Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Елимизде исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жерлерден ақылға уғрас пайдалыныў, өндирислик ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған объектлерди оптимал дәрежеде орналастырыў бойынша илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, жер участкаларын бериў тәртип-қағыйдалары реал емес ҳәм бюрократластырылған болып қалмақта, бул болса исбилерменликти раўажландырыў ҳәм аймақлардың заманагөй архитектуралық келбетин жаратыўда жерлерден нәтийжели пайдаланыўға тосқынлық етпекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң виртуал қабыллаўханасына келип түсип атырған жер участкаларын бериўдеги ҳуқықбузарлықлар ямаса оларды тийкарсыз алып қойыўға байланыслы көплеген мүрәжатлар жер участкаларын бериўдиң таңлаў тәртиби зәрүр дәрежеде жолға қойылмағанын көрсетпекте.
Ўәкилликли уйымлардың жумысында жер участкаларын бериў бойынша материалларды көрип шығыў ҳәм келисиўде мәлимлеме-коммуникация технологияларының имканиятларынан толық көлемде пайдаланыў тәмийинленбей атыр, бул болса руқсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мүддетлериниң созылыўына ҳәм бюрократлық тосқынлықларға себеп болмақта.
Көпшилик елатлы пунктлердиң тастыйықланған бас жобалары ҳәм басқа да қала қурылысы ҳүжжетлери жоқ екени, гөнерген ҳәм заманагөй талапларға жуўап бермейтуғын қала қурылысы нормалары менен қағыйдалары комплексли қурыў талапларына әмел етилмеўине ҳәм елатлы пунктлердиң архитектуралық келбети төменлеўине алып келмекте.
Исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериў механизмлерин түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлери менен өз-ара қатнасықлардағы бюрократлық тәртип-қағыйдаларды ҳәм тосқынлықларды қысқартыў мақсетинде:
- 1. 2018-жыл 1-июльден баслап сондай тәртип белгиленсин, оған бола:
юридикалық ҳәм физикалық шахсларға исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын турақлы пайдаланыўға бериў «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон аукцион арқалы әмелге асырылады;
жер учаскаларын бериў бойынша материалларды жыйнаў, көрип шығыў ҳәм ўәкилликли уйымлар және шөлкемлер менен келисиў тек ғана заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда электрон тәризде әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлери нормаларын ҳәм әмелиятта оларды қолланыўда жүзеге келген машқалаларды сын көзқарастан талқылаў тийкарында юридикалық ҳәм физикалық шахсларға исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер участкаларын турақлы пайдаланыўға бериў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди бир түрге енгизиў бойынша қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қурылыс министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын турақлы пайдаланыўға берилетуғын жер участкаларын ажыратыў бойынша материалларды топлаў ҳәм ўәкилликли шөлкемлер менен келисиў тәртип-қағыйдаларын орынлаў бойынша автоматластырылған мәлимлеме системасын ислеп шығыўды ҳәм енгизиўди, сондай-ақ, оның «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында электрон аукцион өткериў арқалы берилиўин шөлкемлестириўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
елатлы пунктлердиң бас режелери жойбарларына, аўыллық пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектура-режелестириўди шөлкемлестириў жойбарларына болған талапларды жойбарлардың қурамын, оларды келисиў тәртибин ҳәм мүддетлерин жеңиллеткен, сондай-ақ, елатлы пунктлерди раўажландырыў ҳәм қурыўды режелестириў бойынша қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў баҳаларын төменлеткен ҳалда түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды;
елатлы пунктлердиң бөлимлерин толық режелестириў жойбарларын ислеп шығыў бойынша жумысларды қаржыландырыўда исбилерменлик субъектлери – мәмлекетлик – жеке меншик шериклик қатнасыўшыларына толық режелестириў жойбарларында көрсетилген шегаралар шеңберинде жер участкаларын алыўға үстимлик ҳуқықын берген ҳалда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиўди;
елатлы пунктлердиң бас режелеринен, аўыллық пуқаралар жыйынлары аймақларын архитектуралық-режелестириўди шөлкемлестириў жойбарларынан олардың ашық-айдын графикалық бөлегин Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң веб-сайтларында жәриялаў арқалы ҳәммениң пайдаланыў имканиятын тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Төмендегилер:
есап-санақ (смета) нырқы 2 миллиард сум ҳәм оннан жоқары болған объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўдың мәнзилли дизимин Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети дәрежесинде тастыйықлаў;
қурылыс (реконструкция, капитал оңлаў) нырқы бурын жәрияланған баҳасынан асқан социаллық ҳәм пуқаралық әҳмийетке ийе объектлер бойынша жуўмақлар бериў тәртиби бийкар етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 27-декабрьдеги «Социаллық ҳәм пуқаралық объектлерди жойбарлаўда ҳәм қурыўда тийисли тәртип орнатыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-1666-санлы қарары өз күшин жойытқан, деп есаплансын.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Қурылыс министрлиги мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 20-апрель