Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Аўыл хожалығы ҳәм басқа да егинлердиң туқымларын жетилистириў, таярлаў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм сатыў, сондай-ақ, сорт ҳәм туқымшылықты қадағалаў азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып табылады.

Соның менен бирге, бирлемши туқымшылық ҳәм жаңа перспективалы сортларды сынаў менен шуғылланатуғын элита-туқымшылық хожалықлары, илимий-изертлеў мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириў мәселелери шешилмей қалмақта.

Ҳәр қыйлы сортлардағы туқымлар ҳәм репродукцияларды бөлек жыйнаў, сондай-ақ, оларды сақлаў ҳәм қайта ислеў шәртлерине әмел етилиўи үстинен зәрүр дәрежеде қадағалаўдың жоқ екени егин материалының сапасының төменлеўине ҳәм зүрәәтликтиң түсиўине алып келмекте.

Бундай жағдайларда маркетинг ҳәм ҳуқықый тәртипке салыўдың нәтийжесиз системасы аўыл хожалығы егинлери туқымларының экспортын жеткиликли дәрежеде әмелге асырыў имканиятын бермей атыр, селекция ҳәм бирлемши туқымшылықтың зәрүр дәрежеде болмағаны болса, оларды импорт етиў көлеминиң артыўына алып келмекте.

Туқымшылық тараўын түп-тийкарынан жетилистириў, сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў, оларды халықаралық базарларға буннан былай да алға илгерилетиў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2018-жыл 1-сентябрьден:

бир ўәлаятта оннан көп, бир районда бесеўден көп масақлы дән егинлериниң районластырылған сортларын, сондай-ақ, бир ўәлаятта бесеўден көп, бир районда екеўден көп ғаўашаның районластырылған сортларын жайластырыўға жол қойылмайды (сынақ өткериў ушын жайластырылатуғын жаңа сортлар буған кирмейди);

масақлы дән егинлери ҳәм ғаўаша сортларын сынақтан өткериў мүддети еки жылдан, басқа аўыл хожалығы егинлерин сынақтан өткериў мүддети бир жылдан аспаўы керек;

аўыл хожалығы егинлери туқымларының сортларын (масақлы дән егинлери, ғаўаша ҳәм картошка туқымлары буған кирмейди) мәжбүрий дизимнен өткериў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында егиў ушын усыныс етилген Аўыл хожалығы егинлериниң мәмлекетлик реестрине киргизиў ҳаққындағы талап бийкар етиледи;

масақлы дән егинлери ҳәм ғаўашаның туқымларын экспорт етиў Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўмағына бола Инновациялық раўажланыў министрлигиниң қарары әмелге асырылады, басқа аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын экспорт етиў ушын арнаўлы руқсатнама талап етилмейди;

аўыл хожалығы егинлери туқымларын импорт еткенде (масақлы дән егинлери, ғаўаша ҳәм картошка туқымлары буған кирмейди), егер сынақтан өткериўде қолланылған талаплар Өзбекстан Республикасында әмелде болған усыған уқсас талаплардан төмен болмаса, аккредитация бойынша халықаралық аккредитация шөлкемлери аккредитация еткен шет елли лабораториялар тәрепинен өткерилген аўыл хожалығы егинлерин сынақтан өткериў нәтийжелери тән алынады.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-апрельдеги «Аўыл ҳәм суў хожалығы мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5418-санлы Пәрманына муўапық Ғаўаша туқымшылығы республикалық орайы ҳәм Масақлы дән егинлери туқымшылығы республикалық орайы тийкарында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында Туқымшылықты раўажландырыў орайы (кейинги орынларда Орай деп жүргизиледи) шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер Орай жумысының тийкарғы ўазыйпалары ҳәм бағдарлары етип белгиленсин:

аўыл хожалығы егинлери, соның ишинде, ғаўаша ҳәм масақлы дән егинлериниң туқымларын таярлаў, пайдаланыў ҳәм экспорт етиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириў;

жергиликли ҳәм шет елли селекция сортлары, соның ишинде биотехнологиялық сортлардың бирлемши туқымшылығын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыў;

тармақлық кәрханалар тәрепинен аўыл хожалығы егинлериниң егилетуғын туқымларын таярлаў, қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша нормативлик талапларды халықаралық стандартлар ҳәм техникалық регламентлерге муўапық ислеп шығыў;

туқымшылық тараўында илимий ҳәм тәжирийбе-экспериментал изертлеўлерди алып барыўға, тармақлық кәрханалардың илимий потенциалын ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеўге көмеклесиў;

туқымшылық бойынша халықаралық ҳәм миллий уйымлар менен өз-ара белсенди бирге ислесиў, туқымларды егиўден бурын қатар арасын ислеў ҳәм қайта ислеўге байланыслы инновациялық технологияларды, бул тараўдағы ноу-хауларды енгизиў.

  1. Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министриниң биринши орынбасары ўазыйпасын атқарыўшы Б.Н.Умаровтың елимизде заманагөй туқымшылық системасын қәлиплестириў, Орай, сондай-ақ, бирлемши туқымшылық, жаңа ҳәм перспективалы сортларды сынаў менен шуғылланатуғын элита-туқымшылық хожалықлары, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм басқа да кәрханалардың жумысын шөлкемлестириўге жеке жуўапкер екени белгиленсин.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Туқымшылықты раўажландырыў орайының структурасы 1-қосымшаға муўапық;

Орайдың аймақлық басқармаларының үлги структурасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министрине, зәрүр болғанда, Орай ҳәм оның аймақлық басқармалары шөлкемлестириў-штат структураларына хызметкерлердиң белгиленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, элита-туқымшылық хожалықларының муғдары ҳәм хызметкерлер санын оптималластырыў есабынан районлық филиалларды шөлкемлестириў ҳуқықы берилсин.
  2. Орай мәмлекетлик унитар кәрханасы тәризиндеги юридикалық шахс болып табылатуғыны;

аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын экспорт етиў туқымшылық хожалықлары ҳәм кәрханалары менен дүзилген дәлдалшылық шәртнамалары тийкарында Орай тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

дәлдалшылық шәртнамалары бойынша аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын экспорт етиўде дәлдалшылық ҳақы бир проценттен артпаўы лазым екени;

Орай директоры ҳәм оның орынбасарлары Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Орайдың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

көрсетилип атырған хызметлерден, туқымшылық материалын сатыўдан, соның ишинде оны экспорт етиўден алынған дәраматлар;

белгиленген тәртипте төленетуғын сортлы туқымлар ушын үстеме ҳақылардан алынатуғын өткермелер;

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги тәрепинен өткерилетуғын грант таңлаўлары нәтийжелерине бола ажыратылатуғын қаржылар;

Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте:

Орайдың Уставын тастыйықласын ҳәм оның белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимге алыныўын тәмийинлесин;

Орайды оның жумысын жоқары ҳәм кәсиплик дәрежеде нәтийжели шөлкемлестириўди тәмийинлей алатуғын маман хызметкерлер менен толықтырсын;

Орайды орналастырыў, оны байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкиметлик байланыс, компьютер техникасы ҳәм өзине жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў ушын зәрүр басқа да материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигине ҳәм Орайға мәмлекетлик буйыртпа шеңберинде 2018-2019-жыллардың зүрәәти ушын аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын таярлаў ҳәм орналастырыў бойынша ўазыйпа ҳәм жуўапкершилик жүкленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги Илимлер академиясы, Интеллектуал мүлк агентлиги, Бас прокуратура жанындағы Агросанаат комлекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар режесиниң Министрлер Кабинетине киргизилиўи тәмийинлесин:

бренд ҳәм коммерцияға бағдарланған, сондай-ақ, қоспа ҳәм лицензияланған сортлардың туқымлық материалын жетистириў, қайта ислеў ҳәм таярлаў менен шуғылланатуғын туқымшылық компанияларын, соның ишинде, шет ел капиталы қатнасында ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында компанияларды шөлкемлестириў;

туқым таярлайтуғын ҳәм жетистиретуғын кәрханаларда ишки сапаны қадағалаў системасы ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, сондай-ақ, халықаралық талапларға муўапық аккредитация етилген заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў;

қолда бар жергиликли ҳәм шет елли селекция сортлары коллекциясы тийкарында жоқары зүрәәтлиликке, жоқары сапаға ийе ҳәм кеселликлерге шыдамлы тийкарғы аўыл хожалығы егинлериниң шағылыстырыў нәтийжесинде алынған таза туқымларды  жетистириў системасын шөлкемлестириў;

аўыл хожалығы егинлериниң туқымларын лицензиялаў механизмлерин, оригинаторлар тәрепинен кәрханалардан ҳәм кластерлерден лицензия бойынша алынатуғын роялти схемаларын ҳәм муғдарларын енгизиў;

елимизде бар болған аўыл хожалығы егинлери сортларының толық инвентаризациясын, олардың молекуляр-генетикалық паспортизациясын (ДНК бар-кодинг) өткериў, сондай-ақ, оларды елимиздиң селекция жетискенликлерин қорғаў имканиятын беретуғын Өсимликлердиң жаңа сортларын қорғаў халықаралық аўқамында (7P9V) дизимнен өткерилиўин әмелге асырыў;

туқымшылық хожалықлары ҳәм туқымлық материалды қайта ислеў цехларын орнатылған нормалар, талаплар, регламентлер ҳәм техникалық есапларға муўапықлығы бойынша инвентаризациялаў;

ғаўашаның селекция сортларының патентлерин ҳәм авторлық гүўалықларын (оригинаторлық ҳуқықларын) баҳалаў ҳәм оларды ҳәр үш жылда қайта тастыйықлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте туқымшылық мәселелери менен шуғылланатуғын халықаралық шөлкемлер менен байланысларды орнатыў, сондай-ақ, Өзбекстанның бул шөлкемлерге қосылыў мүмкинлиги мәселелерин үйренип шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары С.Р.Холмурадовқа ҳәм З.Т.Мирзаевқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-апрель