Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде қәдирдан ҳаялға мүнәсип ҳүрмет-иззет көрсетиў, олардың жәмийетимиздеги орны ҳәм абыройын арттырыў, саламат ҳәм бәркамал әўладты кәмалға келтириў, өзиниң таланты ҳәм ибратлы иси менен жасларға өрнек болып киятырған қызларды хошаметлеў мақсетинде ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығын шөлкемлестириў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы 1999-жыл 10-июньдеги ПП-2326-санлы ҳәм «ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 2-февральдағы ПП-5325-санлы Пәрманларына тийкарланып:

  1. Өзбекстан ҳаял-қызлар комитети жанындағы Зульфия атындағы
    Мәмлекетлик сыйлық комиссиясының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының талантлы қызларын айрықша минез-қулқы, таланты, зейинлилиги, инталылығы, оқыўдағы табыслары ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысларда ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық мақуллансын.
  2. Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанларға 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар байрамына бағышлап өткерилетуғын салтанатларда дипломлары ҳәм көкирек белгилери тапсырылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы қаржы министрлиги Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық лауреатларының ҳәр бирине ең кем айлық мийнет ҳақының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўин тәмийинлесин.
  4. өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң ибратлы иси, олардың таланты менен ерискен жетискенликлерин кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Т.Нарбаеваға жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 2-март

* * *

Өзбекстан Республикасы Президентиниң
2018-жыл 2-марттағы
ПҚ-3581-санлы қарарына қосымша

 

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланғанлар

ДИЗИМИ

 

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

Жоллыбаева Шаҳодат Куралбай қызы

 
 Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 2-басқыш студенти
Утемуратова Наргиза Алиевна

 
 Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң 2-басқыш оқыўшысы