Бәринен бурын, республикамыз халқының ярымына шамаласы аўыллық аймақларда жасап киятырғаны ҳәм олардың пидәкерлик мийнети, дийқан, фермер, шарўа ҳәм пидайылардың ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде дастурханымыз толы болып атырғаны «Абат аўыл» бағдарламасының қабыл етилиўинде тийкарғы фактор болғанын атап өтиў зәрүр.
Соңғы жылларда ўәлаятлардың ҳәм районлардың орайларында абаданластырыў ҳәм орайлық көшелердиң архитектуралық көринисин жаңалаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Аўыл халқы ушын жаңаланған үлгидеги жойбарлар тийкарында арзанлатылған турақ жайлардың қурылып атырғаны, атап айтқанда, 2017-жылы аўыллық жерлерде 18 мыңнан аслам шаңарақлар ушын социаллық ҳәм инженерлик инфраструктурасына ийе ықшам үйлер қурылғаны солардың қатарына киреди.
Бирақ, сапар етиўлер даўамында алыс ҳәм шеттеги аймақларда жасайтуғын халықтан келип түсип атырған ҳақыйқый мүрәжатлар соннан дәрек бермекте, халықтың турақ жай ҳәм турмыслық шараятларын жаратыў бағдарында айырым машқалалар сақланып қалмақта.
Соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер ҳәм жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлери басшыларының жуўапкерсизлиги ақыбетинде турақ жай қоры жыллар даўамында оңланбай, жоқарғы бөлеклери ҳәм сыртқы көриниси улыўма талапқа жуўап бермейтуғын аўҳалға келип қалған.
Буннан тысқары, аўыллық елатлы пунктлерде электр тармақларындағы ҳәм трансформаторлардағы авариялар электр тәмийнаты тармақларында көплеген үзилислерди келтирип шығармақта, сондай-ақ, суйылтырылған газ баллонларының жетиспеўи бақланбақта.
Кейинги әҳмийетли машқалалардан бири сол, аймақларда автомобиль жолларын оңлаў ҳәм сақлаў жумыслары сапасыз алып барылмақта, ишимлик суўының қубырлары ҳәм қурылмалары жарамсыз аўҳалға келип қалған және ақаба қурылмалары санитариялық талапларға жуўап бермейди.
Және соны да атап өтиў орынлы, халықтың айырым бөлеги усындай жағдайға көнликкени, жатып ишерлик кейпиятына берилгени нәтийжесинде өзиниң турақ жайын, ҳәўлисин ҳәм қыйтақ жерин сақлаўға итибар қаратпай қойған.
Бул ислер сектор басшыларының, мәкан пуқаралар жыйынларының, ҳаял-қызлар комитетлериниң ҳәм Жаслар аўқамының аймақлық буўынлары итибарынан шетте қалғаны жоқарыда атап өтилген машқалалардың ҳәм кемшиликлердиң тийкарын қурайды.
Соның менен бирге, орынлардағы белсендилердиң басламасы менен емес, ал аймақларда дәстүрге айланып қалған шембиликлерди тек ғана «көзаба» ушын байрам күнлерине жақын сәнелерде жүзеки өткериў әдетке айланып қалмақта.
Әлбетте, бундай жағдайлар ҳеш кимди, әсиресе, бул аймақларда жасап атырған халықтың барлық қатламларын қанаатландырмайды. Усы жағдайды түп-тийкарынан өзгертиў және халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў мақсетинде төмендегилер ислеп шығылған бағдарламаның тийкарғы мақсетлери етип белгиленген.
Усы жылдың 1-апрелинен баслап республикамыздың ҳәр бир район ҳәм қаласында, бәринен бурын, алыс ҳәм тәбийғый ықлым шараяты аўыр аймақларда 2018-жылы 2 еўден ҳәм келеси жылларда 3 еўден аўылда (мәҳәлледе) халықтың жасаў шараятларын басқышпа-басқыш түп-тийкарынан жақсылаўға, жасаў тәризинде ҳәм дәрежесинде сезилерли унамлы өзгерислерди тәмийинлеўге, бул аўыллардың (мәҳәллелердиң) келбетин заманагөйлестириўге ҳәм аўыл халқы ушын жумыс орынларын жаратыўға қаратылған «Абат аўыл» бағдарламасы әмелге асырылады.
2018-жылы елимиздиң 174 районындағы 368 мәкан пуқаралар жыйынының аймақларын комплексли түрде жаңалаў илажлары қабыл етилген бағдарламаның тийкарғы мақсетлери сыпатында белгиленген.
Бағдарламада, әсиресе, 127143 турақ жайды оңлаў, олардың төбесин, сыртқы көринисин, әтирапын абаданластырыў жумыслары айрықша орын ийелеген.
Бағларлама шеңберинде 1535 километр таза ишимлик суўы тармақларын оңлаў, жер асты суўларының көлемин азайтыў, аўылларды районның орайы менен байланыстыратуғын және аўылдың ишки жолларын ҳәм пиядалар жолларын қурыў ҳәм оңлаў ушын жәми 2083 километр жолларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, лизинг тийкарында 571 заманагөй автобус сатып алынып, аўыл менен район орайы арасында транспорт қатнаўын жолға қойыў ҳәм усы бағдарларда 252 бәндирги қурыў нәзерде тутылған.
Халықаралық қаржы институтларының кредитлери ҳәм кәрханалардың өз қаржылары есабынан 1847 километр электр тәмийнаты тармақларын жақсылаў, халықты суйылтырылған газ бенен тәмийинлеў ушын 44868 газ баллонын жеткерип бериў және байланыс системасын модернизациялаў жумыслары да әмелге асырылады.
Ҳәммемизге белгили, социаллық әҳмийетке ийе хызметлерди түп-тийкарынан жақсылаў мәмлекеттиң тийкарғы мақсетлеринен бири болып есапланады. Соннан келип шыққан ҳалда, балалар бақшасы, мектеп, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм сол сыяқлы басқа да жәми 736 социаллық тараў объектин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылып, лаборатория ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленеди.
Әлбетте, орынларда базар инфраструктурасы объектлерин ҳәм сервис шақапшаларын, соның ишинде, монша ҳәм киши исбилерменлик тийкарында қурыў айрықша әҳмийетке ийе.
Бағдарламаны әмелге асырыў ўазыйпаларына тоқтап өтетуғын болсақ, бул бойынша жергиликли ҳәкимликлердиң жанында «Абат аўыл» мақсетли қорлары дүзиледи. Бюджет, тармақ кәрханаларының, халықаралық қаржы инстититутларнының ҳәм шет елли мәмлекетлердиң грантлары, инталы исбилерменлердиң қаржылары, шембиликлер ҳәм қайырқомлық илажларын өткериў есабынан түсетуғын қаржыларды усы қорлардың дереклери сыпатында белгилеў нәзерде тутылмақта.
Тек ғана быйылғы жылда бағдарлама шеңберинде нәзерде тутылған жумысларға барлық дәреклердиң есабынан 3 триллион 40 миллиард сумнан зыят қаржылар исенимли ҳәм турақлы түрде қаратылады.
Бағдарламада өз сәўлелениўин тапқан бағдарларды әмелге асырыў бойынша тийисли жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң архитектуралық ҳәм техникалық шешимлери тийкарында пуқта ислеп шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде 190 ға шамалас тәжрийбели ҳәм маман жойбарлаў институтлары тартылады.
Ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыў, қурылыс-оңлаў жумысларын сапалы әмелге асырыў ушын потенциаллы қурылыс шөлкемлерин анықлаўға байланыслы таңлаўларды ақылға уғрас шөлкемлестириў, оларды өткериў процесин қадағалаў ҳәм бул бағдарда нәтийжелиликке ерисиўди тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген бул ҳүжжетте Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының жуўапкершилиги қатаң белгилеп қойылған.
Зәрүр материаллық-техникалық ресурсларды жәмлеў мақсетинде жергиликли өндирис кәрханалары тәрепинен цемент, металл прокаты, гербиш, жайдың төбесин жабатуғын өнимлер, темир бетон буйымлары, есик, айна рамкалары, лак-бояў сыяқлы тийкарғы түрдеги жергиликли қурылыс материалларын ҳәм үскенелерин жеткерип бериў ушын ҳәр бир елатлы пунктте фирма дүканларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.
Турақ жайларды оңлаўда үй ийелерине әмелий жәрдем көрсетиў, ең дәслеп, оларды арзан ҳәм сапалы қурылыс материаллары менен тәмийинлеўде, ислеп шығарыўшылар ушын электр энергиясын ҳәм газди жеткерип бериўде преференциялар нәзерде тутылған.
Бағдарламаны әмелге асырыўға байланыслы жумысларды ақылға уғрас шөлкемлестириў бойынша мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволардың басшыларынан ибарат қурамда турақлы түрде хызмет көрсететуғын Республикалық комиссия шөлкемлестирилген.
Ҳәр бир аўыл кесиминде район (қала)лық аймақлық шөлкеми менен биргеликте мөлшерленип атырған кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў ҳәм басқарыў бойынша райондағы сектор басшыларының басқарыўында арнаўлы штабларды енгизиў, соның ишинде, усы штабларға жумысларды шембилик ҳәм хожалық усылында орынлаўды тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, қаржыландырылатуғын жумыслар бойынша бар барлық имканиятларды тартыў, атап айтқанда, салықтың жыйналыўшаңлығын арттырыў ҳәм қосымша анықланатуғын дәреклерден жергиликли бюджет дәраматын көбейтиў сыяқлы ўазыйпалар жүкленген.
Атап өтилген системаларға архитектуралық, санитариялық ҳәм техникалық талаплар тийкарында жеке мүлк ийелери өз турақ жайын сақлаў, бар қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў, жер ҳәм мүлк салықлары ҳәм көрсетилген коммуналлық хызметлер ушын өз ўақтында есап-санақ етилиўин тәмийинлеў және қарыздарлыққа жол қоймаў, шембиликлерде пуқаралардың тиккелей жеке қатнасыўын сәўлелендиретуғын жәмийетлик шәртнамаларды дүзиў де нәзерде тутылған.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, «Давергеодезкадастр» комитети ҳәм «Давархитектқурилиш» комитети жанындағы Мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўы инспекциясы турақ жай, имаратлар ҳәм қыйтақ жер хожалықларының мүлк ийелери тәрепинен әмелдеги талапларды ҳәм қағыйдаларды бузыў ҳәм бойсынбаў жағдайларына жол қойылған ўақытта Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине муўапық тийисли илажлар көриўи белгиленген.
Бул бағдарламаның қабыл етилиўи ҳәм турмысқа избе-из енгизилиўи мәҳәллелерди абаданластырыў ҳәм қурылыс жумысларын әмелге асырыў, бул бағдардағы қәдриятларымызды избе-из даўам еттирген ҳалда, барлық аймақларда кең көлемли қурылыс жумысларын орынлаў арқалы аўыл халқы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм олардың турмыслық мәдениятын буннан былай да жоқарылатыў, ең тийкарғысы, жақсы ислерге ийтермелеўге хызмет етеди.