Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Денсаўлықты сақлаў системасына алдыңғы санлы технологияларды қолланыў, санлы денсаўлықты сақлаў платформасын жаратыў, тараўдың барлық дәрежелериндеги емлеў профилактика мәкемелери ушын мағлыўматлар базасы комплексин енгизиў, программалық тәмийнат ҳәм электрон платформаны ислеп шығыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы ҳәм «KfW» банки арасында «Санлы денсаўлықты сақлаў реформаларын қоллап-қуўатлаў» жойбарын (кейинги орынларда – жойбар) қаржыландырыў ушын 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 12 жыл мүддетке 45 миллион евро муғдарында қарыз келисими ҳәм 5,5 миллион евро муғдарында грант келисимине қол қойылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
«Санлы денсаўлықты сақлаў реформаларын қоллап-қуўатлаў» жойбарының техникалық-экономикалық көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;
«Санлы денсаўлықты сақлаў реформаларын қоллап-қуўатлаў» жойбарын әмелге асырыў шеңберинде «KfW» банкиниң қарыз қаржыларын қайтарыў, соның ишинде, қосымша мийнет ҳақы ҳәм процентлер төлеўдиң прогноз кестеси 2-қосымшаға муўапық;
«Санлы денсаўлықты сақлаў реформаларын қоллап-қуўатлаў» жойбарын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;
2023-2025-жыллары денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў бойынша илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- а) Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
жойбарды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм муўапықластырыў, сондай-ақ, «KfW» банкиниң қарыз ҳәм грант қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкер атқарыўшы уйым;
жойбарды әмелге асырыў шеңберинде тендер комиссиясының жумысшы уйымы ҳәм дүзилген шәртнамалар бойынша контрагент болып есапланатуғыны;
б) «KfW» банкиниң қарыз қаржыларын қайтарыў, соның ишинде, қосымша мийнет ҳақы ҳәм процентлер, басқа да төлемлер менен байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қаржылары есабынан қапланатауғыны;
в) жойбарды әмелге асырыў шеңберинде сатып алынатуғын ҳәм алып кирилетуғын товарлар (хызметлер) ушын төлениўи зәрүр болған қосымша қун салығы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан төленетуғыны. Онда, салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң қолланылыўы ҳәм бюджет қаржылары есабынан төлеп берилиўи нәтийжесинде үнемленген қаржылары Өзбекстан Республикасының жойбарды әмелге асырыўға қосқан үлеси сыпатында есапқа алынатуғыны белгиленсин.
- Жойбарды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў ушын Санлы денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў жойбарлаў офиси шөлкемлестирилсин ҳәм бул жойбарлаў офисиниң жумысы жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларында белгиленген тәртипте тартылып атырған қаржылар есабынан қаржыландырылыўы тәмийинлесин.
Онда, Денсаўлықты сақлаў министрлиги Санлы денсаўлықты сақлаў системасын басқарыў жойбарлаў офисиниң жумысын муўапықластырып барсын.
- Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы ҳәм «KfW» банки арасында қол қойылған қарыз ҳәм грант келисимлери бойынша юридикалық жуўмақ берсин.
- жойбарлаў шеңберинде енгизилип атырған мәлимлеме системаларынан пайдаланыў бойынша лицензиялар ушын төлемлер оларды енгизиў қәрежетлери қурамына киргизилетуғыны ҳәм бул лицензиялар мәлимлеме системасының әмелиятына толық енгизилгеннен соң кеминде 5 жыл даўамында әмел ететуғыны;
жойбарды әмелге асырыў процесинде үнемленген қаржылар тийкарғы түрде басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысын санластырыў ҳәм компьютер техникасы қуралларын сатып алыўға қаратылатуғыны;
жойбарлаў шеңберинде ислеп шығылатуғын мәлимлеме системаларын әмелиятқа қолланыў ушын қабыллап алыў Санлы технологиялар министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылатуғыны;
мәмлекетлик медицина шөлкемлери ушын зәрүр мәлимлеме бағдарламалары ҳәм системаларын ислеп шығыў, орнатыў ҳәм техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў менен байланыслы қәрежетлер Мәмлекетлик бюджеттен Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылған қаржылар есабынан қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Денсаўлықты сақлаў системасын санластырыўға қаратылған илажларды әмелге асырыў бойынша жумысшы топар 5-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Жумысшы топар (А.Иноятов)ға төмендеги ўазыйпалар жүкленсин:
денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм шөлкемлериндеги процесслерди санластырыў, сондай-ақ, олардың басқа да мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары менен интеграциясын тәмийинлеў;
2023-2025-жыллары денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў ҳәм жойбарды әмелге асырыў бойынша «жол карталары»ында белгиленген тапсырмалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестириў;
жойбардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлеринде белгиленген мақсетлерге ерисилиўин қадағалаў;
усы қарарда белгиленген тапсырмалардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў сондай-ақ, әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси бойынша Министрлер Кабинетине ҳәр шеректе мағлыўмат киргизип барыў.
- Санлы технологиялар министрлиги жойбарлаў шеңберинде енгизилетуғын мәлимлеме системалары нәтийжелилигиниң баҳаланып барылыўын ҳәм бизнес процесслерин әмелге асырыўдың заманагөй усыллары енгизилиўин тәмийинлесин.
- Есап палатасы жойбарлаў шеңберинде тартылатуғын ҳәм ажыратылатуғын қаржылардан нәтийжели пайдаланылыўы, сондай-ақ, жойбардың техникалық-экономикалық тийкарларында нәзерде тутылған көрсеткишлерге ерисилиўи бойынша турақлы қадағалаў орнатсын.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.Ш.Иноятов ҳәм санлы технологиялар министри Ш.Х.Шерматов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2023-жыл 1-май