Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Елимизде карантиндеги зыянлы организмлер Өзбекстан аймағына кирип келиўиниң ҳәм тарқалыўының алдын алыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, өсимлик ҳәм мийўе-овощ өнимлериниң экспортын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Бундай шараятта қәўипли зыянкеслерден, өсимликлер кеселлигинен, жабайы шөплерден республика аймағының исенимли қорғалыўын тәмийинлейтуғын ишки ҳәм сыртқы өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик илажлардың нәтийжели системасын жолға қойыў және олардың елдиң ишинде тарқалыўына жол қоймаў бағдарындағы жумысларды күшейтиў айрықша әҳмийетке ийе.

Соның менен бирге, усы тараўдағы жумыслардың жағдайын үйрениў фитосанитарлық қәўипсизликти толық тәмийинлеўге ҳәм шет ел мәмлекетлери, компаниялары ҳәм корпорациялары менен сыртқы саўда байланысларын кеңейтиўге, экспорт потенциалын арттырыўға, өнимлерди сыртқы базарларға алып шығыўға унамсыз тәсир ететуғын бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлердиң бар екенлиги анықланды.

Өсимликлер карантини тараўындағы миллий нызамшылықты халықаралық нормаларға ҳәм қағыйдаларға муўапықластырыў бойынша жедел жумыслар алып барылмай атыр, соның нәтийжесинде шет елли бирге ислесиўшилер тәрепинен жергиликли өнимлердиң орнатылған стандартларға муўапық емеслиги, өз мәмлекетлериниң базарларына алып кирилиўин бийкарлаў жағдайлары жүз бермекте және шет елден қаржыларды тартыў процеси қыйынласпақта. Республика регионларында ҳәзирги күнге шекем экспортқа жиберилген ҳәм карантин зыянкеслери, өсимликлер кеселликлери, жабайы шөплерди тасыўшы болыўы мүмкин болған шет мәмлекетлерден алып кирилетуғын туқымлар, өсимликлер, өсимлик өнимлери ҳәм басқа да материалларды карантин тексериўинен ҳәм экспертизадан өткериў бойынша лабораториялар жоқ.

Өсимликлер карантини тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың тәсирли системасы жоқ, соның нәтийжесинде қәнигелердиң қәсиплик шеберликлериниң, олардың усы тараўдағы көнликпелериниң арттырылыўы тәмийинленбей атыр.

Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет бөлимлериниң төмен материаллық-техникалық тәмийнаты, олардағы хызметкерлер, әсиресе, орынларда жумыс алып барыўшылардың карантин илажларын өткериўи ушын зәрүр үскенелер менен тәмийинленбей атырғаны және де олардың қаржы ҳәм социаллық тәмийнаты жетерли дәрежеде болмағанлығы өзлерине жүкленген ўазыйпалар менен миннетлемелерди нәтийжели ҳәм сапалы орынлаў имканиятын бермейди.

Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў, елмизде фитосанитарлық қәўипсизлик тәмийинлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаўдың бир пүтин системасын жаратыў мақсетинде ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў бойынша турақлы жумыс ислейтуғын ведомстволараралық жумысшы топар дүзилсин ҳәм оның қурамы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер ведомстволараралық жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

өсимликлер карантини тараўындағы жумыслардың жағдайын комплексли үйрениў;

Өзбекстан Республикасының өсимликлер карантини тараўындағы халықаралық шәртнамаларға, соның ишинде, Өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы бойынша халықаралық Конвенцияға (Рим, 1951-жыл) қосылыўы бойынша анық илажларды ислеп шығыў;

Өзбекстан Республикасы Нызамшылығының өсимликлер карантини тараўындағы барлық халықаралық стандартларға муўапықлығын тәмийинлеў бойынша усыныслар таярлаў;

шет мәмлекетлердиң карантин хызметлери менен (Қырғызстан Республикасы, Тәжикстан Республикасы, Беларусь Республикасы, Әрмения Республикасы, Таиланд Патшалығы, Япония, Малайзия, Сингапур Республикасы, Түркия Республикасы, Германия Федеративлик Республикасы, Латвия Республикасы, Бангладеш, Ҳиндстан Республикасы, Аўғанстан Ислам Республикасы ҳәм басқалар) өсимликлер карантини тараўында бирге ислесиў бойынша шәртнамаларды дүзиў мәселесин ислеп шығыў, соның ишинде, усындай келисимлердиң жойбарларын таярлаў.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – Инспекция) структурасында төмендегилер шөлкемлестирилсин:

Халықаралық байланыслар, инвестициялар ҳәм инновациялық раўажланыў басқармасы;

Өсимликлер карантини  хызмети бойынша фитосанитарлық қәўипти болжаў ҳәм талқылаў басқармасы;

ишки ҳәм сыртқы өсимликлер карантини бөлими тийкарында Ишки ҳәм сыртқы өсимликлер карантини басқармасы;

Өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы бойынша топланған мәлимлеме-талқылаў басқармасы;

Мәлимлеме-коммуникация технологиялары бөлими.

  1. Инспекция ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Инспекцияның Өсимликлер карантини системасын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Инспекцияға қосымша 176 штат бирлигин, соның ишинде 121 өсимликлер карантини бойынша районлық ҳәм қалалық инспекторларды, 55 автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар, дәрья портындағы өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери ҳәм почтамтағы пункт инспекторларын ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының шөлкемлестириўшилик структурасы 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының басқарма хызметкерлери шекленген саны 38 ден ибарат болған соның қосымша енгизилип атырған 18 и 2018-жылы Қор қаржылары есабынан, 2019-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қаржынадырылатуғын орайлық аппараттың дүзилиси 3-қосымшаға муўапық;

өсимликлер карантини аймақлық инспекцияларының үлги структурасы ҳәм хызметкерлердиң шекленген саны, сондай-ақ, автомобиль жолларындағы, темир жол станцияларындағы, аэропортлардағы, дәрья портындағы өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери ҳәм почтамтағы пункт дизими 4-6-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.

  1. Инспекция баслығына төмендеги ҳуқық берилсин:

зәрүр жағдайларда Инспекцияның орайлық аппараты, өсимликлер карантини аймақлық инспекциялары ҳәм оның қурамына киретуғын басқа да шөлкемлердиң структурасына хызметкерлердиң белгиленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

Қордың қаржылары есабынан Инспекция хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин енгизиў.

  1. Инспекция баслығы ҳәм өсимликлер карантини аймақлық инспекциялары баслықлары лаўазымына бола тийислисинше Өсимликлер карантини бойынша Өзбекстан Республикасы бас мәмлекетлик инспекторы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы өсимликлер карантини бойынша бас мәмлекетлик инспекторлары болып есапланатуғыны;

өсимликлер карантини бойынша район ҳәм қала инспекторлары, автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар ҳәм дәрья портлары өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери ҳәм почтамттағы пункт инспекторлары хызмет ўазыйпаларын арнаўлы формадағы кийим ҳәм тийисли ажыратып туратуғын белгилерин кийип жүретуғыны;

инспекторларды формалы кийим ҳәм тийисли ажыратып туратуғын белгилер менен тәмийинлеўге байланыслы қәрежетлер Қордың қаржылары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте формалы кийим ҳәм тийисли ажыратып туратуғын белгилердиң үлгилерин тастыйықласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасында ҳәм ўәлаятларда өсимликлердиң агротехникалық, биологиялық ҳәм химиялық қайта ислениўин әмелге асырыў ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында екеўден өсимликлер клиникасы шөлкемлестирилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Инспекция, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте өсимликлер клиникасы жумысын жолға қойыў бойынша барлық тийисли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды көрсин.

  1. 2018-2020-жылларда Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўдиң жетилистириў илажлары бағдарламасы (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламасы) 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Қордың қаржылары белгиленсин.

Инспекция, Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министрлиги, тийисли министрликлер менен ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларына Илажлар бағдарламасында белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын шөлкемлестириў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Инспекция Қаржы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда қарантин лабораторияларын шөлкемлестирилиўин және олардың карантин илажларын әмелге асырыў ушын керекли болған барлық зәрүр лаборатория үскенелери ҳәм техникалық қураллары менен үскененлеўин тәмийинленсин.
  2. 2018-жылдың 1-апрелинен Инспекция ҳәм өсимликлер карантини аймақлық инспекциялары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлерден келип түсетуғын мәмлекетлик бажы ҳәм жыйым көринисиндеги түсимлер Қорға 80 процент муғдарында, соның ишинде Инспекция хызметкерлериниң материаллық хошаметлениўине Қорға келип түсетуғын қаржылардың 10 процентинен артық болмаған муғдары қаратылыўы белгилеп қойылсын.

2017-жылдың 1-декбаринен 2018-жылдың 1-апрелине шекем бюджетке өткерилиўи тийис болған мәмлекетлик бажы ҳәм жыйым көринисиндеги түсимлер Инспекция тәрепинен 2018-жылдың ақырына шекем қапланыўы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Илажлар бағдарламасында көрсетилген илажларды қаржыландырыў ушын Инспекцияның тийкарланған буйыртпасы тийкарында Инспекцияға Өзбекстан Республикасы республика бюджети есабынан мақсетли қаратылған 15 миллиард сумнан көп болмаған муғдарда қаржылар ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер:

өсимликлер клиникасы 2018-жылдың 1-июлинен 2022-жылдың 1-январына шекем жер салығы, юридикалық шахслардың дәрамат ҳәм мүлк салығынан және  бирден-бир салық төлемлерин төлеўден;

2020-жылдың 1-январына шекем белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлерге бола өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўди жетилистириў ҳәм елимизде карантин жағдайын жақсылаў ушын Өзбекстан Республикасына алып кирилетуғын республикада ислеп шығарылмайтуғын ямаса жетерли көлемде ислеп шығарылмайтуғын комплектлеўши буйымлар ҳәм аўысық бөлеклер, әсбап-үскенелер ҳәм прибор, машина ҳәм механизмлер, компьютер ҳәм диагностика техникасы бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.

  1. 2018-жыл 1-майдан өсимликлер карантини бойынша район ҳәм қала инспекторлары, автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар, дәрья портындағы өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери ҳәм почтамттағы пункт инспекторларына, нызам ҳүжжетлеринде белгиленген үстеме ҳәм қосымша төлемлерден тысқары, Қор қаржылары есабынан ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мийнет етиўде жоқары нәтийжелерге ерискени ушын Инспекция баслығы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда тастыйықланатуғын жумысты баҳалаўдың рейтинг системасына муўапық белгиленетуғын, төмендеги муғдарлардағы хошаметлеўши төлемлер бериледи:

70 баллдан 80 баллға шекем топлаған инспекторларға – лаўазым мийнет ҳақысына 50 процентке шекем;

80 баллдан 90 баллға шекем топлаған инспекторларға – лаўазым мийнет ҳақысына 100 процентке шекем;

90 баллдан 100 баллға шекем топлаған инспекторларға – лаўазым мийнет ҳақысына 150 процентке шекем.

  1. Инспекция, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар менен Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң:

2018/2019 оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде, оның Нөкис ҳәм Термиз қалаларындағы филиалларында, Әндижан аўыл хожалығы институтында қор қаржылары есабынан ҳәр үш жылда кеминде бир мәрте өткерилетуғын Инспекция хызметкерлерин, биринши гезекте район ҳәм қала инспекторларын, автомобиль жоллары, темир жол станциялары, аэропортлар, дәрья портындағы өсимликлер карантини бойынша шегара пунктлери және почтамттағы пункт инспекторларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў курсларын шөлкемлестириў;

Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде өсимликлер карантини ҳәм қорғалыўы кафедрасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте 2018-2020-жылларда өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметтиң хызметкерлерин шет елде қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарламасын тастыйықласын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-августтағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-3249-санлы қарарының 1 ҳәм 2-бәнтлери және оның 1, 2, 3, 3а, 3б ҳәм 4-қосымшалары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Инспекция мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине төмендегилер бойынша усыныслар киргизсин:

өсимликлер карантини тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына байланыслы ҳәкимшилик жуўапкершиликти буннан былай да күшейтиў ҳаққында;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары З.Т.Мирзаевқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Р.Иноятов ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 28-март