Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-марттағы «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, аўыллық елатлы пунктлердиң архитектуралық келбетин түп-тийкарынан жаңалаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, жол-транспорт инфраструктурасын, инженерлик-коммуникация тармақларын ҳәм социаллық тараў обеъктлерин қурыў және сол тийкарда халықтың турмыс мәдениятын арттырыў мақсетинде:

1.Төмендегилер:

«Абат аўыл» бағдарламасының 2018-жыл ушын мөлшерленген мақсетли параметрлери ҳәм бағдарлама шеңберинде 2018-жылы әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының тийкарғы көрсеткишлери 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық;

«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 2018-жылы әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларының қаржы көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық;

«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде өндирис кәрханаларына тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын халық ушын белгиленген баҳаларда жеткерип бериў преференциялары енгизилетуғын тийкарғы түрдеги қурылыс материалларының дизими  4-қосымшаға муўапық;

«Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў ушын район ҳәм қала ҳәкимликлери жанында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы штаблардың үлгили қурамы 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. «Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўын муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда Республикалық комиссия деп аталады) 6-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

бағдарламада қатнасып атырған министрликлер, ведомстволар, хожалық бирлеспелери менен жергиликли ҳәкимликлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, жүзеге келген машқалалы мәселелерди шешиў;

қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша белгиленген параметрлердиң орынланыўын өз ўақтында ҳәм толық тәмийинлеў бойынша системалы мониторинг жүргизиў;

Келеси жыллар ушын «Абат аўыл» бағдарламасын таярлаў, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асыралатуғын аўыллық елатлы пунктлердиң дизимин қәлиплестириў ҳәм бағдарлама параметрлерин ислеп шығыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлер-буйыртпашылардың усыныслары тийкарында тастыйқыланған бағдарламаның тийисли параметрлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў, сондай-ақ, орынланатуғын жумыстың түрлерине ҳәм көлемлерине және қаржыландырыў дәреклерине келисилген ҳалда анықлық киргизиў.

Министрлер Кабинетиниң Аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелери мәлимлеме-талқылаў департаменти Республикалық комиссияның Жумысшы уйымы етип белгиленсин және оған келеси жыллар ушын «Абат аўыл» бағдарламасын ислеп шығыў, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылатуғын аўыллық елатлы пунктлериниң дизимин қәлиплестириў ҳәм бағдарлама параметрлерин ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленсин.

Республикалық комиссия (А.Ж Раматов) Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманынан келип шығып, он күн мүддетте жергиликли ҳәкимликлер ҳәм тийисли министрлик (ведомство)лер тәрепинен ислеп шығылған және Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Экономика министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен келисилген районлар ҳәм аўыллар кесиминдеги мәнзилли дизимлерди тастыйықласын.

3.Өзбекстан Республикасы  Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, басқа да тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте келеси жылғы Өзбекстан Республикасының раўажланыў бағдарламасының параметрлерин қәлиплестириўде «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 2019-жылы әмелге асырылатуғын қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары ушын зәрүр орайласқан капитал қойылмалардың лимитин нәзерде тутсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет министрлиги, Автомобиль жоллары бойынша мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ ҳәм «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде социаллық тараў объектлери, жол-транспорт инфраструктурасы ҳәм инженерлик коммуникациялары қурылысына халықаралық қаржы институтларының кредит қаржыларын тартыў ушын жойбардың қаржы-экономикалық есабын (жойбар алды ҳүжжетин) он бес күн мүддетте таярлап, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетине усынсын.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң  баслығы С.Р Холмуродов министрликлер,  ведомстволар  ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен усынылған жойбарлардың қаржы-экономикалық есаплары (жойбар алды ҳүжжетлери) тийкарында  «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўға халықаралық қаржы институтлары ҳәм шет ел ҳүкиметлериниң қаржыландырыўшы шөлкемлериниң узақ мүддетли жеңилликли кредитлерин ҳәм грант қаржыларын тартыў илажларын көрсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район (қала)лардың ҳәкимликлери бир ай мүддетте тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген ҳәр бир район (қала) ҳәм аўыл бойынша арнаўлы штабларды қәлиплестирип, олардың жумысын жолға қойсын, сондай-ақ, ҳәр бир объект көлеминде тармақтың кестелерин тастыйықласын ҳәм мониторинг нәтийжелерин ҳәр айдың жуўмағы менен Республикалық комиссияға усынып барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, «Өзметкомбинат» АЖ, «Өзқурылысматериаллары» АЖ, тийисли министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде аўыллық елатлы пунктлерде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын орынлаў ушын тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық тийкарғы түрдеги жергиликли қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм қураллары менен үзликсиз тәмийинлеў илажларын көрсин.

«Өзқурылысматериаллары» АЖ, «Өзметкомбинат» АЖ, «Өзбекнефтгаз» АЖ, «Өзарнаўлымонтажқурылыс» АК, «Өзэлтехсанаат» АК қурамында қурылыс материалларын ҳәм қуралларын ислеп шығарыўшы кәрханалар бар болған хожалық бирлеспелери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм сектор басшылары менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын орынлаўға жергиликли қурылыс материалларын, буйымларын ҳәм үскенелерин жеткерип бериў ушын орынларда саўда шақапшаларын-кәрханалардың фирма дүканларын ҳәм филиалларын комплексли тәризде шөлкемлестирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери, секторлардың басшылары, Өзбекстан Республикасы «Давергеодезкадастр» комитети, «Давархитектқурылыс» комитети, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик автомобиль жоллары комитети, «Өзбекэнкерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, басқа да тийисли ведомстволар ҳәм шөлкемлер менен биргеликте бир ай мүддетте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерин хатлаўдан өткерип, олардың нәтийжелерине бола:

бар турақ жайлар, имаратлар, инфраструктура объектлери, жол-транспорт ҳәм инженерлик коммуникациялардың техникалық жағдайын үйренсин ҳәм сол тийкарда оларда қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларының әмелге асырылыўын;

техникалық талапларға жуўап бермейтуғын яки нызамсыз түрде қурылған имаратлардың ҳәм қурылмалардың бузылыўын;

өз басымшалық пенен ийелеп алынған жер майданлары район ҳәкимлериниң жер резерв фондларына алыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик автомобиль жоллары комитети «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде район орайынан аўылларға шекемши болған жолларды, аўыллардың орайлық көшелерин ҳәм асфальт пенен қапланған жолларды оңлаў, аўыллардың асфальт қапламысыз ишки жолларына қум-шағал тас араласпасын жайыў ҳәм пиядалардың жолларына бетон қаплама жайыўды нәзерде тутатуғын жойбар шешимлери тийкарында әмелге асырсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўәлаятлар ҳәм район (қала)лардың ҳәкимлери және секторлардың басшылары менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде бар көп квартиралы турақ жай фондын жақсылаў, улыўмалық пайдаланыў бөлеклерин ҳәм майданларын (фасад, подъезд, текше майданлары, жайдың төбеси, подвал, тротуар, балалар майданшалары) оңлаў, турмыслық инфраструктура объектлерин (сыртқы санитариялық тармақлар, тандырхана) жайластырыў ҳәм қоршаған орталықты тәртипке келтириў бойынша үлгили талапларды (эскиз жойбарын) ислеп шығып, жумысларды сол тийкеарында әмелге асырыўды тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы «Давархитектқурилиш» комитети, Турақ жай коммуналлық хызмет министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимлери ҳәм сектор басшылары менен биргеликте ҳәр бир жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетлер ушын өз алдына жойбарлаў шөлкемлерин бириктирип, олар тәрепинен көп квартиралы турақ жай фондын жақсылаў, сыртқы көринисин тәртипке келтириў, улыўма пайдаланыў объектлерин ҳәм майданларын оңлаў, турмыслық инфраструктура объектлерин жайластырыў және қоршаған орталықты абаданластырыў бойынша жойбарлаў ислеп шығылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитети аймақлық «Таза аймақ» МУКлар менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде шығынды жыйнаў пунктлерин қурып, системалы түрде шығындыларды жыйнаў, алып кетиў ҳәм утилизациялаў жумысларын шөлкемлестирсин ҳәм бул жумысларды орынлайтуғын кәрханаларды керекли транспорт қураллары, техника және машина-механизмлер менен тәмийинлеў бойынша илажлар көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм район ҳәкимлери, секторлар басшылары, хожалық бирлеспелери, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген аўыллық елатлы пунктлерде жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықты жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлесин.

Онда бар резервлерден ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, бос турған имаратларда өндирис ҳәм инфраструктура объектлерин шөлкемлестириўге, социаллық тараў ҳәм базар инфраструктурасы объектлерин қурыўға ҳәм оңлаўға, сондай-ақ, халыққа хызмет өрсетиў және сервис шақапшаларын қурыўға және олардың тармақларын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылсын.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының бас министри А.Н.Ариповқа, Бас министрдиң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, Бас министрдиң орынбасарлары Ж.А.Қўчқаров ҳәм С.Р.Холмуродовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 29-март