси ҳәм қәрежетлер сметасын тастыйықласын;

Академияны оқытыўдың заманагөй түрлерин ҳәм усылларын қолланыў көнликпелерине және әмелий жумыс тәжирийбеге ийе, сондай-ақ, шет тиллерди ийелеген маман кадрлар менен толықтырсын.

  1. 12. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан Баспа сөз ҳәм хабар агентлиги, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы:

Академияның оқыў процесин ҳәм илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў ушын мәлимлеме-коммуникация технологияларынан, соның ишинде, видеоконференцбайланыс ҳәм аралықтан оқытыў усылларынан пайдаланған ҳалда «Электрон билимлендириў» миллий тармағына жалғаныўын;

Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасының мәлимлеме-китапхана фондына ҳәм жетекши шет елли мәлимлеме-китапхана ресурслары фондларына турақлы ҳәм үзликсиз түрде киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. 13. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы Пәрманның талапларына муўапық Академияға зәрүр қаржыларды 2018-жыл ушын ажыратсын, 2019-жылдан баслап болса, оларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери параметрлеринде нәзерде турсын.
  2. 14. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Академияны орналастырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы имаратларының бирден-бир комплексин қурыў шеңберинде Академияның қурылысын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етсин.
  3. 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 7-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Жоқары оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-727-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  4. 16. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым нызам ҳүжжетлерине ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң базы бир қарарларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер менен қосымшалар киргизилсин.
  5. 17. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды киргизсин.
  6. 18. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 8-май