Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Перспективалы ҳәм талантлы футболшыларды таңлаў ҳәм таярлаўдың нәтийжели системасын жаратыў, миллий сайланды командалар ҳәм профессионал футбол клублары ушын сапалы спорт резервин қәлиплестириў, халықаралық талаплар ҳәм стандартлар тийкарында футбол бойынша тренер ҳәм төрешилерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-марттағы «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5368-санлы Пәрманына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖның:
«Бунёдкор» стадионын барлық имаратлары ҳәм объектлери комплекси менен бирге (кейинги орынларда «Бунёдкор» стадионы деп аталады) футбол бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў процесин шөлкемлестириў ҳәм спорт жарысларын және басқа да илажларды өткериў бойынша Өзбекстан футбол ассоциациясының тийкарғы базасы етип белгилеў;
перспективалы жас футболшыларды кейин ала профессионал тәризде таярлаў ҳәм футбол бойынша миллий сайланды командалар және профессионал футбол клублары ушын сапалы спорт резервин жаратыў мақсетинде орынларда оларды таңлап алыў (селекция) жумысларын әмелге асыратуғын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академияларын, сондай-ақ, Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында Республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясын шөлкемлестириў;
балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплерине жумысқа қабыл етилетуғын футбол бойынша тренерлердиң кандидатураларын Өзбекстан футбол ассоциациясы менен мәжбүрий келисиў тәртибин енгизиў;
Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Футбол бойынша тренер ҳәм төрешилерди таярлаў республикалық мектебин тамамлап, футбол бойынша тренер ҳәм төрешилерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў ўазыйпасын Өзбекстан футбол ассоциациясына жүклеў;
Өзбекстан Футболын қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы филиалларын сапластырыў және босаған қаржыларды Өзбекстан футбол ассоциациясына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 2018-2022-жылларда Өзбекстан Республикасында футболды буннан былай да раўажландырыў бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлигиниң:
пуқаралар жыйынының жас өспиримлер, жаслар ҳәм спорт мәселелери бойынша комиссиясы басшыларының ўазыйпасын пуқаралар жыйынлары баслықларының орынбасарлары – жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерине жүклеў;
пуқаралар жыйынлары баслықларының орынбасарлары – жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерди Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Дене тәрбиясын ҳәм спортты раўажландырыў қоры, Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы қаржылары есабынан материаллық хошаметлеў тәртибин енгизиў ҳаққындағы усыныслары қоллап-қуўатлансын.
- Пуқаралар жыйынларының жас өспиримлер, жаслар ҳәм спорт мәселелери бойынша комиссиялары:
Футбол ҳәм басқа да спорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў, саламат турмыс тәризине үйретиў, мәҳәллелерде жасайтуғынлар арасынан перспективалы ҳәм талантлы балалар менен жасларды таңлап алыў (селекция) жумысларын шөлкемлестириў мәселелеринде районлық (қалалық) дене тәрбиясы ҳәм спорт бөлимлери, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиялары, спорт федерация (ассоциация)ларының аймақлық бөлимлери менен бирге ислесетуғыны;
мәҳәллелерде футбол майданларын ҳәм басқа да спорт объектлерин абаданластырыўда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, районлық (қалалық) дене тәрбиясы ҳәм спорт бөлимлери, Өзбекстан футбол ассоциациясының аймақлық бөлимлерине көмеклесетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, Өзбекстан жаслар аўқамы, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте:
мәҳәллелерде футбол майданлары қурылысын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде қурылыўын нәзерде тутатуғын «Ҳәр бир мәҳәлледе футбол майданы» бағдарламасын;
пуқаралар жыйынлары баслықларының орынбасарлары – жаслар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилерди материаллық хошаматлеў тәртибин тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарарлардың жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Өзбекстан футбол ассоциациясы, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятлары ҳәкимликлериниң:
қәўендерлик қаржылары ҳәм Ферғана ўәлаяты жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклерин қаржыландырыў дәреги етип белгилеген ҳалда, өзбек футболының 105 жыллығына бағышлап Ферғана ўәлаяты Қоқанд қаласында заманагөй футбол стадионын қурыў;
қәўендерлик қаржылары, Өзбекстан футбол ассоциациясы қаржылары ҳәм Ташкент ўәлаяты жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклерин қаржыландырыў дәреги етип белгилеген ҳалда, суд тәрепинен мәмлекетлик дәраматқа өткерилген Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы «Сижжак» дем алыў орны негизинде Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында футбол бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыў базасын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Қоқанд қаласында футбол стадионы қурылысын ҳәм Бостанлық районында оқыў-шынығыў базасын шөлкемлестириў ҳаққында қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте футбол бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатларының жумысын сын көзқарастан үйренсин ҳәм нәтийжелери бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине:
олардың негизинде 14 аймақлық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиялары ҳәм Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында Республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясын шөлкемлестириў, оларды Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги системасынан Өзбекстан футбол ассоциациясы қарамағына өткериў және әмелдеги қаржыландырыў тәртибин сақлап қалыўды;
футбол бойынша басқа да мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатларды аймақларда спорт түрлерин раўажландырыў зәрүрлигин ҳәм әҳмийетин инабатқа ала отырып, басқа олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери, соның ишинде, спорттың ойын түрлери бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатларына қайта қәнигелестириўди;
балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академияларына, сондай-ақ, қайтадан қәнигелестирилип атырған мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатларына берилетуғын имаратлар менен объектлерди реконструкциялаў, оңлаў ҳәм үскенелеўди басқышпа-басқыш әмелге асырыў бағдарламасын тастыйықлаўды;
қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатларындағы футбол бөлимлерин қысқартыў ҳәм босап атырған оқыўшы қабыллаў квоталарын олимпиада ҳәм миллий спорт түрлерине, соның ишинде, спорттың ойын түрлерине бағдарлаўды;
Өзбекстан футбол ассоциациясы жанындағы Республикалық балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясын «Бунёдкор» стадионына жайластырыўды нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин.
- Төмендегилер:
«Бунёдкор» стадионы имаратлары менен объектлеринен пайдаланыў дирекциясы» ЖШЖ «Бунёдкор» стадионынан пайдаланыўшы шөлкем болып есапланатуғыны;
«Бунёдкор» стадионы имаратлары ҳәм объектлеринен пайдаланыў дирекциясы» ЖШЖ ны (кейинги орынларда – Дирекция), сондай-ақ, «Бунёдкор» стадионын сақлаў ҳәм оннан пайдаланыў қәрежетлерин қаржыландырыў дәреклери «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм Дирекцияның қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер болып есапланатуғыны;
«Өзбекнефтьгаз» АЖ бир ай мүддетте «Бунёдкор» стадионы имаратлары ҳәм объектлеринен пайдаланыў Дирекциясы» ЖШЖ ның шөлкемлестириўшилик ҳүжжетлерине Дирекция Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында жумыс алып барыўын нәзерде тутқан ҳалда тийисли өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан жаслар аўқамы, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы, Қаржы министрлигиниң төмендеги қаржыларды:
Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлигиниң спорт ҳәм дене тәрбиясы-ғалабалық илажлар республикалық Календарь режесинде нәзерде тутылған Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларын;
Өзбекстан жаслар аўқамының балалар ҳәм жас өспиримлер футболын раўажландырыў ушын ажыратылатуғын қаржыларын;
Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Дене тәрбиясын ҳәм спортты раўажландырыў қоры қаржыларын;
қәўендерлер ҳәм қайырқомлық етиўшилердиң қаржылары, сондай-ақ, нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклерден түсетуғын қаржыларды Өзбекстан футбол ассоциациясы жумысын ҳәм оған жүкленген ўазыйпаларды қаржыландырыў дәреклери етип белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- 2023-жыл 1-январьға шекем төмендегилер:
Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм Профессионал футбол клублары – барлық түрдеги салықлар және мәмлекетлик мақсетли қорларға мәжбүрий ажыратпаларды;
Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм профессионал футбол клублары – белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимге муўапық футбол бойынша спорт объектлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын зәрүр болған, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын спорт әсбап-үскенелерин, инвентарьларын ҳәм арнаўлы профессионал спорт кийимлерин, транспорт қуралларын, соның ишинде, арнаўлы транспорт қуралларын алып киргени ушын бажыхана төлемлерин (бажыхана жыйымларынан тасқары);
Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм профессионал футбол клублары тәрепинен тартылатуғын шет елли қәнигелерден – физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын төлеўден азат етилсин.
- Пайда салығын есаплаўда юридикалық шахслардың салық салынатуғын пайдасы Өзбекстан футбол ассоциациясы, оның аймақлық бөлимлери, «Өзбекстан Профессионал футбол лигасы» жәмийетлик бирлеспеси ҳәм профессионал футбол клубларының жумысын қаржыландырыўға жумсалатуғын қәўенлерлик ҳәм қайырқомлық жәрдеми түриндеги қаржылар суммасына, бирақ салық салынатуғын пайданың он процентинен көп болмаған муғдарда азайтылатуғыны;
Футбол бойынша шынығыўларды ҳәм жыйынларды өткериў ўақтында футболшылар ҳәм басқа да қәнигелер (тренер, төреши, инструктор), соның ишинде, шет ел қәнигелериниң спорт азық-аўқатлары менен аўқатланыўын, сондай-ақ, оларды сыйлықлаў (хошаметлеў)ды шөлкемлестириўге жумсалатуғын қаржылар физикалық шахслардың дәраматлары есапланбайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекстан футбол ассоциациясының талапларына бола шет елден тартылатуғын қәнигелерге консуллық ҳәм басқа да жыйымларды өндирмеген ҳалда кириў визаларының рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекстан футбол ассоциациясының талапларына бола шет елден тартылатуғын қәнигелерге мәмлекетлик бажы өндирмеген ҳалда көп мәртелик кириў визалары рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм мүддетиниң созылыўын, сондай-ақ, олар жасайтуғын жерде ўақтынша дизимнен өткерилиўин ҳәм ўақтынша дизимнен өткериў мүддети созылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Өзбекстан футбол ассоциациясы талапларына бола орнатылған төлемлерди өндирмеген ҳалда Өзбекстан Республикасына шет ел қәнигелерин тартыўға руқсатнамалар берилиўи (созылыўы)н, сондай-ақ, көрсетилген шет ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеўин әмелге асырыў ҳуқықына тастыйықлаўлар берилиўи (созылыўы)н белгиленген тәртипте тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Ташкент қаласы ҳәкимлиги мәпдар ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте «Бунёдкор» стадионының Өзбекстан футбол ассоциациясы балансына өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Әдиллик министрлиги, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:
Өзбекстан футбол ассоциациясы аймақлық бөлимлериниң басшылары ҳәм ҳәкимшилик қурамы (аппараты)ның үлги структурасын жаңалаў, сондай-ақ, олардың хызметкерлерин материаллық хошаметлеў механизмин жетилистириў;
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа, Өзбекстан Республикасы дене тәрбиясы ҳәм спорт министри Ш.Х.Исраиловқа, Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң баслығы У.М.Ахматжонов ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 16-март