Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбек әдебиятының бүгинги раўажланыўында 80 жылдан аслам тарийхқа ийе болған, елимиздеги абыройлы дөретиўшилик шөлкемлерден бири есапланатуғын Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының мүнәсип орны бар. Зулымлық система дәўириндеги ҳәр қыйлы идеологиялық қысымларға қарамастан бул дөретиўшилик аўқам миллетимиздиң руўхы болған ана тилимизди, әзелий қәдриятларымызды сақлап қалыў ҳәм әўладларға толық жеткериў, халқымыздың ой-өрисин кеңейтиў, ғәрезсизлигимиздиң руўхый тийкарларын жаратыў, сөз шеберлерин бирлестириў, олардың мәплерин қорғаў, жас талант ийелериниң потенциалын жүзеге шығарыў бағдарында көлемли жумысларды әмелге асырды.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўлар қатарында миллий әдебиятымыздың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша да кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Дүрмен» дөретиўшилик үйи ҳәм поликлиникасы  түп-тийкарынан реконструкцияланды. Аўқам жанынан «Ижод» жәмийетлик қоры дүзилди. Пайтахтымызда Жазыўшылар қыябаны қурылды, Жазыўшылар аўқамы ушын жаңа имарат қурылып, аймақларда уллы жазыўшыларымыздың исми менен аталған мектеплер, мәденият ҳәм дем алыў бағлары жаратылмақта. Әдебиятымыздың белгили ғайраткерлериниң юбилей сәнелери мүнәсип белгиленбекте, талантлы жасларды тәрбиялаў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде түрли дөретиўшилик әнжуманлар өткерилмекте. Жас шайыр ҳәм жазыўшылардың биринши китаплары мәмлекет есабынан көп мың тиражларда басып шығарылып, билимлендириў мәкемелерине ҳәм китапханаларға жеткерип берилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының тийкарғы жумыс бағдарлары, оның Режеси ҳәм структуралық дүзилиси бүгинги жедел раўажланып атырған дәўир талапларына толық жуўап бермей атырғанын атап өтиў керек. Базар экономикасы ҳәм глобалласыў процесслерине байланыслы ҳәзирги қыйын шараятта Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзаларының турмыслық мәплерин тәмийинлеў, олардың жәмийетти раўажландырыў ушын шексиз әҳмийетке ийе болған машақатлы дөретиўшилик мийнетин мүнәсип қәдирлеў, әдебият ҳәм көркем өнер тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, көркем дөретиўшилердиң жәмийетимиз турмысындағы орнын ҳәм тәсирин күшейтиў, талантлы жас дөретиўшилерди системалы тийкарда тәрбиялаў ҳәм басқа да оғада әҳмийетли бағдарларда қалақлыққа жол қойылмақта.

Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды, соның ишинде, «Мәмлекет – руўхыйлықтың бас қәўендери», деген тийкарғы принципти турмысқа избе-из енгизиў, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын жетилистириў ҳәм оның жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Республикалық Руўхый-ағартыўшылық кеңеси, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги және дөретиўшилик жәмәәттиң:

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының (кейинги орынларда – Аўқам деп аталады) жәмийетимизде миллий идея, жаңаша ой-пикир ҳәм дүньяқарасты раўажландырыў, жас әўладты Ўатанға сүйиспеншилик ҳәм садықлық, миллий және улыўма инсаныйлық қәдриятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў;

Аўқам ағзаларының жәмийетлик-руўхый белсендилигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, оларды халқымыздың әййемги тарийхын ҳәм бай мәдениятын, ел-журтымыздың пидәкерлик мийнети менен ерисилип атырған түпкиликли өзгерислерди терең сәўлелендириўге қаратылған көркемлилиги жоқары шығармалар дөретиўге хошаметлеў;

Аўқам ағзаларының материаллық ҳәм руўхый мәплерин, авторлық ҳуқықларын қорғаў, олар ушын ҳәр тәреплеме шараят жаратып бериў, машақатлы дөретиўшилик мийнетин әдил баҳалаў;

Аўқамның абыройын ҳәм жоқары статусын мүнәсип сақлаў, оның сапа қурамын жақсылаў мақсетинде бул шөлкемге ағзалыққа қабыл етиў бойынша заманагөй ҳәм тәсиршең өлшемлерди белгилеў;

үлкен талантқа ҳәм жоқары пуқаралық позицияға ийе болған кексе әўлад ўәкиллериниң дөретиўшилик потенциалынан ҳәм шеберлигинен жасларды кеңнен хабардар етиў;

жас талант ийелерин излеп табыў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў ушын терең ойланған, заманагөй илим жетискенликлерине тийкарланған инновациялық усылларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў;

дүнья әдебиятының ең жақсы үлгилерин өзбек тилине аўдарыў ҳәм басып шығарыў, классикалық ҳәм заманагөй әдебиятымыздың ең таңламалы үлгилерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм шет тиллерде үгит-нәсиятлаў системасын жаратыў;

өзбек тилиндеги Интернет әдебиятын қәлиплестириў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

Классикалық әдебиятымызды, атап айтқанда Әлийшер Наўайының шығармаларын халқымызға және де жақынластырыў, бул бийбаҳа мийрасты руўхый дүньямыздың мәңгилик дерегине ҳәм қурамлық бөлегине айландырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жоқары уйымы – Конференциясының Аўқамның структуралық қурамын қайта көрип шығыў ҳәм жаңа редакциядағы Режесин тастыйықлаў, оның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы бөлимлерине қосымша штатлар ажыратыў ҳаққындағы қарары мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Аўқам ағзаларының материаллық ҳәм руўхый мәплерин тәмийинлеўди күшейтиў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Интеллектуаллық мүлк агентлиги, Баспасөз ҳәм хабар агентлиги және Аўқам менен биргеликте дөретиўшилердиң авторлық ҳуқықларын қорғаў, меншик түрине қарамастан, барлық ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, электрон ҒХҚ, баспалар тәрепинен авторлық гонорар төлеўди нызамлы тийкарда тәмийинлеў бойынша илажлар ислеп шықсын ҳәм олардың орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын;

китап саўдасы системасын жетилистириў, соның ишинде, Аўқам ағзаларының жаңадан басып шығарылған шығармалары елимиздиң барлық аймақларындағы оқыўшыларға өз ўақтында жетип барыўын, бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тыс ислеп табылған қаржылары, сондай-ақ, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң, хожалық бирлеспелериниң өз қаржылары есабынан бул китапларды сатып алыўын ҳәм олар менен өзиниң қарамағындағы мәлимлеме-ресурс орайларын, китапханаларды, мәденият сарайларын, руўхыйлық бөлмелерин тәмийинлеў бойынша илажлар ислеп шықсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-октябрьдеги «2017-2020-жылларда қалаларда арзанлатылған көп квартиралы жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3350-санлы қарарына муўапық Аўқам ағзалары ушын:

Ташкент қаласында жеңилликли ипотека кредитлер тийкарында 110 квартиралы турақ жай қурыў жумыслары басланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин;

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери 2018-2021-жылларда аймақларда жасап белсене дөретиўшилик жумыс пенен шуғыланып атырған, турақ жайға мүтәж Аўқам ағзалары ушын жеңилликли ипотека кредитлери тийкарында турақ жайлар ажыратыў бойынша анық режелер ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине усынсын. Министрлер Кабинети усы режелердиң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын;

Бул турақ жайларды бөлистириўде нызамлылық ҳәм әдиллик өлшемлерине қатаң әмел етиўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддетте Аўқам ағзалары, соның ишинде, ўәлаятларда жасап атырған дөретиўшилерге сапалы ҳәм жеңилликли медициналық хызмет көрсетиў бойынша анық илажлар ислеп шықсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў мәселелери комплекси бир ай мүддетте Аўқамға қараслы дөретиўшилик үйлерди ҳәм асханаларды арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў бойынша анық реже ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.
  3. Ташкент ҳәм Жиззақ ўәлаятлары ҳәкимликлери Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте «Дүрмен» дөретиўшилик үйи және жаңадан салынып атырған «Паркент» ҳәм «Замин» дөретиўшилик үйлеринен мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў илажларын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм «Ижод» жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда өз қорының аймақлық бөлимлерин дүзиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Әмелдеги тәртипке муўапық Өзбекстан Республикасы Бас министри «Ижод» жәмийетлик қоры Қәўендерлик кеңесине басшылық ететуғынын есапқа алған ҳалда, қордың аймақлық бөлимлери Қәўендерлик кеңеслерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери баслық, аймақлық университет ҳәм институтлардың ректорлары баслық орынбасарлары сыпатында бириктирилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте «Ижод» жәмийетлик қоры аймақлық бөлимлериниң қаржы дәреклерин анықласын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине:

Аўқамның аймақлық бөлимлериниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўге көмеклесиў;

өз аймағында жасап атырған Аўқам ағзаларын және талантлы ҳәм перспективалы жас дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў;

Аўқам ағзаларының қатнасыўында мәҳәллелерде, әскерий бөлимлерде ҳәм билимлендириў мәкемелеринде турақлы руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў, сондай-ақ, өндирис кәрханаларында шәртнама тийкарында дөретиўшилик ушырасыўлар шөлкемлестириў жумысларына жеке жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери Аўқам менен биргеликте бир ай мүддетте Аўқамның аймақлық бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына «Өзавтосанаат» акционерлик компаниясы менен биргеликте Аўқамның жанындағы «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан аймақлық бөлимлерди 1 (бир) жеңил хызмет автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў илажларын көриў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте Аўқамның қәўендерлигинде басып шығарылатуғын «Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасы, «Шарқ юлдузи» – «Звезда Востока», «Жаҳон адабиёти», «Ёшлик», «Әмиўдәрья» журналлары редакцияларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда усы басылымларды қағаз бенен тәмийинлеў, баспахана қәрежетлерин қаплаў ҳәм оларға жазылыўға көмеклесиў ушын «Ижод» жәмийетлик қорына қосымша қаржылар ажыратыў нәзерде тутылсын.

Елимиздеги бир қатар өндирис кәрханалары, хожалық бирлеспелери, компаниялар ҳәм банклер менен мәденият ҳәм көркем өнер шөлкемлери арасында жолға қойылған «Дослар клублары» жумысының унамлы нәтийже берип атырғанын есапқа алған ҳалда:

«Ўзбекистон адабиёти ва санъати» газетасы ҳәм «АKFA» ЖШЖ;

«Шарқ юлдузи» – «Звезда Востока» журналлары ҳәм «IMZO»ЖШЖ;

«Жаҳон адабиёти» журналы ҳәм «Delta-Qurmah» ЖШЖ;

«Ёшлик» журналы ҳәм «Universal Paсking Masters» ЖШЖ;

«Әмиўдәрья» журналы ҳәм «Өзқурылысматериаллары» АЖ арасында «Дослар клублары»н дүзиў, шәртнама тийкарында турақлы бирге ислесиўди жолға қойыў ҳаққындағы усыныслар қоллап-қуўатлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Дослар клублары»н шөлкемлестириў бойынша тәжирийбени Аўқамның аймақлық бөлимлери ушын да енгизсин ҳәм бир ай мүддетте бул мәселе бойынша анық илажлар көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

Аўқамның аймақлық бөлимлери өз илажларын өткериў ушын тийисли имарат ҳәм залларға ийе емеслигин есапқа алып, олардың орынлардағы университет ҳәм институтлардың имканиятларынан еркин пайдаланыўын тәмийинлесин;

Аўқамның аймақлардағы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелеринде дөретиўши жаслар ҳәм студентлер жәмәәтлери менен белсене руўхый-ағартыўшылық жумыс алып барыў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте:

Бир ай мүддетте аймақларда шөлкемлестирилген Исҳоқхон Ибрат, Ҳамид Алимжон ҳәм Зульфия, Ибрайым Юсупов, Еркин Воҳидов, Абулла Арипов, Муҳаммад Юсуп исмлери менен аталған дөретиўшилик мектеплериниң оқыў бағдарламаларын жетилистириў бойынша илажлар режесин ислеп шықсын. Онда Жазыўшылар аўқамы оқыў бағдарламаларын илимий ҳәм дөретиўшилик жақтан қәлиплестириў, бул мектеплерге талантлы оқыўшыларды таңлап алыў, көзге көринген жазыўшы ҳәм шайырлар тәрепинен дөретиўшилик семинарлар алып барыўды тәмийинлеў бойынша тийкарғы орынлаўшы ҳәм жуўапкер екени белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте жасларды әскерий-Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жумысын күшейтиў, әскерий бөлимлер, әскерий бағдардағы билим журтлары, атап айтқанда «Темурбеклер мектеплери»нде системалы түрде руўхый-ағартыўшылық жумысларды шөлкемлестириўге байланыслы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң Аўқамның жанында «Зульфияханым қызлары» клубын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

«Зульфияханым қызлары» клубы ағзаларының Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының мирәт етиўине тийкарланып Ташкент қаласына клубтағы сабақларға ҳәр шеректе бир мәрте келип-кетиўине байланыслы қәрежетлер «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны инабатқа алынсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанында жоқары әдебият курсын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги 2018-жылдың 1-августине шекен Жоқары әдебият курсы қәнигеликлери бойынша тийисли маманлық талапларын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм  белгиленген тәртипте тастыйықласын.

  1. 2018/2019 оқыў жылынан баслап Жоқары әдебият курсына бакалавр дәрежесине ийе болған ҳәм әдебият тараўында өзиниң дөретиўшилик қәбилетин көрсеткен дөретиўшилер Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдеги 393-санлы қарары менен тастыйықланған Жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық таңлаў тийкарында қабыл етилетуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен келисе отырып, Жоқары әдебият курсына жыллық қабыллаў квоталарын (40 процент бюджет ҳәм 60 процент төлем-контракт бойынша) белгиленген тәртипте қәлиплестирсин.

  1. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте жазыўшылар қыябанында турақлы руўхыйлық сабақларын, китап оқыў саатларын, жаслар арасында китапқумарлық таңлаўларын өткериў, усы аймақта жайласқан Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнери көргизбеси имаратында белгили дөретиўшилерге бағышланған экспозициялар шөлкемлестириў бойынша илажлар бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Сыртқы ислер министрлигиниң:

талантлы дөретиўшилерге «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан анық социаллық буйыртпалар бериў системасын қәлиплестириў;

көркем шығармаларды шет тиллерге аўдарыў мақсетинде миллий әдебиятымыздың ең жақсы үлгилерин анықлаў бойынша арнаўлы комиссия дүзиў;

комиссия тәрепинен таңламалы шығармаларды «Ижод» жәмийетлик қорының қаржылары есабынан шет тиллерге сапалы аўдарыў ҳәм шет еллерде басып шығарыў;

көркем әдебият бойынша жас дилмашларды таярлаў, жумыс алып барып атырған дилмашлардың кәсиплик маманлығын ҳәм шеберлигин арттырыўға байланыслы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

республика бойынша «Китап акциясы» илажларын турақлы жолға қойған ҳалда, мәҳәлле ҳәм мектеплерге, Меҳрибанлық үйлерине «Ижод» жәмийетлик қорының қәўендерлигинде басып шығарылған китапларды бийпул жеткерип бериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте Интернет тармағы арқалы миллий әдебиятымызды кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Жәҳән» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте аудиокитаплар ислеп шығарыў ҳәм оларды тарқатыў, сондай-ақ, өзбек әдебиятын үгит-нәсиятлаўға бағышланған телекөрсетиўлер менен радиоеситтириўлерди системалы түрде жәриялап барыў бойынша қосымша илажлар ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-апрель