Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Ғәрезсизлик жылларында елимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекетти, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў, еркин базар қатнасықларына ҳәм жеке меншик мүлк үстинлигине тийкарланған базар экономикасын раўажландырыў, халықтың тыныш ҳәм абадан турмысы ушын шараятлар жаратыў, Өзбекстанның халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлар жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумыстың барлық тараўларын реформалаў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратты.

Өзбекстан Республикасының Конституциясында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизликке ерискеннен соң қосылған дәслепки халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерден бири болған Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясында нәзерде тутылған тийкарғы принциплер өзиниң мәнисин тапқан.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы инсан ҳуқықлары бойынша 70 тийкарғы ҳүжжетке қосылды, БМШ тәрепинен бул тараўда қабыл етилген 10 тийкарғы халықаралық шәртнаманың қатнасыўшысына айланды.

Өзбекстан Республикасында миллий нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына халықаралық стандартларды системалы ҳәм басқышпа-басқыш имплементациялаўдың өз модели, инсанның конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиў мониторинги миллий системасы қәлиплестирилди.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў шеңберинде елимиздиң халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти сыпатындағы орнын ҳәм ролин еле де беккемлеў, раўажланған демократиялық мәмлекетлер қатарынан орын алыў, Өзбекстан әтирапында қәўипсизлик,   турақлылық ҳәм жақын қоңсышылық орталығын жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекеттиң, жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясының принциплерине ҳәм қәдриятларына итибарды күшейтиў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм басқа да илажлар системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, нызамшылыққа ҳәм мәмлекетлик уйымлардың әмелий жумысына инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўында халықаралық стандартларды имплементациялаў механизмлерин ҳәм тәртиби нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:

  1. Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған Илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған Илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 2-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.

Комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға жуўапкер болған  атқарыўшылардың жумысын муўапықластырыў;

Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың орынланыўын шөлкемлестириўге ҳәм олардың өз ўақтында орынланыў мониторингин әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме көмеклесиў;

Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған халықаралық илажларда Өзбекстан ўәкиллериниң белсене қатнасыўы бойынша халықаралық шөлкемлер, бәринен бурын, БМШ мәкемелери менен тығыз бирге ислесиўин тәмийинлеў;

Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған илажларды, елимизде мақсети менен шәртлери инсан, оның ҳуқықлары менен ерикнликлерин тәмийинлеў болған демократиялық социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий реформаларды тереңлестириў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестириў.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги Өзбекстан жаслар аўқамы менен биргеликте 2018-жыл 10-декабрьде елимиздеги барлық мектеп, лицей, колледж, жоқары билимлендириў мәкемелеринде Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланған улыўма миллий сабақ өткерсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлиги, Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасының тийисли министрликлериниң ҳәм ведомстволарының мәсләҳәти көмегинде Бағдарламаның әмелге асырылыўын кеңнен сәўлелендириў бойынша тематикалық еситтириўлер, көрсетиўлер ҳәм материаллар жәрияланыўын шөлкемлестириў усыныс етилсин.

Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-май