Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға муўапық кадрлар таярлаўдың мазмунын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарары қабыл етилди.
Усы қарар менен жоқары билимлендириў дәрежесин сапа жағынан арттырыў ҳәм түп-тийкарынан жетилистириў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм модернизациялаў, заманагөй оқыў-илимий лабораториялары, мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў бойынша Жоқары билимлендириў системасын 2017-2021-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланды.
Соның менен бирге, республикамыз аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын заман талапларына жуўап беретуғын жоқары маманлықтағы кадрларды өз ўақтында зәрүр қәнигеликлер бойынша экономика салалары менен тармақларының талабынан келип шыққан ҳалда таярлаў, жоқары билимлендириўдиң мазмунын тиккелей кәрханалардағы, мәкемелердеги техника, технология, өндирислик қатнасықларға және перспективалы раўажланыў бағдарламаларына муўапық қәлиплестириў, кадрларды ийелеген кәсиби ҳәм қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыўға байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер толық шешимин таппаған.
Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша комитети (UNESCO) ҳәм консалтинг шөлкеми (DGP Research & Consulting) менен биргеликте тартылған абыройлы шет елли экспертлер топары тәрепинен 2017-жылдың январь-июнь айларында Өзбекистан Республикасы билимлендириў системасын комплексли үйрениў бойынша өткерилген талқылаўлардың нәтийжелери тийкарында берилген жуўмақларда жоқары билимлендириў процесинде теория менен әмелияттың бир пүтинлиги тәмийинленбегенлиги, студентлердиң маманлық әмелиятларын өндирис кәрханаларында өткериўдиң нәтийжели шөлкемлестирилмегени ақыбетинде питкериўшилердиң көпшилик бөлеги таяр қәниге болып шығыў орнына, жумысқа орналасқаннан соң қайтадан өз кәсибин, қәнигелигин үйренип атырғанлығы, сондай-ақ, билимлендириў сапасын қадағалаў механизми заманагөй талапларға жуўап бермейтуғыны, билимлендириў мәкемелеринде жоқары маманлықтағы педагог ҳәм басқарыў кадрларының жетиспеўшилиги, шет елдиң билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели бирге ислесиў толық жолға қойылмағаны сыяқлы кемшиликлер атап өтилген.
Буннан тысқары, экономика салаларының перспективада кадрлар таярлаўға буйыртпаларын қәлиплестириў, питкериўшилерге қойылатуғын маманлық талапларды ислеп шығыў, тармаққа зәрүр болған қәнигелерди таярлаў сапасын тәмийинлеў процесиндеги қатнасы талапқа жуўап бермейди. Жоқары билимлендириў бағдарламаларының өзгериўшең мийнет базары талапларына үйлеслигин тәмийинлеў ушын жумыс бериўшилер тәрепинен системалы жумыслар әмелге асырылмай атыр.
Жоқары билимлендириў – илим – өндиристиң арасында үзилислер бар, интеграция тәмийинленбеген. Илимий-изертлеў институтлары жоқары билимлендириўде кадрлар таярлаў процесине зәрүр дәрежеде тартылмаған, оларда илимий изленислер экономика салаларының реал талапларынан келип шықпастан әмелге асырылмақта. Жоқары маманлықтағы илимий ҳәм илимий-педагог кадрлардың системалы таярланбаўы жоқары билимлендириў мәкемелери илимий потенциалының төменлеўине алып келмекте.
Шет елли экспертлер топары тәрепинен усыныс етилген усынысларды инабатқа алған ҳалда жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў арқалы республикамыздағы жоқары билимлендириў системасында жоқары маманлықтағы бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаўдың мазмунын елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыў потенциалынан, жәмийетлик талаплардан, илим, мәденият, техникалар менен технологиялардың заманагөй табысларынан келип шыға отырып, түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:
- Жоқары билимлендириў системасын 2017-2021-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасына муўапық Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июньдеги «Өзбекистан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-5121-санлы Пәрманы ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 515-санлы қарары қабыл етилгени белгилеп өтилсин.
- Экономика салалары менен тармақларын жоқары билимлендириў системасындағы кадрларды таярлаў процесине кеңнен тартыў, олардың билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў ушын республикамыз жоқары билимлендириў мәкемелери Өзбекистан Республикасы Бас министри, Бас министрдиң орынбасарлары – комплекс басшыларына, жуўапкер басшыларға тармақ (сала)лар бойынша тийислилигинше 1-қосымшаға муўапық бириктирилсин.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң комплекслериниң басшылары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары төмендеги тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў илажларын көрсин:
бир ай мүддетте кадрлар буйыртпашылары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте қәнигелер таярлаўдың мазмунына, питкериўшилердиң билими менен көнликпесине қойылатуғын талапларды бириктиретуғын жоқары билимлендириў бағдарлары менен қәнигеликлериниң маманлық талапларынан, оқыў режелери менен бағдарламаларын саланың талабынан келип шығып, жаңадан ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
өндирислик кәрханалар менен шөлкемлердиң қәнигелер таярлаў сапасына болған талапларын тиккелей билимлендириў мазмунын қәлиплестириў менен шуғылланатуғын жоқары билимлендириў мәкемелери профиль кафедраларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен системалы үйренип барылыўын шөлкемлестириў мақсетинде стажировкаларды енгизиў;
быйылғы жылдың 1-сентябрине шекем раўажланған шет мәмлекетлердиң ең алдынғы тәжирийбесин терең үйренген ҳалда оқыў режелери менен илим бағдарламалары, оқыў әдебиятлары, соның ишинде, оқыў-методикалық комплекслердиң халықаралық стандартлар тийкарында заманагөй, улыўма жаңа талаплар тийкарында ислеп шығылыўын ҳәм басқышпа-басқыш енгизилиўин шөлкемлестириў;
алты ай мүддетте комплекслердиң қурамындағы министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте тийисли тармақ (сала) ҳәм аймақлардың ағымдағы ҳәм перспективалы раўажланыў бағдарламаларын есапқа алып, жоқары маманлықтағы кадрларға болған талапты жыллар кесиминде анық мәнзилли кәсип ҳәм билимлендириў бағдарларын және қәнигеликлерин көрсете отырып, анық баланс беретуғын есап-санақлар тийкарында ислеп шығыў;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша ҳәр бир студенттиң 2-курстан баслап тийисли тармақ (сала)тың белгили бир шөлкемлер менен кәрханаларда маманлық әмелиятларының системалы түрде өткерилиўин, сондай-ақ, олардың әмелий шынығыўларын тиккелей ислеп шығарыўда шөлкемлестириў ҳәм питкериўшилерди жумысқа орналастырыў бойынша анық илажлар көриў;
өнидирис, илим ҳәм билимлендириў арасында интеграцияны тереңлестириў ушын комплекслердиң қурамындағы министрликлер менен ведомстволарға қараслы тармақлар (салалар) ды илимий-техникалық раўажландырыў бағдарларының машқалаларына бағышланған темалар базасын қәлиплестириў және бул машқалаларды жоқары билимлендириў мәкемелери менен хожалық шәртнамаларын дүзе отырып шешиўге олардың илимий потенциалын, әсиресе, жас илимпазлар менен изертлеўшилерди системалы түрде тартыў;
талантлы жас педагоглар менен докторантларды жетекши шет ел билимлендириў мәкемелерине тәжирийбе арттырыўға жибериў, олар ушын арнаўлы стипендияларды шөлкемлестириў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, докторантлары менен студентлериниң халықаралық тәжирийбе алмасыўларын шөлкемлестириў арқалы илимий ҳәм педагогикалық потенциалын арттырыў;
оқытыўдың заманагөй түрлери менен методларын, компьютер ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын билимлендириў процесине енгизиў, жоқары билимлендириў мәкемелерин заманагөй оқыў-лаборатория әсбаплары ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты қоллап-қуўатлаў және хошаметлеў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң заманагөй илимий лабораторияларын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў илажларын көриў;
ҳәр айда Комплекс басшысы, тийисли министрлик ҳәм ведомство басшысы бириктирилген ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен тармаққа (салаға) байланыслы жаңалықлар, раўажландырыў перспективалары, билимлендириўдиң мазмунын жетилистириў, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша ушырасыўлар өткерип барыў.
- Төмендегилер:
Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бағдарында оқыў жылы даўамында әмелге асырылатуғын ҳәрекетлердиң үлги режеси (Жол картасы) 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети комплекслери қурамындағы министрликлер менен ведомстволардың жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў бойынша буйыртпаларды қәлиплестириў, қарамағындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде қәнигелерди таярлаўдың дәрежесин ҳәм сапасын түп-тийкарынан жақсылаў және системадағы кәрханалар менен шөлкемлерге студентлердиң әмелиятларын өткериў, илимий жумысларды биргеликте орынлаў, жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң жумысқа орналасыўын тәмийинлеў бойынша илажлар бағдарламасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң комплекслери, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволарға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
2017/2018-оқыў жылынан баслап ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесинде барлық курсларда кеминде 2 топарда қәнигелик пәнлерин инглис тилинде оқытыўды басқышпа-басқыш шөлкемлестириў, инглис тилинде сабақ өтетуғын профессор-оқытыўшыларды мақсетли таярлаў, олардың шет елде тийисли таярлықтан өтиўин шөлкемлестириў, сондай-ақ, оқыў шынығыўларын алып барыўға шет елли қәнигелерди тартыў, шынығыўларды раўажланған мәмлекетлердиң жоқары билимлендириў мәкемелеринде бүгинги пайдаланылып атырған заманагөй оқыў әдебиятлары тийкарында өтилиўин жолға қойыў;
перспективалы илимий-педагогикалық кадрларды, биринши гезекте, инженерлик-техника ҳәм архитектуралық билимлендириў бағдарлары бойынша кадрларды таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелери педагогларының раўажланған мәмлекетлер, атап айтқанда, Қубла Кореяда, Японияда ҳәм Германияда 2-3 айлық курсларда өз-ара бирге ислесиў бойынша дүзилген шәртнамлар, қәўендерлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грант қаржылары есабынан, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыў, стажировкадан өтиў ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қоры арқалы қәнигелиги бойынша жаңа билимлерди ийелеўге бағдарланған маманлығын арттырыўын шөлкемлестириў, жоқары билимлендириў мәкемелериндеги оқыў процесине жетекши шет ел қәнигелерин турақлы түрде тартыў;
2017/2018-оқыў жылынан баслап магистратурада кадрларды таярлаў системасын сын көз-қарастан талқылаў, магистратура билимлендириў процесиниң барлық басқышларын жетилистириў, оларды заманагөй көз-қараслар тийкарында шөлкемлестириў илажларын көриў;
докторантлар, магистратура студентлерин кәрхана (мәкеме)лардың машқалалы мәселелерине бағышланған диссертация темалары үстинде ислеўин, сондай-ақ, тәжирийбе-сынақларын кәрхана (мәкеме)ларда өткериў, әмелиятқа енгизилген жумыслардың авторлары болған ҳәм ойлап табыўшылық патентин қолға киргизген докторантлар менен магистрларды оқытыўшы лаўазымы бойынша айлық мийнет ҳақы муғдарының 10 есесине шекем кәрханалар менен шөлкемлердиң есабынан материаллық хошаметлеў илажларын көриў;
еки ай мүддетте республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң ҳәр жылы рейтингин анықлаў бойынша миллий системаны жетилистириў, бунда әҳмийетли тийкарғы көрсеткиш сыпатында жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң мийнет базарында талап етилетуғын профессор-оқытыўшылардың илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелерин әмелиятқа енгизиў бойынша дүзилген шәртнамалары тийкарында ислеп табылған қаржылардың салмағына айрықша итибар қаратыў, сондай-ақ, миллий рейтинг системасында жоқары көрсетикшлерди көрсеткен жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыў процесиниң айрықша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийғәрез ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ўәкиллигин бериў арқалы академиялық еркинликтиң басқышпа-басқыш енгизилиўин тәмийинлеў бойынша усынысларды таярлаў ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў;
2017/2018 оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелери кафедраларының статусын көтериў, бунда олардың билимлендириў сапасын арттырыў бойынша жуўапкершилигин күшейтиў, кафедра ҳәм профессор-оқытыўшылар тәрепинен алып барылатуғын ҳәр қыйлы статисткалық ҳәм басқа да есаплардың санын оптималластырыў арқалы оларды таярлаў процесслерин электрон форматқа өткериў илажларын көриў.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте докторантлардың илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўына материаллық шараятлар жаратыў мақсетинде олардың стипендиясының 50 процентке шекем материаллық хошаметлениўи өндирислик кәрханалары менен шөлкемлердиң есабынан әмелге асырылыўын, докторантура питкериўшилери жоқары билимлендириў мәкемелерине ҳәм илимий-изертлеў институтларына жоллама тийкарында жиберилиўин, олардың мийнет жумысын хошаметлеў ушын базалық докторантураның 2-курсынан жеңилликли ипотека кредитин 25 жыл мүддетке ажыратыў механизминиң енгизилиўин нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.
- Жоқары билимлендириў мәкемелерине бириктирилген Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети комплекслериниң басшылары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары еки ай мүддетте:
тийисли министрликлер менен ведомстволардың жанында жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў-методикалық басшылықты әмелге асырыў, соның ишинде, оқыў режелери менен бағдарламаларын жетилистириў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий жумыслардың нәтийжели алып барылыўын шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшыларынан, саланың жетекши қәнигелеринен, профессор-оқытыўшылардан ибарат қурамдағы Муўапықластырыўшы кеңеслерин шөлкемлестирсин;
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып бириктирилген ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесин 2030-жылға шекемги болған дәўирде раўажландырыў Концепциясын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын, сондай-ақ, қарарда жоқары билимлендириў мәкемеси бойынша белгиленген параметрлерди сөзсиз орынлаў, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрларды таярлаў, профессор-оқытыўшыларды шет ел билимлендириў мәкемелерине маманлығын арттырыўға ҳәм стажировкаға, талантлы питкериўшилерди магистратура менен докторантураға жибериў, сондай-ақ, оқыў лаборатория базасын жаңалаў бойынша белгиленген тапсырмалардың орынланыўын ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша турақлы додалап барыўды жолға қойсын;
2021-жылға шекем бириктирилген жоқары билимлендириў мәкемелеринен кеминде биреўиниң абыройлы халықаралық рейтинг агентликлери тәрепинен тән алыныўын (рейтинг дизиминде жәрияланыўын) тәмийинлеў бойынша анық мақсетли илажларды ислеп шықсын.
- Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги биргеликте төрт ай мүддетте:
2018/2019-оқыў жылынан баслап педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде магистратура басқышында билимлендириў мәкемелериниң басқарыў қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойыў;
педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелерине студентликке қабыллаўда абитуреинтлерди кириў тест сынақлары менен бир қатарда олардың кәсиплик қызығыўшылығын анықлаў бойынша дөретиўшилик сәўбет өткериў тәртибин басқышпа-басқыш енгизиў;
аймақлардың педагог кадрларға болған талапларын тәмийинлеў системасын жетилистириў мақсетинде педагогика билимлендириў бағдарларына мәмлекетлик грантлар тийкарындағы қабыллаў квоталарының үлесин арттырыў арқалы мақсетли қабыллаўды шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпалары тапсырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў орайы, Халық билимлендириў министрлиги бир ай мүддетте:
оқыў-методикалық ҳәм материаллық-техникалық базасы заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын, жоқары билимлендириў мәкемелеринен алыста жайласқан билимлендириў сапасы ҳәм пикериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлери төмен болған академиялық лицейлерди сапластырыў, академиялық лицейлерди тек ғана жоқары илимий ҳәм педагогикалық потенциалға ийе жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында биреўден қалдырыў;
өз жумысын даўам еттиретуғын академиялық лицейлерге улыўма билим бериў мектеплерин питкерген ең билимли, талантлы жасларды қабыллаў механимзин ислеп шығыў ҳәм 2018/2019-оқыў жылынан баслап енгизиў;
академиялық лицейлерде оқытыўдың сапасын түп-тийкарынан өзгертиў, питкериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлерин кескин арттырыў, бунда жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының жеке жуўапкершилигин күшейтиў бойынша усыныс таярласын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар таяныш жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы педагог ҳәм басшы кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў курсларында сабақ беретуғын педагоглардың, тартылған қәнигелердиң жумысын талқылаў тийкарында нәтийжели сабақ берип атырған профессор-оқытыўшыларды, қәнигелерди хошаметлеў механизмин ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықласын.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, қарамағында жоқары билимлендириў мәкемелери болған министрликлер менен ведомстволар Өзбекистан жаслар аўқамы, Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайы, Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы менен биргеликте:
профессор-оқытыўшылар тәрепинен студентлер менен алып барылатуғын руўхый-ағартыўшылық жумысларды ҳәр бир белгили бир студент пенен алып барыў, оларда идеологиялық иммунитетти арттырыўдың тәсиршең илажларын көриў бойынша методикалық тийкарларды жаратсын;
студент-жаслардың идеологиялық иммунитетин беккемлеў, оларда жоқары әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин тәрбиялаў, олардың кәсиплик компетентлиги менен инсаный пазыйлетлерин үйлестириў, профессор-оқытыўшылардың тәрбиялық жуўапкершилигин арттырыў, билимлендириў ҳәм тәрбияның үнлеслигин әмелде тәмийинлеў ушын илимлердиң ҳәр бир темасындағы тәрбиялық мақсеттен өнимли пайдаланыўын тәмийинлеў механизмлерин еки ай мүддетте ислеп шықсын;
бүгинги күнде жаслардың тәрбиясы оғада әҳмийетли мәселе екенин инабатқа алып, жоқары билимлендириў мәкемлериндеги руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша проректорлардың функционаллық ўазыйпаларын қайта көрип шығып, олардың өз ўақтында маманлығын арттырыў илажларын ислеп шықсын;
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда үш ай мүддетте:
жоқары билимлендириў мәкемеси ушын психолог ҳәм ҳәр бир студентлер турақ жайы ушын тәрбияшы-педагог штатын енгизиў;
мийнетке хақы төлеў разряды бойынша жоқары билимлендириў мәкемелери руўхый ҳәм ағартыўышылық бөлими баслығының лаўазым разрядын 16-разрядқа, бөлим хызметкерлериниң лаўазым разрядын 14-разрядқа көтериў;
жоқары билимлендириў мәкемелери топар тренерлериниң жумыс нәтийжелилигин ҳәм жуўапкершилигин буннан былай да арттырыў, олардың турақлы хошеметленип барылыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәр бир топар тренерине (соның ишинде, тренерлер кеңесиниң басшыларына) айлық мийнет ҳақысының 25 процентине шекем муғдарда үстеме ҳақы төлениўин тәмийинлеў;
ҳәр оқыў жылында руўхый-ағартыўшылық жумысларды қаржыландырыў мақсетинде билимлендириў мәкемеси қәрежетлери сметасының кеминде 5 процентин жоқарыда нәзерде тутылған қәрежетлер ушын ажыратыў илажларын көрсин. Усы қаржылардың мақсетли жумсалыўы бойынша жеке жуўапкершилик жоқары билимлендириў мәкемесиниң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректорына жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Орайлық банк, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясына биргеликте үш ай мүддетте билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған педагог кадрлардың социаллық абыройын арттырыў, жәмийетте педагогикалық жумыстың абыройын арттырыў, педагогларды жасларға үлгили ҳәм өрнек дәрежесине көтериў, сондай-ақ, ҳәр қыйлы таңлаўлар менен конкурсларда жеңимпаз болған, оқыўшы-студентлери республикалық ҳәм халықаралық олимпиадаларда, таңлаўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизген педагогларға турақ жай, Өзбекистанда ислеп шығарылған жаңа автомобиль, турмыслық-хожалық буымларын сатып алыўы ушын жеңиллетилген ипотека ҳәм тутыныў кредитлерин ажыратыў тәртибин енгизиў бойынша усынысларды таярлаў ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы тапсырылсын.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте ижарада, туўысқанының ямаса танысының үйинде жасайтуғын студентлерди дизимге алыў тәртибиниң қолайлы ҳәм әпиўайыластырылған түрин ислеп шықсын ҳәм еки ай мүддетте әмелиятқа енгизсин.
- Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Бас прокуратруа, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайы, Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы елимизде жәмийетлик саламат орталықты қәлиплестириў, жаслар тәрбиясының тәсиршең механимзлерин енгизиў, шахстың руўхый камалға жетиўин психологиялық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў, сала қәнигелериниң психлолгиялық билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, усы процесслердиң илимий-әмелий тийкарларын жаратыў ҳәм методикалық тәмийнатын ислеп шығыў және жәмийетте психологиялық билимлерди кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң қурамында Психология оқыў-илимий орайын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине бир ай мүддетте усыныс киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи А.Н.Юнусходжаевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2017-жыл 27-июль
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК
Елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға муўапық кадрлар таярлаўдың мазмунын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, халықаралық стандартлар дәрежесинде жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарары қабыл етилген.
Усы қарар менен жоқары билимлендириўдиң дәрежесин сапа жағынан арттырыў ҳәм түп-тийкарынан жетилистириў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм модернизациялаў, заманагөй оқыў-илимий лабораториялары, мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў бойынша Жоқары билимлендириў системасын 2017-2021-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланған.
Атап айтқанда, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша комитети (UNESCO) ҳәм консалтинг шөлкеми (DGP Research & Consulting) менен биргеликте тартылған абыройлы шет елли экспертлер топары тәрепинен 2017-жылдың январь-июнь айларында Өзбекистан Республикасы билимлендириў системасын комплексли үйрениў бойынша өткерилген талқылаўлар нәтийжелериниң жуўмақларына бола жоқары билимлендириў процесинде теория менен әмелияттың бир пүтинлиги тәмийинленбегенлиги, студентлердиң маманлық әмелиятларын өндирис кәрханаларында өткериўдиң нәтийжели шөлкемлестирилмегени ақыбетинде айырым питкериўшилер жумысқа орналасқаннан соң қайтадан өз кәсибин, қәнигелигин қосымша үйренип атырғанлығы, сондай-ақ, билимлендириў сапасының қадағалаўы заманагөй талапларға жуўап бермейтуғыны, билимлендириў мәкемелеринде жоқары маманлықтағы педагог ҳәм басқарыў кадрларының жетиспеўшилиги, шет елдиң билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели бирге ислесиў толық жолға қойылмағаны сыяқлы кемшиликлер атап өтилген.
Елимиздиң экономика салалары менен тармақларын бәсекиге шыдамлы кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерин түп-тийкарынан өзгертиў, жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыў, республикамыздың аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын заман талапларына жуўап беретуғын жоқары маманлықтағы кадрларды өз ўақтында зәрүр қәнигеликлер бойынша экономика салалары менен тармақларының талабынан келип шыға отырып таярлаў, жоқары билимлендириўдиң мазмунын кәрханалардың өндирис қатнасларына ҳәм перспективалы раўажланыў бағдарламаларына муўапық қәлиплестириў, питкериўшилерди қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырыў мақсетинде «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаўдың сапасын арттырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Экономика салалары менен тармақларын жоқары билимлендириў системасындағы кадрлар таярлаў процесине кеңнен тартыў, олардың билимлендириў мәкемелери менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў ушын Өзбекистан Республикасы Бас министри, Бас министрдиң орынбасарлары – комплекс басшылары, жуўапкер басшылар тармақ (сала) лар бойынша тийислилигине бола жоқары билимлендириў мәкемелерине бириктирилген.
Қарарға бола, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң комплекслериниң басшылары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшыларына кадрлар буйыртпашылары ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери менен биргеликте қәнигелер таярлаўдың мазмунына, питкериўшилердиң билими менен көнликпесине қойылатуғын талапларды белгилейтуғын жоқары билимлендириў бағдарларының маман кадрлары, оқыў режелери менен бағдарламаларын саланың талабынан келип шығып, жаңадан ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, өндирислик стажировкаларды енгизиў, ең алдынғы шет ел тәжирийбесине сүйенген ҳалда оқыў әдебиятлары, оқыў-методикалық комплекслерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, перспективалы жас педагоглар менен докторантларды жетекши шет ел билимлендириў мәкемелерине стажировкаға жибериў, олар ушын арнаўлы стипендиялар ажыратыў сыяқлы ўазыйпалар жүкленген.
Қарар комплекслердиң қурамындағы министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте тийисли тармақ (сала) ҳәм аймақлардың ағымдағы ҳәм перспективалы раўажланыў бағдарламаларын есапқа алып, жоқары маманлықтағы кадрларға болған талапты жыллар кесиминде анық баланс беретуғын есап-санақлар тийкарында ислеп шығыўды нәзерде тутады. Соның менен бирге, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың көлеми бүгинги күнги питкериўшилерден усы унамлы өзгерислерде белсене қатнасыўды талап етпекте. Бул, өз гезегинде, олардың билими менен маманлықларының дәрежесине белгили бир анық талапларды қоймақта.
Қабыл етилген қарар жаңа оқыў жылынан баслап ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесинде барлық курсларда кеминде 2 топарда қәнигелик пәнлерин инглис тилинде оқытыўды басқышпа-басқыш шөлкемлестириўди, өз гезегинде, инглис тилинде сабақ өтетуғын профессор-оқытыўшыларды мақсетли таярлаў процесине басқаша көз-қараста болыўды талап етеди. Усы мақсетте профессор-оқытыўшылардың шет елде тийисли таярлықтан өтиўин шөлкемлестириў, шынығыўларды алып барыўға шет елли қәнигелерди тартыў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратылған.
Перспективалы илимий-педагогикалық кадрларды, биринши гезекте, инженерлик-техника ҳәм архитектуралық билимлендириў бағдарлары бойынша кадрларды таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң педагогларын раўажланған мәмлекетлерде қәўендерлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грант қаржылары есабынан және Өзбекистан Республикасы Президентиниң шет елде стипендиатлардың маманлығын арттырыў, стажировка өтеў ҳәм билим алыўын шөлкемлестириў «Истеъдод» қоры арқалы қәнигелигин арттырыўын шөлкемлестириў ўазыйпасы қарарда атап өтилген.
Быйылғы оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелери студентлериниң тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша белгили бир шөлкемлер менен кәрханаларда маманлық әмелиятлары системалы түрде өткерилиўин, сондай-ақ, олардың әмелий шынығыўларын тиккелей ислеп шығарыўда шөлкемлестириўшилер менен питкериўшилерди жумысқа орналастырыў бойынша анық илажлар көриў белгилеп қойылған.
Тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында өнидирис, илим ҳәм билимлендириў арасында интеграцияны тереңлестириўге бағдарланған реформалар атап өтилген. Усы реформалар жоқары билимлендириў системасындағы илимий потенциалды арттырыўға бағдарланған болып, жас илимпазлар менен изертлеўшилерди системалы түрде таярлаў мәселелери менен тығыз байланыслы.
Комплекс басшысы, тийисли министрлик ҳәм ведомство басшысы бириктирилген ҳәр бир жоқары билимлендириў мәкемесиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери менен тармаққа (салаға) байланыслы жаңалықлар, перспективаларды белгилеп алыў, билимлендириўдиң мазмунын жетилистириў сыяқлы мәселелердиң додаланыўын кеминде бир айда бир мәрте өткериўи билимлендириў системасын түп-тийкарынан жетилистириўдиң әҳмийетли факорларынан болып табылады.
Социаллық салада жас илимпазлар, излениўшилер, ҳәм доктарантлар ушын кең имканиятлар жаратыў да қарарда өз сәўлелениўин тапқан болып, онда әмелиятқа енгизилген жумыс авторларын, ойлап табыўшыларды материаллық хошаметлеў нәзерде тутылған.
Жоқары билимлендириў мәкемелери питкериўшилериниң мийнет базарында талап жоқары болған ҳәм профессор-оқытыўшылардың илимий-изертлеў жумыслары нәтийжелериниң әмелиятқа енгизилиў нәтийжелилигине итибар қаратылған болып, бунда миллий рейтинг системасында жоқары көрсеткишлерге ийе болған жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыў процесиниң айрықша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин бийғәрез ислеп шығыўда ҳәм тастыйықлаўда академиялық еркинлик берилетуғыны нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, қарарда Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине еки ай мүддетте докторантлардың илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўына материаллық шараятлар жаратыў мақсетинде олардың айлық стипендиясының 50 процентке шекемги муғдарда материаллық хошаметлениўи өндирислик кәрханалары менен шөлкемлердиң есабынан әмелге асырылатуғыны, докторантура питкериўшилериниң жоқары билимлендириў мәкемелери менен илимий-изертлеў институтларына жумысқа орналасыўын, мийнет жумысын хошаметлеў ушын базалық докторантураның 2-курсынан жеңилликли ипотека кредитин 25 жыл мүддетке ажыратыў механизми енгизилетуғынын нәзерде тутқан Ҳүкиметлик қарарды қабыл етиў ўазыйпасы тапсырылған.
Қарарда және бир машқала – магистратурада кадрларды таярлаў системасын жетилистириў, оларды заманагөй көз-қараслар тийкарында шөлкемлестириў мәселесине анық итибар қаратылған.
2018/2019-оқыў жылынан баслап педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде магистратура басқышында билимлендириў мәкемелериниң басқарыў қәнигелиги бойынша кадрларды таярлаўды жолға қойыў; педагогика бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелерине студентликке қабыллаўда абитурентлердиң кириў тест сынақлары менен бир қатарда олардың кәсиплик қызығыўшылығын анықлаў бойынша дөретиўшилик сәўбет өткериў, педагогика билимлендириў бағдарларына мәмлекетлик грантлар тийкарындағы қабыллаў квоталарының үлесин арттырыў арқалы мақсетли қабыллаўды шөлкемлестириў бойынша Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте усынысларды ислеп шығып Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы белгиленген.
Қарарда заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын, жоқары билимлендириў мәкемелеринен алыста жайласқан, питкериўшилердиң жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў көрсеткишлери төмен болған академиялық лицейлерди сапластырыў, оларды тек ғана жоқары илимий ҳәм педагогикалық потенциалға ийе жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында биреўден қалдырыў мәселеси атап өтилген.
Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минитсрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Орайлық банк, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясына биргеликте үш ай мүддетте билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған педагог кадрлардың социаллық абыройын арттырыў, жәмийетте педагогикалық жумыстың абыройын арттырыў, педагогларды жасларға үлги ҳәм өрнек дәрежесине көтериў, сондай-ақ, ҳәр қыйлы таңлаўлар менен конкурсларда жеңимпаз болған, оқыўшы-студентлери республикалық ҳәм халықаралық олимпиадаларда, таңлаўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизген педагогларға турақ жай, Өзбекистанда ислеп шығарылған жаңа автомобиль, турмыслық-хожалық буйымларын сатып алыўы ушын жеңиллетилген ипотека ҳәм тутыныў кредитлерин ажыратыў тәртибин енгизиў бойынша усынысларды таярлаў ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы тапсырылған.
Бүгинги күнде жаслардың тәрбиясы оғада әҳмийетли мәселе екенин инабатқа алған ҳалда қарарда студент-жаслардың идеологиялық иммунитетин беккемлеў, тәлим менен тәрбияның үнлеслигин әмелде тәмийинлеў бағдарындағы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылған. Жасларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигине Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте ижарада туратуғын студентлерди дизимге алыў тәртибиниң әпиўайыластырылған түрин ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленген.
Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Ҳаял-қызлар комитети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Миллий идея ҳәм идеология илимий-әмелий орайы, Республикалық Руўхый үгит-нәсият орайы бир ай мүддет ишинде елимизде жәмийетлик саламат орталықты қәлиплестириў, жаслар тәрбиясының тәсиршең механизмлерин енгизиў, шахстың руўхый камалға жетиўиниң психологиялық қоллап-қуўатланыўын тәмийинлеў, сала қәнигелериниң психололгиялық билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, олардың илимий-әмелий тийкарларын жаратыў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик педагогика университетиниң қурамында Психология оқыў-илимий орайын шөлкемлестириў бойынша өз усынысларын Министрлер Кабинетине киргизиўи белгиленген.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў сапасын артырыўда экономика салалары менен тармақларының қатнасын буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары республикамыздағы билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў, экономика салалары менен тармақларының жоқары маманлықтағы кадрларға болған талапларын тәмийинлеў, илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў, илим ҳәм өндирис арасында интеграцияны тәмийинлеў, жасларды илимий жумысқа кеңнен тартыў ушын бағдарланған және бир әҳмийетли әмелий ис-ҳәрекетлерден болып табылады.