Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

            «Женерал Моторс Өзбекистан» АЖниң  ишки ҳәм сыртқы базарларда сатылып атырған өнимлерине баҳалардың қәлиплесиў буннан былай да  механизмин жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм «Өзавтосанаат» АКның 2017-жылдың 1-июнинен баслап «Женерал Моторс Өзбекистан» АЖниң барлық автомобиль модельлерин ишки базарда миллий валюта-сумға сатыўға өтиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.
  2. «Өзавтосанаат» АК:

2017-жылдың 1-июнине шекем дүзилген шәртнамалар бойынша жеңил автомобильлерди жеткерип бериў ҳәм төлемлерди қабыл етиў, шәртнамаларда нәзерде тутылған қатаң шәртлерде және белгиленген мүддетлерде төлемлерди халықаралық пластикалық карточкалар арқалы әмелге асырыўды;

сыртқы базарларды ҳәм экспорт етилип атырған өнимлердиң түрлерин және де диверсификациялаў, сыртқы базарлардағы орнымызды беккемлеў есабынан экспорт көлемин көбейтиўди;

жаңа бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыўды өзлестириўге қаратылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў есабынан өнимлер ислеп шығарыўды арттырыўды;

комплектлеўши бөлеклер ҳәм узеллер ислеп шығарыўды жергиликлилестириўди тереңлестириў, автомобиль ислеп шығарыўды раўажландырыў ушын зәрүр болған тийкарғы шийки зат ҳәм материалларды өзлестириў ҳәм өндирис көлемин арттырыў бойынша тармақлараралық кооперацияны кеңейтиў есабынан импорттың үлесин азайтыў және өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы қарарды әмелге асырыў илажлары ҳаққында тийисли қарар қабыл етсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 26-май