Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Төмендегилер:

Абдумумин Абдуахатович Абдуллаев мүддетсиз дәўирге

Волида Рустамовна Ахтамова он жыл мүддетке

Жамшид Уктамович Тиркашев он жыл мүддетке

Илхомжон Хакимович Рахманқулов он жыл мүддетке

Сайлаубай Аманбаевич Мамбеткадиров он жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайлансын.

  1. Басқа жумысқа өткенлиги мүнәсибети менен:

Ихтияр Уралович Касимов

Нематжон Ахмеджанович Акбаров

Рахат Аминбаевич Исмайлов Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилсин.

  1. Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының Баслығы                      И.Йўлдошев

Ташкент қаласы,

2018-жыл 30-март