Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Соңғы ўақытлары жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында демократиялық өзгерислерди әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң және пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының ролин ҳәм әҳмийетин, социаллық белсендилигин арттырыў бойынша сезилерли илажлар көрилди.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған 200 ден аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр институционаллық база жаратылды.

Бүгинги күнде жумыс алып барып атырған 9 200 ден аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин, демократиялық қәдириятларды қорғаўда, социаллық, мәдений ҳәм ағартыўшылық мақсетлерге ерисиўде әҳмийетли роль атқармақта.

Соның менен бирге, бул тараўдағы жумыслардың жағдайы әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда, пуқаралардың сиясий мәдениятын ҳәм ҳуқықый санасын жетилистириўде, олардың руўхый ҳәм басқа да материаллық емес зәрүрликлерин қанаатландырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсенди қатнасыўына тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлер бар екенинен дәрек бермекте. Атап айтқанда:

бириншиден, мәмлекеттиң пуқаралық жәмийети менен нәтийжели ҳәм конструктивлик сөйлесиў механизмлери жолға қойылмаған, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң зәрүрликлери системалы талқыланбай атыр, мәмлекетти ҳәм жәмийетти буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша өз-ара пикир алысыў ушын нәтийжели майданлар жаратылмаған;

екиншиден, социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламаларын, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди тартыў дәрежесиниң төменлиги барлық социаллық топарлардың ҳәр қыйлы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен сәўлеленетуғын мәплерин терең үйрениўге және есапқа алыўға имканият бермей атыр;

үшиншиден, жеткиликли нызамшылық базасы жаратылғанына қарамастан, социаллық шериклик мәмлекетлик уйымлар ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер арасында пуқаралардың кең көлемли социаллық машқалаларын шешиўге, олардың, әсиресе, жаслардың басламаларын ҳәм заманагөй идеяларын шын мәнисинде алға қойыўға қаратылған бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айлана алмады;

төртиншиден, елимизди социаллық-экономикалық, жәмийетлик-сиясий жақтан буннан былай да раўажландырыў бойынша инновациялық идеяларды усынатуғын белсенди, өзиниң басламаларына сүйенип жумыс алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажлары зәрүр дәрежеде әмелге асырылмай атыр;

бесиншиден, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди дизимнен өткериў процесслерин, олардың жумыс тәртибин белгилейтуғын нызамшылық нормаларында артықша бюрократлық талаплар ҳәм тосқынлықлар нәзерде тутылған болып, бул нормалар гөнерген ҳәм заман талапларына жуўап бермейди;

алтыншыдан, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен қолланылып атырған ведомстволараралық бирге ислесиў усыллары нәтийжесиз болып табылады, мәмлекетлик уйымлар арасында мағлыўматлар ҳәм мәлимлеме алмасыўдың бирден-бир механизмлери жоқ;

жетиншиден, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң материаллық-техникалық тәмийнаты елеге шекем қанаатландырарсыз жағдайда қалмақта, пуқаралық жәмийети институтын қоллап-қуўатлаўға мәмлекет тәрепинен ажыратылып атырған қаржылар орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли кең көлемли және улыўма республикалық көлемдеги жойбарларды ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўға имкан бермей атыр.

Елимиздиң ҳәр тәреплеме ҳәм жедел раўажланыўында пуқаралық жәмийети институтларының ролин ҳәм әҳмийетин түп-тийкарынан арттырыў, олардың мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўин күшейтиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарламасы бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси (кейинги орынларда Мәсләҳәт деп жүргизиледи) қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин.
  2. Төмендегилер Мәсләҳәт кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекеттиң ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының елимизди буннан былай да жедел ҳәм ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестиретуғын заманагөй, демократиялық және ашық-айдынлық майдан сыпатында олардың жоқары дәрежедеги системалы ҳәм нәтийжели сөйлесиўин жолға қойыў;

орта мүддетли ҳәм узақ мүддетли келешекте пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың стратегиялық бағдарын анықлаў ҳәм миллий моделин қәлиплестириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

пуқаралық жәмийетин ҳәм кең жәмийетшиликти тәшўишке салып атырған әҳмийетли мәселелерди додалаў, сондай-ақ, бул сектордың жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциясы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентин турақлы түрде хабардар етиў;

мәмлекетлик уйымлардың пуқаралық жәмийети институтлары менен нәтийжели бирге ислесиўиниң заманагөй механизмлерин, олардың жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажларын енгизиў бойынша усыныслар таярлаў;

илимий ҳәм экспертлер топарларының қатнасыўында пуқаралық жәмийетин раўажландырыў тараўында фундаментал ҳәм әмелий изертлеўлерди шөлкемлестириў бойынша инта көрсетиў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бағдарындағы мәмлекетлик сиясат ҳәм оның әмелий нәтийжелери ҳаққындағы жәмийетлик пикирди системалы түрде үйрениў, улыўмаластырыў ҳәм талқылаўды шөлкемлестириў;

пуқаралық жәмийети институтлары жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм экономикалық тийкарларын жетилистириў, социаллық шериклик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, бул институтлардың жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине усыныслар киргизиў;

пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўын, пуқаралық жәмийети институтларының мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиў дәрежесин, сондай-ақ, олардың елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға қосып атырған үлесин баҳалайтуғын көрсеткишлерди ислеп шығыў, бул көрсеткишлер тийкарында күнделикли ҳәм арнаўлы, соның ишинде, альтернатив баянатлар таярланыўын шөлкемлестириў;

пуқаралық жәмийети институтларына олардың халықаралық бирге ислесиўин раўажландырыўда, алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениўге ҳәм бул тәжирийбени Өзбекстан шараятында енгизиўге көмеклесиў.

  1. Мәсләҳәт кеңесиниң жумысы тиккелей Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

Мәсәләҳәт кеңесиниң жумысын шөлкемлестириўшилик жақтан тәмийинлеў Пуқаралық жәмийети қәлиплесиўин мониторинг етиў бийғәрез институты тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2018-жыл 1-июньнен баслап:

дизимнен өткериўши уйым менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң илажларын келисиў тәртиби режелестирилип атырған илажлар ҳаққында хабардар етиў тәртиби менен алмастырылатуғыны;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң есап бетлерине шет еллерден, халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлерден, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан ямаса олардың тапсырмасына бола, басқа да шахслардан олардың уставларында (режелеринде) нәзерде тутылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын келип түскен ашқа қаржыларынан ҳәм мүлктен, оларды алыў дизимнен өткериўши уйым менен белгиленген тәртипте келисилгеннен соң, бирде-бир тосқынлықларсыз пайдаланылатуғыны;

Өзбекстан Республикасындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын ажыратылған грант қаржылары усы шөлкемлердиң елимиздеги қәлеген банк мәкемелеринде ашылған арнаўлы есап бетлерине келип түсетуғыны;

мийнетке ҳақы төлеў қорын исбилерменлик жумысы менен байланыслы болмаған келип түскен қаржылардың есабынан қәлиплестириўши мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ушын бирден-бир социаллық төлем ставкасы 15 проценттен көп болмаған муғдарда белгиленетуғыны;

жәмийетлик қор ҳәкимшилик қәрежетлериниң, сондай-ақ, қәўендерлик кеңеси ҳәм қадағалаў комиссиясы ағзаларына берилетуғын хошаметлеў пулы төлемлериниң ҳәм олардың өз ўазыйпаларын орынлаўға байланыслы қәрежетлер компенсациясының жыллық жәми суммасы қорының барлық қәрежетлери суммасының 30 проценттен аспаўы кереклиги;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң пенсионер хызметкерине пенсия олардың сол шөлкемлердеги жумысы бирден-бир жумыс орны болған жағдайда, толық төленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:

а) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январға шекемги болған мүддетте төмендегилерге байланыслы ҳүжжетлерди электрон тәризде усыныў имканиятын тәмийинлейтуғын электрон системаны ислеп шықсын ҳәм енгизсин:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм олардың нышанларын мәмлекетлик дизимнен өткериўге, қайта дизимнен өткериўге;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң өткерилиўи режелестирилип атырған илажлары ҳаққында хабардар етиўге;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң өзиниң жумысы ҳаққындағы жыллық есапларына;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен шет еллерден, халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлерден, шет мәмлекетлердиң пуқараларынан ямаса олардың тапсырмасына бола басқа шахслардан пул қарызларын ҳәм мүлк алыўды келисиўге;

б) еки ай мүддетте:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын мониторинг етиў ҳәм үйрениў түрлери, мүддетлери, дәўирлилиги ҳәм басқа да тәртип-қағыйдаларды нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети менен биргеликте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен дизимнен өткериўши, салық ҳәм статистика уйымларына усынылатуғын есап бериў түрлерин және оны усыныў тәртибин жеңиллетиў бойынша илажлар көрсин.

  1. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине байланыслы болған барлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы менен келисилетуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери еки ай мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери жанында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорларын шөлкемлестирсин және олар өз жумысын әмелге асырыўын даўам еттириўи ушын 2019-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен, жергиликли бюджетлерден зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери тийисли түрде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери жанында шөлкемлестирилетуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорларының шөлкемлестириўшилери болып табылатуғыны белгилеп қойылсын.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте:

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы орайларында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң аймақлық зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда, босаған ҳәм нәтийжели пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлери тийкарында «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери үйлери»н шөлкемлестирсин;

Бул имаратларға жаңадан шөлкемлестирилген, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе болған тараўларда өзиниң жумысын әмелге асырып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасын қолланған ҳалда орналастырыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Жоқарғы суд, Бас прокуратура менен биргеликте бир ай мүддетте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыс алып барыўы тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын ҳәкимшилик өндириўшилерди қайта көрип шығыў ҳәм сезилерли дәрежеде қысқартыў бойынша усыныслар киргизсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық (қалалық) Кеңеслерине:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары мәселелери бойынша турақлы жумыс алып баратуғын комиссияларды шөлкемлестириў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын раўажландырыўға, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды тәмийинлеўге байланыслы мәселелер бойынша жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларының тыңлаўларын шөлкемлестириўди әмелиятқа киргизиў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:

нызам ҳүжжетлерин бузып ҳәм қадаған етилген жумыс пенен шуғылланып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди анықлаў бойынша әдиллик уйымларының басқа да мәмлекетлик басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етсин;

гуманитарлық жәрдем алыў ҳаққында қарарлар қабыл етиў тәртип-қағыйдасын жеңиллетиў ҳәм мүддетлерин қысқартыў илажларын көре отырып, сондай-ақ, бул тараўда бирден-бир ўәкилликли уйымды белгилеген ҳалда, Гуманитарлық жәрдем жүклерин қабыл етиў, есапқа алыў, анық бағдарланған тәризде бөлистириў ҳәм олардан мақсетли пайдаланылыўды қадағалаў және гуманитарлық жойбарлар үстинен мониторинг өткериў тәртиби ҳаққындағы режени қайта көрип шықсын ҳәм оның жаңа редакциясын тастыйықласын;

Өзбекстан Республикасында волонтерлар (инталылар) ҳәрекетин раўажландырыў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шықсын ҳәм киргизсин.

  1. Мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар әмелдеги штатлар саны шеңберинде басшы орынбасарларынан бирин мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен бирге ислесиў бойынша жуўапкер етип белгилесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясы ҳәм Пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўди мониторинг етиў бийғәрез институтының елимизде мәмлекетлик емес коммерциялық емес секторын раўажландырыўға мүнәсип үлес қосқан жәмийетлик структуралардың ўәкиллерине және инта көрсетиўши пуқараларға пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға үлкен тәсир еткен жумыслары менен жетискенликлери ушын тапсырылатуғын «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгисин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаў бойынша ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қорының қаржыларын басқарыў бойынша Парламентлик комиссияға Таңлаў өткериў ҳәм табыслы социаллық әҳмийетке ийе жумысты әмелге асырғаны ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге ҳәр жылы хошаметлеў сыйлығын бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў усыныс етилсин.
  5. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң әмелий жумысы халықтың арасында турақлы түрде ҳәм кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин.
  6. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Министрликлер ҳәм ведомстволар бир ай мүддетте өзи қабыл еткен ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйлери Р.Р.Иноятовқа ҳәм Р.Т.Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 4-май