Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық республикада мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын азайтыўға, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаўға, жеке мүлктиң үстинлигин және де күшейтиўге, бизнес басламаларды, стартапларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған комплексли институциональлық ҳәм структуралық реформалар әмелге асырылмақта.
Исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша қабыл етилип атырған илажлардың нәтийжелилиги жетекши халықаралық қаржы шөлкемлери менен рейтинг агентликлериниң унамлы баҳаларында қалыслық пенен сәўлелендирилмекте. Жәҳән банкиниң «Бизнести жүргизиў-2018» есабында Өзбекстан исбилерменлик ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў бойынша реформашы мәмлекетлер қатарында дүньяда биринши онлыққа кирди.
Соның менен бирге, бир қатар бағдарларда исбилерменлик тараўын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың бюрократласқан методлары елеге шекем сақланып қалмақта, ол болса, өз гезегинде, жергиликли бизнестиң бәсекиге шыдамлылығын жедел раўажландырыў, исбилерменлик орталығына жаңа технологияларды ҳәм инновацияларды енгизиў, қолайлы инвестициялық және исбилерменлик орталығын жаратыў бойынша мәмлекетлик сиясаттың избе-излигине болған исенимди беккемлеўге тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:
бириншиден, исбилерменлик жумысы тараўында заман талапларына жуўап бермейтуғын, өмирин өтеп болған көп муғдардағы лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары сақланып қалмақта;
екиншиден, бизнес процесслерин басқарыўдың базар механизмлери оғада әстелик пенен енгизилмекте, соның ишинде, тәртипке салыў функциялары ҳәдден тысқары орайласқан, өзин-өзи тәртипке салыў ҳәм жәмийетлик қадағалаў механизмлери төмен дәрежеде қалмақта;
үшиншиден, исбилерменлер елеге шекем айырым ўәкилликли уйымлар тәрепинен лицензия ҳәм руқсатнама бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың созылыў жағдайларына дус келмекте;
төртиншиден, ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар арасында лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди түп-тийкарынан қысқартыў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды буннан былай да әпиўайыластырыў ҳәм ашық-айдынлық дәрежесин арттырыўға қаратылған өз-ара бирге ислесиў зәрүр дәрежеде алып барылмай атыр.
Бизнести жүргизиўдеги артықша бюрократлық процесслерди түп-тийкарынан қысқартыў, жеке мүлктиң қол қатылмаслығын қорғаў және кепилликке алыўдың базар және ҳуқықый механизмлерин турақлы түрде избе-из беккемлеп барыў, республикада инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған күшлерди жәмлеў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында» ғы ПП-5308-санлы Пәрманына муўапық:
- Төмендегилер исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары бойынша мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиўдиң әпиўайыластырылған механизмлерин белгилеў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў, бизнес пенен өз-ара қатнасықларда ҳуқықый анықлықты беккемлеў ҳәм мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тийкарсыз ҳәкимшилик қадағалаўды бийкарлаў арқалы лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тараўындағы нызамшылықты жедел жетилистириў;
лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары санын басқышпа-басқыш қысқартыў, жәмийетлик қадағалаў, өзин-өзи тәртипке салыў, сертификатлаў, аккредитациялаў, пуқаралық ҳуқықый жуўапкершиликти қамсызландырыў, техникалық тәртипке салыў ҳәм басқа да заманагөй усыллар арқалы исбилерменлик жумысын тәртипке салыўдың альтернатив усылларынан кеңнен пайдаланыў;
мәмлекетлик басқарыў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел енгизиў, соның ишинде, лицензиялар ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўде ведомстволараралық бирге ислесиў механизмлеринен (G2B), сондай-ақ, «бир айна» принципинен (G2G), бәринен бурын, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң структуралық бөлимлери арқалы кеңнен пайдаланыў.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы, басқа да мәпдар министрликлер менен ведомстволардың;
2018-жыл 1-июньнен баслап исбилерменлик жумысы саласындағы лицензияланатуғын жумыс ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларының айырым түрлерин, соның ишинде, олардың айырым түрлерин бириктириў жолы арқалы 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық бийкарлаў;
2018-жыл 1-июньнен баслап исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензиялар ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мүддетлерин 3-қосымшаға муўапық қысқартыў;
2018-жыл 1-июньнен баслап жумыстың айырым түрлерин лицензиялаў бойынша функцияларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинен тийисли мәмлекетлик уйымларға 4-қосымшадағы дизимге муўапық өткериў;
2018-жыл 1-июньнен баслап лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериў функциясын республика мәмлекетлик басқарыў уйымларынан олардың аймақлық басқармаларына ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлеринен район (қала) ҳәкимликлерине 5-қосымшадағы дизимге муўапық өткериў;
2018-жыл 1-июньнен баслап исбилерменлик жумысы тараўында лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдаларын және де қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыўға қаратылған илажларды 6-қосымшаға муўапық әмелге асырыў бойынша усыныслары қабыл етилсин.
- 2018-жыл 1-июньнен баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық медицина ҳәм фармацевтика жумысы, гиябентлик қураллары, психотроп затлар ҳәм прекурсорлардың айланыста болыўына байланыслы жумыс, көшпели радиотелефон (уялы) байланыс тармақлары ҳәм телерадиоеситтириўлерди тарқатыў тармақларынан пайдаланыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў, сондай-ақ, нефть, газ ҳәм газ конденсатын қазып алыў, қайта ислеўди және сатыўды әмелге асырыў ҳуқықын беретуғын лицензиялардан тысқары, жумыстың айырым түрлери менен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын барлық лицензиялар әмел етиў мүддети шекленбеген ҳалда бериледи.
- Лицензияланатуғын жумыс түри шеңберинде орынланатуғын (көрсетилетуғын) жумыслар (хызметлер) дың анық дизими жумыстың тийисли түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы режелерде көрсетилетуғыны;
Егер лицензиялайтуғын уйым лицензия бериў ҳаққындағы арзаны көрип шығыў мүддети даўамында лицензия бериў яки лицензия бериўден бас тартыў ҳаққында қарар қабыл етпесе, лицензия даўагери көрсетилген мүддет өткеннен кейин лицензиялайтуғын уйымды жазба түрде хабардар еткен ҳалда арзада көрсетилген жумыс түрин әмелге асырыўға ҳақылы болып есапланатуғыны. Онда лицензиялайтуғын уйым лицензия даўагериниң жазба хабарнамасы алынғаннан кейин бес жумыс күни ишинде оған лицензия бериўи шәрт екенлиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте:
лицензиялайтуғын ҳәм басқа да ўәкилликли уйымлар менен биргеликте усы пәрман талапларын инабатқа ала отырып, жумыстың айырым түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққындағы режелерди қайтадан көрип шықсын;
исбилерменлик жумысы тараўында руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўге ўәкилликли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққындағы барлық режелердиң ислеп шығылыўын ҳәм тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Лицензия ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлерди бериўге ўәкилликли уйымлардың басшылары әмелдеги жумыстың айырым түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў тәртиби ҳаққындағы режелердиң усы Пәрман талапларына өз ўақтында муўапықластырылыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ўәкилликли уйымлар тәрепинен усы бәнт талапларының орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги Министрлер Кабинети, Әдиллик министрлиги, Саўда-санаат палатасы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте:
лицензиялар ҳәм руқсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң санын кескин азайтыў жумысларын даўам еттирсин, онда зәрүр ҳүжжетлердиң дизимин қысқартыў, ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың мүддетлери менен қунларын оптималластырыў арқалы ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыўға ҳәм олардың ашық-айдынлық дәрежесин және де арттырыўға, мәпдар мақсетли аудиторияда сораўлар өткериў, бул бағдардағы алдынғы шет ел тәжирийбесин сын көзқарастан үйрениў, бизнес жәмийетшилиги менен мәсләҳәтлер өткериў ҳәм жетекши халықаралық экспертлерди тартыў тийкарында олардың бәсекилик орталығына тәсирин талқылаўға айрықша итибар қаратсын;
Өзбекстан Республикасы Президентине лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша тийисли усыныслар киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Саўда-санаат палатасы басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Р.Иноятовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 11-апрель