Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша кең көлемде басланған жумыслар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилди (кейинги орынларда-Агентлик).
Ҳәзирги ўақытта тек исбилерменлерге емес, ал халыққа да ең зәрүр ҳәм талап жоқары болған мәмлекетлик хызметлерди «бир айна» принципи бойынша көрсетиў мақсетинде республиканың ҳәр бир район ҳәм қалаларын қамтып алған Халық қабыллаўханалары жанындағы мәмлекетлик хызметлер орайларының бирден-бир тармағы жаратылды.
Соның менен бирге, әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм ерисилген жетискенликлерге қарамастан мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында пайдаланылмаған имканиятлар ҳәм шешилмеген машқалалар сақланып қалмақта. Атап айтқанда:
бириншиден, бир қатар шөлкемлерде базалық мәлимлеме системаларын енгизиў мәселелери ҳәм олардың ведомстволараралық интеграцияланыўы төмен дәрежеде екенлиги мәмлекетлик хызметлерди қолайлы ҳәм өз ўақтында көрсетиўди тәмийинлемей атыр. Көрсетип өтилген кемшиликлер, әсиресе, Қорғаныў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қурылыс министрлиги, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм барлық дәрежедеги жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына тийисли болып есапланады;
екиншиден, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар, көшпес мүлк объектлери ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң реестрлери айрықша қағаз көринисинде жүргизилиўи, электрон архивлердиң жоқлығы электрон мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде қыйыншылықларға алып келмекте. Усы сыяқлы унамсыз әмелият, әсиресе, Жер ресурслары, геодезия, картография, ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Давергеодезкадастр) ҳәм «Өзархив» агентлигине тийисли болып есапланады;
үшиншиден, көпшилик мәмлекетлик хызметлер орайлары елеге шекем жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғанбағанлығы ведостволараралық электрон бирге ислесиўдиң зәрүр дәрежеде жолға қойылмаўына себеп болмақта. Усы қыйын машқалаларды шешиў ушын Агентлик, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм «Өзбектелеком» АЖ басшылары тәсиршең илажлар көрмей атыр;
төртиншиден, мәмлекетлик хызмет көрсететуғын ўәкилликли уйымлар ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары зәрүр дәрежеде заманагөй компьютер техникасы ҳәм техникалық қураллар менен үскенеленбегенлиги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң алдынғы ҳәм инновациялық методларын енгизиўге тосқынлық етпекте;
бесиншиден, мәмлекетлик хызметлер орайлары зәрүр имарат ҳәм бөлмелер менен тәмийинленбегени талап жоқары болған көплеген хызметлерди көрсетиў ушын келиўшилерди толық ҳәм бир ўақытта қамтып алыўға мүмкиншилик бермейди;
алтыншыдан, руқсат бериў ҳәм лицензиялаў процесслеринен өтиў елеге шекем қыйын ҳәм артықша тәртипке салынғанлығынша қалмақта, мәмлекетлик хызметлерди алыў процесинде артықша талаплар ҳәм тосқынлықлардың бар екенлиги ашық-айдынлықтың жоқлығына, ҳуқықты ҳәр қыйлы қолланыў әмелиятына ҳәм ақыбетинде надурыс пайдаланыўлар тез-тезден жүз бериўине ҳәм басқа да нызам бузыўшылықларға алып келмекте;
жетиншиден, мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардың билим дәрежеси ҳәм маманлығы төмен болып қалмақта, оларға ҳүжжетлерди электрон түрде усыныўды ҳәм алыўды үйретиў бойынша шөлкемлестирилген система жоқ.
Халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў миллий системасының сапа жағынан жаңа басқышқа жеделлик пенен өтиўин тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын ҳәм Ҳәкимшилик реформалар концепциясын избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Агентлик Давергеодезкадастр, «Өзархив» агентлиги, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы басқа да министрликлер ҳәм ведомстволардың жумысы қанаатландырарсыз, деп табылсын.
- Төмендегилер көрсетип өтилген министрликлер ҳәм ведомстволар, мәмлекетлик хызметлер көрсететуғын басқа да ўәкилликли уйымлардың биринши дәрежели ўазыйпалары етип есалансын:
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесслерин буннан былай да унификациялаў ҳәм автоматластырыў мақсетинде мәлимлеме системаларын ҳәм мәлимлеме ресурсларын жаратыўға бирден-бир технологиялық қөзқарасты тәмийинлеўди есапқа ала отырып мәлимлеме-коммуникация технологияларын жеделлик пенен раўажландырыў ҳәм енгизиў;
министрликлер ҳәм ведомстволардың архив қорын санлы көриниске өткериў ҳәм тийисли мәлимлеме ресурсларына кириўине имканият бериўге байланыслы илажларды әмелге асырыўын және де жеделлестириў;
бирден-бир мәмлекетлик реестрге киргизилген барлық мәмлекетлик хызметлер бойынша бизнес процесслериниң реинжинирингин әмелге асырыў арқалы мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесиндеги қағыйдаларды ҳәм оларды көрсетиў мүддетлерин түп-тийкарынан қысқартыў, бланк ҳәм формаларды сезилерли дәрежеде оптималластырыў;
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў процесине тартылған хызметкерлердиң өз лаўазым миннетлемелерин сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаўын тәмийинлеў, олардың жуўапкершилигин күшейтиў, ҳәзирги заман талапларына муўапық ислеў көнликпелерин ҳәм мәдениятын арттырыў, олардың жумысын объектив баҳалаў механизмлерин енгизиў;
жүкленген ўазыйпалардан ҳәм функциялардан келип шыққан ҳалда машқалаларды шешиўде мәмлекетлик уйымлардың ҳәм шөлкемлердиң мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде қатнасыўлары бойынша ҳәрекетлерди бириктириў бойынша жуўапкершиликлерин арттырыў;
бюджеттен тысқары қорлар қаржыларынан тийкарғы түрде мәлимлеме системаларын, бағдарламалық өнимлерди, мағлыўматлар базаларын белгиленген талапларға муўапық ислеп шығыў ҳәм жетилистириў, электрон мәмлекетлик хызметлерди енгизиў ушын пайдаланыў.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Агентлик заманагөй мәмлекетлик хызметлер енгизиў мәселелерине тийисли түрде қатнаспай атырған мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларына байланыслы нызам ҳүжжетлеринде жуўапкершилик илажларын көрсин.
- Келешекте мәмлекетлик хызметлерди енгизиўди буннан былай да жеделлестириўди тәмийинлеў ҳәм оларды көрсетиўдеги әззи жақларын анықлаў ушын төмендегише тәртип орнатылсын:
2018-жылдың 1-июнинен қосымшадағы дизим бойынша мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен тәжирийбе сыпатында 70-100 түрдеги талап жоқары болған мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи;
тәжирийбе сыпатында енгизилетуғын мәмлекетлик хызметлер бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети басшысы тәрепинен тастыйықланатуғын ўақтыншалық ҳәкимшилик регламентлер қабыл етиледи;
тәжирийбе сыпатында енгизилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизими халықтың әҳмийетли талаплары тийкарында қәлиплестириледи ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти аппаратының Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлери менен ислесиўди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў хызмети тәрепинен тастыйықланады;
тәжирийбе сыпатында енгизилетуғын мәмлекетлик хызметлер дизимине киргизилген мәмлекетлик хызметлер тек мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы усынылады;
мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тәжирийбе сыпатында енгизилген күннен баслап ўәкилликли уйым тәрепинен мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳаққындағы арзаларды тиккелей арза жазыўшылардан қабыл етиў қадаған етиледи.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тийисли мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2019-жылдың 1-июнине шекем мәмлекетлик хызметлерди тәжирийбе сыпатында көрсетиў нәтийжелерине бола, усы мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди республиканың барлық аймақларында енгизиў ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларының жумысын жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Агентлик бюджетинен тысқары қоры, Бюджеттен тысқары әдиллик уйымларын ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қорының қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте мәмлекетлик хызметлер орайларын район (қала)ның транспорт кесилиспелери пуқаралар ушын қолайлы болған орайлық бөлиминде жайласқан имаратларға, биринши гезекте, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң имаратларын оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бериў арқалы, көширип өткериўди нәзерде тутатуғын ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
Қарақалпақстан Республикасының Министрлер Кеңесине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа имаратларын тек бюджеттен тысқары дәреклерден, әсиресе, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қурыў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте мәмлекетлик хызметлер көрсетиў әмелиятын сын көзқарастан ҳәм терең үйрениў, халық арасында сораўлар өткериў арқалы сапасына байланыслы наразылық келип шығып атырған мәмлекетлик хызметлерди анықлаған ҳәм оларды жетилистириў бойынша зәрүр илажларды көрген ҳалда ҳәр шеректе талап жоқары болған мәмлекетлик хызметлерди баҳалап барсын.
- 2019-жыл 1-январьдан баслап электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиў шеңберинде ведомстволараралық электрон бирге ислесиў әмелге асырылып атырғанда физикалық шахстың жеке идентификация саны, салық төлеўшиниң идентификация саны ҳәм көшпес мүлк объектлериниң кадастр санынан пайдаланыўы мәжбүрий есапланатуғыны;
2018-жыл 1-июльге шекем Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети жанындағы «Жаңа технологиялар» илимий-мәлимлеме орайы» МУКтың электрон санлы қол таңбалар гилтлериниң сертификатлары усы қарардың қосымшасында көрсетилген мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен пуқараларға бийпул берилетуғыны;
Мәмлекетлик мәлимлеме системаларын жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша бирден-бир интегратор, оның жумысты бөлип бериўши (жумысты бөлип алып ислеўши) шөлкемлериниң мәлимлеме системаларын, ресурсларын, мағлыўмат базаларын, бағдарламалық тәмийнат өнимлерин ислеп шығыў, сондай-ақ, Агентлик, оның аймақлық басқармаларын ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларын зәрүр аппарат-бағларламалық комплекслер менен тәмийинлеў жумысларын техникалық ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерин Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги қасындағы «Жойбарлаў ҳәм импорт шәртнамаларын комплексли экспертизадан өткериў орайы» МУКта тезлетилген тәртипте келискеннен соң әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте соңын ала «Электрон ҳүкимет» системасы менен интеграциялаў мақсетинде үш ай мүддетте өзлериниң мәлимлеме системаларындағы пуқаралардың жеке мағлыўматлары ҳаққындағы мәлимлемерди жаңалаўды тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Давергеодезкадастр, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте соңын ала «Электрон ҳүкимет» системасы менен интеграциялаў мақсетинде үш ай мүддетте мәлимлеме системаларындағы физикалық шахстың жеке идентификация саны ҳәм көшпес мүлк объектлери кадастр санына байланыстырған ҳалда жаңалаўды тәмийинлесин.
- Давергеодезкадастр:
тийисли елатлы пунктлерге, тар көшелерге ҳәм басқаларға уникал кодлар берген ҳалда көшпес мүлк объектлериниң мәнзиллериниң бирден-бир реестирин қәлиплестириўди ҳәм жүргизиўди тәмийинлесин;
мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте көшпес мүлк объектлериниң мәнзиллери реестирин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Орайлық банки Әдиллик министрлиги ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте электрон мәмлекетлик хызметлер көрсеткени ушын бажы, жыйым ҳәм басқа да төлемлерди онлайн тәризде әмелге асырыў механизмин енгизиўди тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:
2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте барлық мәмлекетлик хызметлер орайлары оптикалық талшықлы байланыс линияларына жалғаныўын тәмийинлесин;
2018-жыл 1-сентябрге шекемги мүддетте телефон арқалы келип түсетуғын мүрәжатлерди сақлаў имканиятын жаратқан ҳалда қоңыраўларды қайта ислеў системасын жаратсын ҳәм әмелге киргизсин;
Агентлик пенен биргеликте 2018-жыл 1-декабьрге шекем талап жоқары болған электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын қәнигелескен мобиль қосымшаның ислеп шығылыўын ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин;
Агентлик пенен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте мәлимлеме системаларын, мағлыўмат базаларын, бағдарламалық тәмийнат өнимлерин ислеп шығыў, сондай-ақ, Агентлик, оның аймақлық басқармаларын ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларын аппарат-бағдарламалық комплекслер менен үскенелеўди тәмийинлесин;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен биргеликте олардың мәлимлеме ҳәм телекоммуникация системаларын, мағлыўматлар базаларын, сервер ҳәм басқа да үскенелерин хатлаўдан өткерип, «Электрон ҳүкимет» системасы және Агентликтиң мәлимлеме системаларына интеграцияласын, сондай-ақ, ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди енгизсин.
Усы бәнтте көрсетилген илажларды қаржыландырыў дәреги етип Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары белгиленсин.
- Мәмлекетлик хызметлер көрсететуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер төмендегилерди тәмийинлесин:
мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын зәрүр болған, қағаз түринде сақланып атырған мағлыўматларды, электрон мағлыўматлар базаларын қәлиплестириўди ҳәм ведомстволараралық электрон бирге ислесиўди жолға қойыўды нәзерде тутқан ҳалда, басқышпа-басқыш санлы көриниске келтириў;
өзлериниң ведомстволық мәлимлеме системаларын ҳәм ресурсларын «Электрон ҳүкимет» ҳәм Агентлик мәлимлеме системалары менен интеграциялаў.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте илажлардың қысқа мүддетлерде орынланыўын нәзерде тута отырып усы бәнттиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша қарар қабыл етсин.
- Министрликлер, ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары басшыларына материаллық-техникалық қуралларды өз ўақтында сатып алыў, «Электрон ҳүкимет» ҳәм агентлик системаларына интеграциялаў имканиятын есапқа алған ҳалда мәлимлеме системаларын, ресурсларын ҳәм мағлыўматлар базаларын жаратыў және жетилистириў, мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында мәмлекетлик хызметлерди өз ўақтында ҳәм сапалы жолға қойыўы ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
Әдиллик министрлиги Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы менен биргеликте ҳәр шеректиң жуўмағына бола Өзбекстан Республикасы Президенти Аппаратына мәмлекетлик хызметлерди жолға қойыўда ҳәм оларды электрон түрге өткериўде жуўапкерсизликке жол қойып атырған анық шахсларды көрсете отырып усы қарардың әмелге асырылыўы бойынша мағлыўмат киргизип барсын.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2018-жылдың 1-июнине шекем Агентликтиң тийкарланған сораўлары бойынша халықаралық қаржы институтларының грантларын тартқан халда мәмлекетлик хызметлер орайларын керекли әсбап-үскене және қураллар менен тәмийинлеў жойбарларын қаржыландырыў бойынша анық усыныслар киргизсин.
Агентлик 2018-жылдың 1-майына шекем Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине мәмлекетлик хызметлер орайларын зәрүр әсбап-үскене ҳәм қураллар менен тәмийинлеў жойбарларын қаржыландырыў бойынша тийкарланған усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң министрлик жанында ең жаңа мәлимлеме технологиялары ҳәм санлы үскенелер менен тәмийинленген басқарма хызметкерлериниң саны 5 штат бирлигинен ибарат мәмлекетлик мәкеме түриндеги Мәлимлеме-талқылаў мультимедиа орайын (кейинги орында – Мультимедиа орайы) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Мультимедиа орайының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
халықтың, әсиресе жаслардың, сондай-ақ, аўыллық жерлерде ҳуқықый үгит-нәсиятты ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыў бойынша системалы илажларды әмелге асырыў;
заманагөй технологиялар ҳәм дөретиўшилик көзқараслардан пайдалана отырып мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў бойынша инновациялардың мазмун-мәнисин жәмийетшиликке, исбилерменлик субъектлерине жеткериў;
әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелери жумысын кеңнен сәўлелендириў бойынша мәлимлеме-талқылаў ҳәм обзорлы медиа материалларды, соның ишинде, аудио ҳәм видеороликлер, теле көрсетиў ҳәм радио еситтириўлер, социаллық рекламалар, ўақыя орнынан репортажларды таярлаў және эфирге, сондай-ақ, Интернет тармағына жайластырыў;
мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў тәртиби бойынша жәмийетшиликке мәсләҳәт жәрдемлерин бериў, соның ишинде, қабыл етилген ҳәкимшилик регламентлердиң талапларын анық және толық түсиндириў;
ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде ўәкилликли уйымлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бойынша жумысын үйрениў ҳәм тексериўлер, сондай-ақ, қопал қағыйдабузарлықлар ҳәм системалы кемшиликлер, айыпкерлерге қарата көрилген илажлар, арза бериўшилердиң қайта тикленген ҳуқықлары ҳаққында халықты хабардар етиў;
халықтың барлық қатламлары менен пикирлесиў, мәмлекетлик хызметлерге болған талабын үйрениў, социаллық тармақларды ҳәм мобиль қосымшаларды кеңнен қолланыў арқалы усы тараўдың ең әҳмийетли кемшиликлерин жәмийетшилик арасында додалаў.
- Мультимедиа орайының жумысын қаржыландырыў бюджеттен тысқары Әдиллик уйымларын ҳәм мәкемелерин раўажландырыў қоры, сондай-ақ, нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны;
Мультимедиа орайына Өзбекстан Республикасы әдиллик министрлиги тәрепинен тайынланған ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;
Мультимедиа орайының басқарма хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң орайлық аппаратының хызметкерлери ушын белгиленген материаллық-социаллық қорғаў илажлары қолланылатуғыны;
Мультимедиа орайының басқа қәнигелери (режиссёр, креатив редактор, хабаршы, оператор, видеомонтажлаўшы, МКТ қәнигеси, аппарат-студия комплекси қәнигеси ҳәм басқалар) мийнет базарындағы ҳақыйқый конъюктураны есапқа алған ҳалда шәртнама тийкарында тартылатуғыны белгиленсин.
- Мультимедиа орайы директорына төмендеги ҳуқықлар берилсин:
Мультимедиа орайына усы қарардың 17-бәнти бесинши хат басында көрсетилген қәнигелерди шәртнама тийкарында жумысқа тартыў;
Мультимедиа орайына жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде басқа да шөлкемлер менен хызметлер алмасыў ҳәм көрсетиў (жумысларды орынлаў, товарлар ҳәм өнимлер жеткерип бериў) бойынша шәртнамалар дүзиў.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте:
Мультимедиа орайының уставы тастыйықланыўын ҳәм оның мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
Мультимедиа орайының штат кестесин тастыйықласын және жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен толықтырсын;
Мультимедиа орайын Әдиллик министрлиги имаратында жайластырсын, оның жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде байланыс қураллары, кеңнен қамтылған Интернет тармағынан пайдаланыў имканияты менен, сондай-ақ, 2 автомашина, соның ишинде, 1 арнаўлы автомашина сатып алыныўын тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң қәнигелерин тартған ҳалда 2018/2019 оқыў жылынан баслап барлық орта ҳәм кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң соңғы курсында (классында) жаслардың зәрүр билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылған «Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў мәденияты» темасында оқыў семинарларын ҳәм ашық сабақларды өткериў әмелияты енгизилсин.
Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Кәсип-өнер билимлендириўи орайы Агентлик ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте оқыў семинарларын ҳәм ашық сабақларды шөлкемлестириў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги:
Юристлердиң маманлығын арттырыў орайында еки ай мүддетте жүзеге келетуғын мәселелерди шешиў, үлкен жумыс көлемине руўхый таярлық көриў, сөйлесиў және мәмлекетлик хызметти көрсетиў мәдениятын арттырыўға қаратылған оқыў курсларын шөлкемлестириў және турақлы түрде мәмлекетлик хызметлер орайлары басшылары ҳәм басқа да хызметкерлердиң оқыўын тәмийинлесин;
мәмлекетлик хызметлер орайлары хызметкерлериниң Юристлердиң маманлығын арттырыў орайында өз ўақтында ҳәм толық оқыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- Агентлик бир ай мүддетте мәмлекетлик хызметлер орайларының хызметкерлери тәрепинен пуқараларға Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы хызметлерден пайдаланыўдың қолайлылығын ҳәм үстинлигин, соның ишинде, халыққа усы тәртипти терең үйретиў арқалы олардың Интернет тармағына мүрәжат етиўин хошаметлеў әмелиятын енгизсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы мәмлекетлик хызметлерди нәтийжели енгизгени ушын мәмлекетлик уйымлардың жуўапкер басшыларын ҳәм хызметкерлерин ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Агентликтиң бюджетттен тысқары қоры есабынан ең кем айлық мийнет ҳақысының 10 есеси муғдарында хошаметлеў механизмин енгизиў ҳаққындағы усынысы миақуллансын.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Т.А.Худайбергеновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 11-апрель