Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын жетилистириў ҳаққында»ғы ПҚ-2909-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын буннан былайда жетилистириў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң 2018-жыл 1-сентябрьден баслап базалық лаўазым мийнет ҳақыларының муғдарларын дифференциялластырылған ҳалда:
жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлериниң ҳәм профессор-оқытыўшыларының-орташа 25 процентке ҳәм стажёр-оқытыўшы және илим докторы илимий дәрежесине ийе профессор мийнет ҳақысының муғдарлары арасындағы айырмашылықты еки есеге арттырыў;
илимий-изертлеў шөлкемлериниң фундаменталь, әмелий изертлеўлер илимий-техникалық бағдарламаларын әмелге асырыўда ҳәм инновациялық жумысларда қатнасып атырған илимий хызметкерлердиң – орташа 25 процентке ҳәм стажёр-изертлеўши және илим докторы илимий дәрежесине ҳәм профессор илимий атағына ийе бас илимий хызметкер мийнет ҳақысының муғдарлары арасындағы айырмашылықты еки есеге шекем арттырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- 2018-жыл 1-сентябрьден баслап:
базалық докторантурада билим алып атырған шахсларға – илимий атақ ямаса илимий дәрежеге ийе болмаған (еки жылға шекем илимий жумыс тәжирийбесине ийе болған) киши илимий хызметкердиң лаўазым мийнет ҳақысы базалық муғдарларға теңлестирилген стипендиялар;
докторантурада билим алып атырған шахсларға – илим кандидаты (ямаса философия докторы (PhD) дәрежесине ҳәм шет мәмлекетлердиң тийисли қәнигелик бойынша оған теңлестирилген басқа да илимий дәрежелерине) илимий дәрежесине ямаса илимий атағына ийе болған жетекши илимий хызметкердиң лаўазым мийнет ҳақысы базалық муғдарларына теңлестирилген стипендиялар төленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жыл 1-июльге шекем:
Жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылары, сондай-ақ, басқа да хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў бойынша базалық лаўазым мийнет айлықларын;
илимий-изертлеў мәкемелериниң фундаменталь, әмелий изертлеўлер илимий-техникалық бағдарламалары жойбарларын әмелге асырыўда ҳәм инновациялық жумысларда қатнасып атырған илимий және басшы хызметкерлердиң базалық лаўазым мийнет ҳақыларын усы қарар талапларынан келип шыққан ҳалда бюджет қаржылары есабынан қайта көрип шықсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте усы қарарда белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди өз ўақтында қаржыландырылыўын тәмийинлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары –қаржы министри Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 5-апрель
* * *
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде билимлендириў ҳәм илим системасын жетилистириў бойынша алып барылып атырған кең көлемли және избе-из жумыслар елимиздиң социаллық-экономикалық тийкарғы ўазыйпалары менен бирге социаллық-экономикалық ҳәм тараў тармақларын жедел раўажландырыўға уқыплы болған жаңа, жоқары маман қәнигелерди таярлаў ушын зәрүр болған шараятларды тәмийинлеў мақсетине муўапық гөзленген шеклерге ерисиўдиң жеделлестирилиўине алып келди.
Бирақ, соның менен бирге республиканың жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериндеги илимий және илимий-педагогикалық кадрлардың потенциалы төмен дәрежеде қалып кетпекте. Илимий атақ ямаса илимий дәрежеге ийе болған жоқары маман илимий ҳәм илимий педагогикалық кадрлардың бул процесслердеги үлеси үзликсиз төменлеп бармақта. Көпшилик жағдайларда бул жағдай илимий хызметкерлер ҳәм профессор-оқтыўшылар қурамының илимий атақ ямаса илимий дәрежелер алыўына болған урыныўы соңғы жыллар даўамында материаллық мәпдарлық ақыбетинде төменлеп кетиўине себеп болмақта, себеби стажёрлар (илимий атақ ҳәм дәрежесиз) менен профессор-бас илимий хызметкерлер (илимий атақ ямаса дәрежеге ийе) арасындағы айырмашылық 50 проценттен аспаған ҳалда сақланып қалынбақта.
Илимий жумысты хошаметлеў, жоқары билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшыларының ҳәм илимий хызметкерлериниң материаллық мәпдарлығын түп-тийкарынан арттырыў, соның ишинде, лаўазымлар, илимий атақ ҳәм дәрежелер арасындағы дифференциялласыўды жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Бул қарар 2018-жыл 1-сентябрьден баслап 81 жоқары билимлендириў мәкемеси профессор-оқытыўшылары ҳәм 136 илимий-изертлеў институты илимий хызметкерлери қурамының барлық базалық лаўазым мийнет ҳақыларының муғдарлары сезилерли дәрежеде арттырылыўын нәзерде тутады: ҳәммеси болып 38 мыңнан аслам жоқары билилмендириў мәкемелери (28,1 мың адам) ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлери (8,0 адам), сондай-ақ 1,9 мың докторантлар.
Базалық лаўазым айлықлары дифференциялланған ҳалда арттырылып, биринши орында илимий атақ ямаса дәрежеге ийе болған хызметкерлерге енгизиледи. Орташа есапта базалық лаўазым мийнет айлықлары 25 процентке арттырылады (стажёрларға 5 проценттен, жоқары билимлендириў профессорлары ҳәм илимий-изертлеў институтларының бас илимий хызметкерлерине 38 процентке шекем). Дифференциялластырылған базалық лаўазым айлықлары арттырылыўын нәзерде тутқан ҳалда ийелеп турған лаўазымынан, илимий атақ ямаса дәрежеси бар екенлигинен келип шығып белгиленеди. Онда стажёр менен профессор арасында базалық лаўазым айлықларының муғдарлары 100 процентке, ямаса еки есесине арттырылыўы нәзерде тутылады. Усыныс етилип атырған илажлар жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары қурамы ҳәм илимий-изертлеў институтларының илимий хызметкерлери өз билимлерин ҳәм кәсиплик көнликпелерин, турақлы түрде арттырып барыўы, илимий жумысларын алып барыўы ушын хошаметлеў мақсетинде ислеп шығылды.
2018-жылдың 1-сентябринен баслап базалық лаўазым айлықлары арттырылыўына ҳәммеси болып 73,8 миллиард сум (38,4 – мәмлекетлик бюджет қаржылары), олардан 60,3 миллиард сум – жоқары билимлендириў мәкемелери ушын (24,9-миллиард сум мәмлекетлик бюджет қаржылары), 11,3 миллиард сум – илимий-изертлеў институтлары ушын, сондай-ақ, 2,2 миллиард сум жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтлары ушын қосымша ажыратылыўы режелестирилген. Соның менен бирге республиканың жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлерине мийнет ҳақы төлеўде қосымша айлық қәрежетлериниң муғдары 18,4 миллиард сум болып, соның ишинде, 9,6 миллиард сумы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Қарар менен, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларында билим алып атырған 1923 изертлеўшиге илимий атағы ямаса дәрежеси болмаған киши илимий хызметкердиң базалық лаўазым айлығы муғдарларына теңлестирилип 1,76 миллион сум, (базалық докторантура 1669) және илим кандидаты илимий дәрежеси ямаса атағы болған жетекши илимий хызметкердиң базалық лаўазым айлығы муғдарларына тең болған – 2,2 миллион сум ( докторантура, 254) муғдарында арттырылған стипендия (17 процент –18 процентке арттырылады) төленетуғыны айрықша белгиленген.
Усы қарар менен илим докторы илимий дәрежеси болған профессорлардың мийнет ҳақысы муғдары 38-44 процентке арттырылады ҳәм әмелдеги 2,5 миллион сумның орнына 3,46 миллион сум болады ҳәм соның менен стажёр-оқытыўшының мийнет ҳақысы муғдары менен 100 процентли айырмашылықты пайда етеди (стажёрдың мийнет ҳақысы – 1,73 миллион сум).
Илимий-изертлеў мәкемелеринде илим докторы дәрежесине ямаса профессор атағына ийе бас илимий хызметкердиң мийнет ҳақысы әмелдеги 2,25 миллион сумның орнына 38 процентке арттырылып, 3,11 миллион сумға жетеди, стажёр-изертлеўшиниң мийнет ҳақысы муғдарынан 100 процентке ямаса еки есеге арттырылады ( стажёрдиң мийнет ҳақысы – 1,55 миллсион сум).
Қабыл етилген қарар республиканың жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң илимий потенциалын беккемлеў жолы арқалы билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий жумысты арттырыў мәселелерин шешиў, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм академиялық илимди буннан былай да раўажландырыў, илимий-изертлеў жумысының нәтийжелилигин жоқарылатыў, талантлы жас илимпазларды ҳәм студентлерди илимий жумыс пенен шуғылланыўға тартыўға жәрдем береди.