Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

 

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық жергиликли экспорт етиўши кәрханаларды ҳәм фермер хожалықларының жумысын, олардың сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўын ҳәм экспорт етиўин экономикалық хошаметлеў, сондай-ақ, валюта базарын буннан былай да либералластырыў мақсетинде:

  1. 2017-жылдың 1-августинен сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық экспорт етиўши хожалық субъектлерине өнимлер (жумыслар, хызметлер) экспорт етиўден валюта түсимлериниң 25 процентин мәжбүрий сатыў бойынша талап бийкар етиледи.
  2. Өзбекистан Республикасы Орайлық банки:

2017-жылдың 1-августине шекем болған мүддетте республикамыздың ўәкилликли коммерциялық банклери ҳәм экспорт етиўши хожалық жүргизиўши субъектлер, соның ишинде, фермер хожалықлары арасында усы қарар менен орнатылған тәртипти әмелге асырыў механизми бойынша кең түсиндириў жумысларын алып барсын;

Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Орайлық банктиң баслығы М.Б.Нурмуратовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

       Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 28-июль