Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Архитектура ҳәм қурылыс тараўын басқарыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў аймақлардың заманагөй келбетин қәлиплестириў, турмыс ҳәм исбилерменлик ушын қолайлы шараятларды жаратыўға қаратылған қала қурылысы жумысын сапа жағынан жаңа дәрежеге көтериўдиң айрықша шәрти болып есапланады.
Соның менен бирге, талқылаўлар қурылыс тараўында мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириўде заманагөй қала қурылысы усылларын, нормаларын ҳәм қағыйдаларын кеңнен енгизиўге, бәсекиликти раўажландырыўға, жаңа субъектлердиң инновациалық идеялар, қолланбалар ҳәм технологиялар менен базарға кирип келиўине тосқынлық етип атырған бир қатар системалы машқалаларды ашып берди. Атап айтқанда:
бириншиден, қала қурылысы жумысы, жойбарлаў ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши хызметлер базары, сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыўдың жағдайы ҳәм раўажланыў тенденциялары комплексли талқыланбаған, нәтийжеде, аймақларды қала қурылысы жағынан раўажландырыўдың орта мүддетли ҳәм перспиктивалы бағдарлары белгиленбеген;
екиншиден, архитектура ҳәм қурылыс уйымларының шөлкемлестириўшилик-штат структурасы қурылыс ҳәм реконструкция процесслерин толық бақлап барыўды тәмийинлеў, сондай-ақ, қурылыс-монтажлаў жумысларының сапасын нәтийжели қадағалаў ушын бар ресурсларды жумсаўға имканият бермей атыр;
үшиншиден, архитектура ҳәм қурылыс уйымлары функцияларының пытыраңқы екенлиги және олардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў дәрежесиниң төменлиги қала қурылысы тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң максимал ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлемей атыр;
төртиншиден, көпшилик елатлы пунктлердиң бас режелерин жоқлығы аймақларды комплексли қурыўға, өндирис ҳәм инфраструктура объектлерин жайластырыўға, исбилерменликтиң белсендилигин раўажландырыўға унамсыз тәсир етпекте, сондай-ақ, қурылыс процесинде пуқта ойланбаған қарарларды қабыл етиўге себеп болмақта;
бесиншиден, техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер әдеўир гөнерген және оларда архитектура-қурылыс жумысларын алып барыўдың инновациалық усылларын, знергия үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў итибарға алынбаған, бул болса жойбарлаў – смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм объектлерди қурыў сапасына унамсыз тәсир етпекте;
алтыншыдан, қурылыс жумысларын шөлкемлестириў, инновациялық идеяларды ҳәм қолланбаларды енгизиўде айырым жағдайларда тар ведомстволық мәптиң үстинлик етиўи бюджет қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланбаўдың себеплеринен бири болып есапланады;
жетиншиден, қурылыс тараўы ҳәм қурылыс материаллары санаатында перспективалы инновациялық жойбарларды, инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды алға қойыў ҳәм әмелге асырыўда, сондай-ақ, инновациялық өнимлерди енгизиў ушын инфраструктураны жетилистириўде мәмлекетлик – жеке меншик шериклигинен пайдаланыўға жетерли итибар қаратылмай атыр;
сегизиншиден, кадрлар таярлаўдың қайта таярлаўдың ҳәм маманлығын арттырыўдың әмелдеги системасы архмитектура-қурылыс тараўын жедел раўажландырыў ўазыйпаларын нәтийжели жүзеге шығарыўға имканият бермей атыр, қадрларды материаллық хошаметлеў дәрежесиниң төменлиги болса маман қәнигелердиң системадан кетип қалыўына алып келмекте.
Архитектура-қурылыс тараўын басқарыўдың қала қурылысы жумысына инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм алдынғы мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў имканиятын беретуғын заманагөй системаны жаратыў, көрсетилип атырған хызметлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм Өзбекстан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети тийкарында Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлиги (кейинги орынларда Министрлик деп жүргизиледи);
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Раўажландырыў ҳәм материаллық хошаметлеў қоры және билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў қоры базасында Министрликтиң жумысын қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс қадағалаўы Министрлик жанындағы Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы;
қурылыста стандартластырыў ҳәм сертификатлаў республикалық орайы Қурылыста стандартластырыў республикалық орайы етип қайта шөлкемлестирилсин.
- Төмендегилер:
қурылыс тараўында тийисли жумыс түрлерин лицензиялаў функциясын Министрликке өткерген ҳалда Қурылыс тараўында реформалардың әмелге асырылыўы мониторинги ҳәм жумысты лицензиялаў бойынша Республикалық комиссия;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети жанындағы Қала қурылысы жумысын мәлимлеме менен тәмийинлеў орайы;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитиети жанындағы Капитал қурылыста экономикалық реформаларды ҳәм баҳаларды қәлиплестириў орайы сапластырылсын.
Министрлик Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен келискен ҳалда 1-қосымшада нәзерде тутылған лицензияларды беретуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
қала қурылысы ҳәм қурылыс ушын инженерлик-техникалық излениўлер тараўында бирден-бир илимий-техникалық сиясатты алып барыў, мийнеттиң өнимдарлығын арттырыў, қурылыс-монтажлаў жумысларының қунын азайтыў, ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлейтуғын энергия нәтийжелилиги ҳәм энергия үнемлейтуғын инновациялық жойбарды ҳәм қарарларды қурылыс жумысына енгизиў;
республика аймағында халықты жайластырыўдың бас схемасын, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар, қалалар аймақларын режелестириў схемаларын, елатлы пунктлердиң бас режелерин ҳәм басқа да қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаўды шөлкемлестириў, олардың әмелге асырылыўы үстинен мониторинг жүргизиў;
қала қурылысы тараўында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары бойынша усыныслар таярлаў, архитектура-қурылыс жумысын раўажландырыўдың узақ мүддетли ҳәм орта мүддетли мәмлекетлик бағдарламаларын ислеп шығыў, аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тармақлық ҳәм аймақлық бағдарламаларын таярлаўда қатнасыў;
жойбарлаў ҳәм қурылыс жумысын муўапықластырыў, жойбарлаў-излеў шөлкемлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақлық тармақларды кеңейтиў, жеке тәртиптеги, үлгидеги, қайта қолланылатуғын ҳәм эксперименталь жойбарларды және жойбарлаў шешимлерин ислеп шығыўды шөлкемлестириў, қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертиза етиў;
қала қурылысы ҳәм қала қурылысы жумысының нормативлик-ҳуқықый базасын буннан былай да жетилистириў ҳәм жаңалаў, ведомстволық қурылыс нормаларын ҳәм қағыйдаларын ислеп шығыўды муўапықластырыў, жойбарлаў, қурылыс, қурылыс материалларын ҳәм буйымларын ислеп шығарыў тараўында стандартластырыў жумысларын әмелге асырыў;
архитектура, жойбарлаў ҳәм қурылыс тараўында маман қадрларды таярлаў, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде оқыў процесиниң дәрежесин ҳәм сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, қурылыс тараўында, соның ишинде, шет елдеги жетекши илимий-изертлеў шөлкемлеринде жойбарлаўшыларды ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға көмеклесиў.
- Министрлик:
Өзбекстан Республикасында архитектура ҳәм қурылыс тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланатуғыны;
жергиликли материалды терең қайта ислеў, бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа бағдарланған қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў көлемин көбейтиў ҳәм түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, жаңа түрдеги жоқары сапалы қурылыс материалларына болған ишки талапты қанаатландырыў бойынша бағдарламалық илажларды ислеп шығыў бағдарында «Өзқурылысматериаллары» АЖ жумысын муўапықластыратуғыны;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклерден қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Министрлик жанындағы Қурылыс тараўында қадағалаў бойынша инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
елатлы пунктлердиң тастыйықланған бас режелерине қатаң муўапық түрде комплексли қурылыс, елатлы пунктлерде режелестириў ҳәм қурыў, жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс монтажлаў жумысларын әмелге асырыў, қурылыс материалларын ҳәм буйымларын ислеп шығарыў ҳәм олардан пайдаланыўда юридикалық және физикалық шахслар тәрепинен қала қурылысы ҳаққындағы нызамшылыққа, қала қурылысы нормаларына, қағыйдаларына ҳәм стандартларына сөзсиз әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асырыў;
буйыртпашы техникалық қадағалаў ҳәм жойбарлаў шөлкемлери авторлық қадағалаў алып барыўы үстинен мониторинг өткериў.
- Қурылыс-монтажлаў шөлкемлериниң реестирин жүргизиў ҳаққындағы талап бийкар етилсин.
Барлық исбилерменлик субъектлерине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстан Республикасын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын қаржыландырыў қорынан қаржыландырылатуғын объектлер қурылысы шеңберинде товар (жумыс, хызмет)ларды сатып алыў бойынша таңлаў (тендер) саўдаларында белгиленген тәртипте қатнасыў ҳуқықы берилсин.
- Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен бирге еки ҳәпте мүддетте қурылыс тараўында айырым жумыс түрлерин лицензиялаўдың төмендегилерди нәзерде тутатуғын әпиўайыластырылған механизмин тастыйықласын:
лицензия шәртнамасына қол қойыў зәрүрлигин бийкар еткен ҳалда, анық ҳәм толық лицензия талапларын ҳәм шәртлерин;
лицензияны талап етиўшиниң лицензия талапларына ҳәм шәртлерине муўапықлығын тексериўдиң нәтийжели механизмин;
материаллық жуўапкершилик ҳәм лицензиат тәрепинен лицензия талапларына ҳәм шәртлерине әмел етилиўин қадағалаўды.
Министрлик 2018-жылдың ақырына шекем 1-қосымшада нәзерде тутылған бурын берилген лицензиялардың усы Пәрман менен белгиленген лицензиялаўдың жаңа механизмин есапқа алған ҳалда қайта рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги 2018-жыл 1-июльге шекемги мүддетте аккредитация механизмин енгизиў арқалы, соның ишинде, аккредитация уйымының еркинлигин тәмийинлеў, субъектлердиң маманлық талапларына муўапықлығын баҳалаў тәртибин белгилеўди нәзерде тутқан ҳалда, қурылыс тараўында техникалық қадағалаўға байланыслы мәмлекеттиң айырым функцияларын жеке меншик секторға өткериў бойынша усыныс киргизсин.
- Қурылыс жумысын жетилистириў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Қурылыс министри, министрликлер, ведомстовлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшылары Илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўы ушын жеке өзи жуўап беретуғыны белгилеленсин.
- Министрлик Әдиллик министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директоры Ш.Н.Содиқовқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 2-апрель