Өзбекстан республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм әдалатлы пуқаралық жәмийетин қурыў процесинде, биринши гезекте, бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты, соның ишинде, ҳуқық дөретиўшилиги жумысын сапалы шөлкемлестириў, избе-из ҳәм бирдей ҳуқықты қолланыў әмелиятын қәлиплестириў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыўдың бир пүтин системасын енгизиў жолы менен әмелге асырыўды гөзлейтуғын әдиллик уйымларына ҳәм мәкемелерине әҳмийетли роль ажыратылмақта.
Соңғы жыллары әмелге асырылған илажлар мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары системасында, әсиресе, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң жумысын ҳуқықый тәмийинлеў, олардың юридикалық хызметлерин муўапықластырыў, ҳуқықый мәлимлемени тарқатыў, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаў мәселелери бойынша әдиллик уйымлары менен мәкемелериниң ролин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў имканиятын берди.
Соның менен бирге, өткерилген талқылаў нәтийжелери соны көрсетпекте, әдиллик уйымлары менен мәкемелериниң жумысында ҳуқықый реформалардың жоқары нәтийжелилик дәрежесине ерисиўине тосқынлық ететуғын системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер бар. Атап айтқанда:
бириншиден, әдиллик уйымларының районлық (калалық) структураларының жоқлығы тиккелей орынлардағы ҳуқықый машқалалар, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлери олардың ҳақыйқый талаплары менен байланысқан ҳалда тәмийинлениў дәрежесиниң терең үйренилиўине, жәмийеттеги анық ҳуқықый жағдайдан келип шығып мәнзилли ҳуқықый үгит-нәсиятлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етпекте;
екиншиден, ҳуқықты қолланыў әмелиятын системалы талқылаў ҳәм оның избе-излигин және бирдейлигин тәмийинлеў бойынша тәсиршең илажларды ислеп шығыў, ҳуқықый нормалардың өз басымшалық пенен ҳәм надурыс талқыланыўына жол қоймаў бойынша орынларда мәмлекетлик уйымларға ҳәм басқа да шөлкемлерге ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў бойынша нәтийжели жумыслар жолға қойылмаған;
үшиншиден, әдиллик уйымларына жумыс бағдарларына муўапық болмаған ҳәм бир-бирин қайталайтуғын, әсиресе, шәртнамалық-ҳуқықый жумысларды қадағалаў бағдарындағы ўазыйпалардың жүкленгенлиги мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыў тараўында оларға жүкленген биринши дәрежедеги ўазыйпаларды орынлаў ушын бар күш ҳәм қураллардан ақылға уғрас пайдаланыў имканиятын бермей атыр;
төртиншиден, әмелге асырылып атырған реформалар, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен мәплерине тийисли болған қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин түсиндириў бойынша орынларда әдиллик уйымларының жумысы керекли дәрежеде шөлкемлестирилмеген, соның нәтийжесинде халықтың ҳуқықый саўатлылығы ҳәм ҳуқықый мәденияты, әсиресе, аўыллық жерлерде қанаатландырарсыз дәрежеде қалмақта;
бесиншиден, юриспруденция тараўында, бәринен бурын, халықаралық ҳәм шет ел шөлкемлеринде Өзбекстан Республикасының мәплерин мүнәсип билдиретуғын қәнигелердиң кескин жетиспеўшилиги сақланып қалмақта, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларында талап жоқары болған тар шеңбердеги және тараўлық қәнигеликлер бойынша юридикалық кадрларды таярлаў системасы жоқ;
алтыншыдан, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери хызметкерлерин социаллық ҳәм материаллық хошаметлеўдиң төмен дәрежеде екенлиги усы тараўға жоқары тәжирийбели қәнигелерди тартыў, турақлы кадрлар резервин қәлиплестириў имканиятын бермей атыр және хызметкерлердиң инталылығына ҳәм жуўапкершилигине унамсыз тәсир етпекте;
жетиншиден, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемлери жумысына жаңа мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў, оларды заманагөй қураллар ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў қанаатландырарсыз жағдайда қалмақта.
2017-2021-жылларда Өзбекстан республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық және мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары менен мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде:
- Әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери жумысының тийкарғы бағдарлары деп төмендегилер:
биринши, әдиллик уйымларын «Әдил нызамларды қабыл етиў, жәмийетте нызамға ҳүрмет руўхын енгизиў-демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўи» деген концептуаллық идеяны турмысқа енгизиўге қаратылған бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын профессионал хызметке айландырыў;
екинши, әдиллик уйымлары жумысына, тийкарғы түрде, сын көзқарастан талқылаў ҳәм ҳуқықый машқалаларды, бәринен бурын, тиккелей орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў жолы менен шешиўге тийкарланған, сапа жағынан жаңа механизмлерди енгизиў;
үшинши, мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң районлық (қалалық) структураларының нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў тараўындағы жумысына методикалық басшылық етиў ҳәм муўапықластырыў, сын көзқарастан талқылаў тийкарында избе-из ҳәм бирдей ҳуқықты қолланыў әмелиятын тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў;
төртинши, ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыўдың заманагөй және тәсиршең усылларын енгизиў, оларға қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин, әҳмийетин жеткериў, халықтың ҳуқықый саўатсызлығын сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў;
бесинши, мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң сапасын комплексли және сын көзқарастан талқылаўда әдиллик уйымларының ролин арттырыў, бул тараўларда нызамшылықты буннан былай да жетилистириў ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша усыныслар ислеп шығыў;
алтыншы, өз жумыслары бойынша жәмийетшиликте системалы түрде мағлыўматлар усыныў жолы арқалы әдиллик уйымларындағы лаўазымлы шахслардың есап бериў тәртибин енгизиў, олардың халықты тәшўишке салатуғын машқалаларға үстиртин қатнаста болыў жағдайларына шек қойыў, сондай-ақ, олардың жумысын баҳалаўдың анық өлшемлерин белгилеў;
жетинши, юридикалық кадрларды, әсиресе, талап етилип атырған тар шеңбердеги ҳәм тараўлық қәнигелер бойынша таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың сапа жағынан жаңа системасын шөлкемлестириў, юриспруденция тараўындағы қәнигелерди оқытыўдың инновациялық түрлерин ҳәм усылларын енгизиў, юридикалық кадрларды жетекши шет ел билимлендириў мәкемелерине системалы түрде жибериў;
сегизинши, халықаралық ҳәм шет елдеги шөлкемлерде Өзбекстан Республикасының мәплерин ҳуқықый қорғаўдың нәтийжели системасын, халықаралық жәмийетшиликти ҳәм шет ел инвесторларын елимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый реформалар ҳаққында хабардар етиў механизмлерин шөлкемлестириў;
тоғызыншы, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери жумысының материаллық-техникалық тәмийинлениўин буннан былай да жақсылаў, хызметкерлерди социаллық ҳәм материаллық хошаметлеўдиң жаңа механизмлерин, соның ишинде, оларды хызмет үйлери менен тәмийинлеўди енгизиў;
оныншы, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң барлық структураларының жумыс нәтийжелилигин арттырыўға бағдарланған заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў болып есапланады.
- Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги системасының Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын кәсип-өнер колледжлери юридикалық хызметлериниң штат бирликлери есабынан, «Республика-ўәлаят-район (қала)» үш текшели принциплери бойынша вертикал басқарыўды енгизген ҳалда районлар (қалалар)да әдиллик бөлимлери шөлкемлестирилсин.
Кәсип-өнер колледжлериниң сапластырылып атырған юридикалық хызметлер функциялары тийисли районлық (қалалық) әдиллик бөлимлери тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- Районлық (қалалық) әдиллик бөлимлериниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер:
ҳәкимлерге ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлердиң районлық (қалалық) структураларына нызамларды ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қолланыў мәселелери бойынша мәсләҳәтлер бериў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер районлық (қалалық) структуралардың нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўын шөлкемлестириў бойынша жумысына методикалық басшылық етиў ҳәм муўапықластырыў;
қабыл етилип атырған нызамлардың нормативлик-ҳуқықый мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин районлық структуралардағы орынлаўшыларға жеткериў, «Республика-ўәлаят-район-мәҳәлле» принципи бойынша ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм халықтың ҳуқықый саўатсызлығын сапластырыў бойынша, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары менен биргеликте илажларды әмелге асырыў;
районлардық (қалалардың) ҳәкимлери ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң қарарларын нызам ҳүжжетлерине, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына муўапықлығы көзқарасынан экпертизадан өткериў;
ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў ҳәм талқылаў, оның турақлылығын ҳәм бирдейлигин тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў;
инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыў, өз ўәкилликлери шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлерин көрип шығыў;
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң районлық (қалалық) структураларында ҳуқықый жумыслардың жағдайын мониторинг етиў, сондай-ақ, олардың юридикалық хызметлери жумысын муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм методикалық тәмийинлеў болып белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Шәртнамалық-ҳуқықый қадағалаў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери сапластырылсын.
- 2018-жыл 1-июльден баслап, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў (кейинги орынларда ПҲАЖ деп жүргизиледи) уйымларының ҳуқықты қолланыў әмелиятын муўапықластырыў, жумысын методикалық тәмийинлеў, «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў, ПҲАЖдың аймақлық архивлерине басшылық етиў бойынша ўазыйпалар Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигине жүкленген ҳалда, ПҲАЖ уйымлары районлар (қалалар) ҳәкимиятларының қарамағына өткерилсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола, 2018-жылдан баслап:
Өзбекстан Республикасы әдиллик министри мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги жумысы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайы ҳаққында ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенатына мәлимлеме усынады;
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри, аймақлық әдиллик басқармаларының баслықлары ҳәр ярым жылдың жуўмағы бойынша тийисли дәрежеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары Кеңеслерине орынларда норма дөретиўшилиги және ҳуқықты қолланыў әмелияты жағдайы бойынша мәлимлеме усынады;
районлық (қалалық) әдиллик бөлимлериниң баслықлары ҳәр шеректе тийислисинше районлық (қалалық) халық депутатлары Кеңеслерине район (қала) дәрежесиндеги мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң норма дөретиўшилиги және ҳуқықты қолланыў әмелияты жағдайы бойынша мәлимлеме усынады.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги халықаралық арбитражлар ҳәм суд ислери мәселелери бойынша Өзбекстан Республикасының мәплерин қорғаў тараўында ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
мәмлекетлик уйымларға ҳәм шөлкемлерге, Өзбекстан Республикасының шет елдеги дипломатиялық ўәкилликли уйымларына белгиленген тәртипте халықаралық арбитражлар ҳәм суд ислери мәселелери бойынша орынланыўы мәжбүрий болған тапсырмалар жибериў;
әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң юридикалық хызметлер хызметкерлерин бюджеттен тысқары қаржылар есабынан ҳуқықый жәрдем көрсетиў тараўында, соның ишинде, халықаралық арбитражлар ҳәм суд ислери бойынша оқыў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша раўажланған мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў мәкемелерине ҳәм басқа да шөлкемлерине жибериў ҳуқықы берилсин.
- Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң Ҳуқықый изертлеўлер орайы тийкарында Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын, басқарма хызметкерлериниң шекленген улыўма саны 25 болған Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Ҳуқықый сиясат изертлеў институты шөлкемлестирилсин.
Төмендегилер Ҳуқықый сиясат изертлеў институтының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
нызамшылықты ҳәм оның тармақларын раўажландырыў тараўында илимий-әмелий изертлеўлер өткерсин және илимий концепциялар ислеп шықсын;
халықтың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыўдың инновациялық усылларын және методларын ислеп шықсын;
суд-ҳуқық тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң қоланылыў әмелиятын талқылаў, оны жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шықсын;
мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыўдың ҳуқықый машқалаларын үйрениў, социаллық-экономикалық тараўдағы қатнасықларды ҳуқықый тәртипке салыўдың раўажланыў бағдарларын анықласын;
жетекши шет елли илимий-изертлеў мәкемелери менен бирге ислесиўди әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
бир ҳәптелик мүддетте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша шөлкемлестириў илажларын нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;
бир айлық мүддетте Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Ҳуқықый сиясат изертлеў институтының жумысын шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинети қарарының жойбарын киргизсин;
еки айлық мүддетте район (қала) ҳәкимликлериниң пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында Министрлер Кабинети қарарының жойбарын киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик Кеңесгөйи Р.Р.Иноятовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Р.К.Давлетовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-апрель