Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў, халықтың, әсиресе, жаслардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ушын зәрүр шараятларды ҳәм инфраструктураны жаратыў, елимиздиң халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, денетәрбиясы ҳәм спортты шөлкемлестириўде бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлердиң бар екени бул тараўда мәмлекетлик сиясатты нәтийжели алып барыўға ҳәм елимиздиң қолда бар спорт потенциалынан толық пайдаланыўға тосқынлық етпекте. Атап айтқанда:

бириншиден, әсиресе, орынларда денетәрбиясы ҳәм спорт басқармасының нәтийжели тутас системасы жоқ екени бул тараўда мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын зәрүр дәрежеде муўапықластырыўды, саламат турмыс тәризин ғалаба ен жайдырыўды ҳәм үгит-нәсиятлаўды тәмийинлемей атыр;   

екиншиден, елимизде ҳәм ғалабалық спорт, ҳәм жоқары спорт жетискенликлери тараўында анық ўазыйпалар менен мақсетли көрсеткишлерди белгилеген ҳалда, орта мүддетли және узақ мүддетли перспективада денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў концепциясы ислеп шығылмаған;

үшиншиден, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде спорттың заманагөй материаллық-техникалық базасын ҳәм инфраструктурасын жаратыў бойынша мәмлекетлик емес сектор менен өз-ара қатнасықлардың төмен дәрежеде екени бул тараўда жүзеге келген машқалаларды нәтийжели шешиўге имканият бермей атыр;

төртиншиден, орынларда жаслар арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў (селекция)дың нәтийжели ҳәм анық системасы жоқ екени сайланды командалардың қурамын сапалы толықтырыў ушын спорт резервин қәлиплестириўге ҳәм жоқары маманлықтағы спортшыларды таярлаўды тәмийинлеўге тосқынлық етпекте;

бесиншиден, спорт кадрларын, әсиресе, басқарыў кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың әмелдеги системасы денетәрбиясы ҳәм спорт басқармасы тараўында тәжирийбели қәнигелерге болған зәрүрликти қанаатландырыў имканиятын бермей атыр;

алтыншыдан, денетәрбиясы ҳәм спорт тараўын қоллап-қуўатлаўдың тек ғана айрықша спорт түрлерин раўажландырыўға бағдарланған, ақылға муўапық емес системасы басқа да ғалабалық олимпиада спорт түрлерин, бәринен бурын, спорт ойынларын ҳәм қысқы спорт түрлерин раўажландырыўға итибар қаратылмаўына алып келген;

жетиншиден, спортшыларды таярлаў ҳәм олардың медициналық тәмийинлениўинң инновациялық изертлеўлери ҳәм методикалық қолланбалары, заман талапларына жуўап беретуғын стандартларының жоқ екени сапалы оқыў-шынығыў процесиниң жолға қойылыўын тәмийинлемей атыр;

сегизиншиден, денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға бағдарланған қаржы қәрежетлери жумсалыўының тийкарлылығы ҳәм қалыслығы үстинен қадағалаўдың, бәринен бурын, ишки қадағалаўдың қаржы қәрежетлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлейтуғын ҳәм бул тараўдағы надурыс ис ҳәрекетлерди сапластырыўға қаратылған нәтийжели система қәлиплестирилмеген;

тоғызыншыдан, халықаралық стандартларға жуўап беретуғын сапалы жергиликли спорт әсбап-үскенелерин ҳәм инвентарларын ислеп шығарыў жолға қойылмаған, сондай-ақ, бундай өндиристи қоллап-қуўатлаўдың тәсиршең механизми нәзерде тутылмаған.

Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, халықтың, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында ҳәм Өзбекстан Республикасындағы Ҳәкимшилик реформалар концепциясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. 1. Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Сыртқы экономикалық хызмет миллий банки, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Ташкент қаласы ҳәкимлиги, спорт федерациялары (ассоциациялары)ның:

Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм оның аймақлық бөлимлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлигин (кейинги орынларда Министрлик деп аталады) шөлкемлестириў:

Министрликтиң орайлық аппараты структурасында спорт ислерин шөлкемлестириўде тийкарлылықты, объективлиликти ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған, соның ишинде, денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўға ажыратылған мәмлекетлик қаржы қәрежетлеринен ақылға уғрас пайдаланыўды талқылаў, халықтың спорт хызметлеринен қанаатланыў дәрежеси ҳәм спорт хызметлеринен пайдалана алыў шараятларын баҳалаў, сондай-ақ, коррупция ҳәм жумыс орнынан пайдаланып қыянет етиў жағдайларын анықлаў ушын жуўапкер болған Денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында мониторинг басқармасын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы Балалар спортын раўажландырыў қоры ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық бөлимлери тийкарында Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў қорын (кейинги орынларда – Қор) ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў;

тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, ўәлаятлар және Ташкент қаласы Денетәрбиясы ҳәм спорт басқармаларына бойсынатуғын ҳәм Қордың есабынан қаржыландырылатуғын районлық (қалалық) денетәрбиясы ҳәм спорт бөлимлерин шөлкемлестириў;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы институты жанындағы денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайын (кейинги орынларда – Орай) Министрликтиң қарамағына бериў, оны Ташкент қаласы, Шайхонтаҳур районы, Кўкча Дарвоза көшеси 27-жай мәнзилинде жайластырыў, Нөкис, Самарқанд ҳәм Ферғана қалаларында оның филилалларын шөлкемлестириў;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы институты тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетин (кейинги орынларда – Университет) шөлкемлестириў;

дүньяның жетекши өндирисшилерин тартқан ҳалда спорт кийимин, әнжамларын ҳәм үскенелерин ислеп шығаратуғын заманагөй кәрханалардың жумысын шөлкемлестириў ушын пайтахт аймағында «Спорт» еркин экономикалық зонасын шөлкемлестириў;

денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыўда және ғалаба ен жайдырыўда елимиздиң халықаралық спорт майданындағы абыройын арттырыўда айрықша хызмет көрсеткен денетәрбиясы ҳәм спорт тараўы хызметкерлерин және басқа да шахсларды сыйлықлаў мақсетинде «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен денетәрбиясы ҳәм спорт хызметкери» ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

2.Төмендегилер Министрликтиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында халықтың кең қатламларын спорт пенен шуғылланыўға ҳәм саламат турмыс тәризин жүргизиўге тартыў, физикалық жақтан саламат өсип киятырған әўладты тәрбиялаў, спорт индустриясын ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў, жоқары спорт шеберлиги тараўында елимиздиң халықаралық спорт майданында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

министрликлер ҳәм ведомстволар денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетлери және клубларының жумысын муўапықластырыў, сондай-ақ, республикалық мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң, улыўма билим бериў мектеплериниң, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшылары менен инструкторларының жумысына шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылықты әмелге асырыў;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетлери, билимлендириў мәкемелери, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте халықтың, әсиресе, жаслардың арасында денетәрбиясы ҳәм спорт пенен шуғылланыўды ғалаба ен жайдырыў бағдарында кең көлемли жумысларды шөлкемлестириў;

балаларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға тартыў, балалар спорт билимлендириўиниң сапасын арттырыў, барлық аймақларда, әсиресе, аўыллық жерлерде ҳәм алыс аймақларда балалар спорт объектлери тармағын буннан былай да кеңейтиў арқалы балалар спортын және де раўажландырыў;

Олимпиада, Паралимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән, Азия чемпионатларында ҳәм басқа да халықаралық жарыслар менен турнирлерде табыслы қатнасыўын тәмийинлеў ушын перспективалы спортшыларды таңлаў, таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўдың, олардың арасынан елимиздиң сайланды командаларының сапалы спорт резервин ҳәм қурамын қәлиплестириўдиң нәтийжели системасын жаратыўда Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, спорт федерациялары (ассоциациялары) менен бирге ислесиў;

елимизде профессионал, ғалаба спортты, соның ишинде, спорт ойынларын ҳәм қысқы спорт түрлерин раўажландырыўды хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, алдынғы халықаралық тәжрийбени есапқа алған ҳалда спорт таярлығы процесине заманагөй технологияларды енгизиў, барлық спорт түрлери бойынша миллий чемпионатлардың дәрежесин ҳәм сапасын арттырыў, халықаралық ҳәм регионаллық жарыслар шөлкемлестириў, жарамсыз спорт бәсекисине ҳәм қадаған етилген препаратлардың қолланылыўына қарсы системалы илажлар көриўди хошаметлеў;

денетәрбиясы-саламатландырыў ҳәм спорт шөлкемлери, объектлери ҳәм имаратларының ғалаба спорт, балалар спорты ҳәм профессионал спорт бағдарлары бойынша материаллық-техникалық базасын раўажландырыў және беккемлеў, олардан максимал дәрежеде ҳәм нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў, спорт әсбап-үскенелери және инвентарларының елимизде ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў ҳәм кеңейтиў бойынша усыныслар таярлаўға қатнасыў;

денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестириў, денетәрбиясы-саўалландырыў және спорт шөлкемлерин, билимлендириў ҳәм спорт-билимлендириў мәкемелерин жоқары маманлықтағы тренерлер ҳәм басқа да спорт қәнигелери менен тәмийинлеў;

денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында халықаралық ҳәм мәмлекетлераралық спорт байланысларын кеңейтиў және беккемлеў, шет ел инвестицияларын ҳәм грантларын тартыў бағдарындағы жумысларды шөлкемлестириў, ғалаба спорт бағдарламаларын шөлкемлестириўге көмеклесиў, денетәрбиясы ҳәм спорт тараўына байланыслы ғалабалық әдебиятлар басып шығарыў, видео ҳәм кино материаллар таярлаў.

  1. Университет денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында илимий ҳәм оқытыўшы кадрлар таярлаў, сондай-ақ, тараў қәнигелерин оқытыўдың ҳәм таярлаўдың алдынғы усылларын ислеп шығыў және енгизиў бойынша республиканың базалық жоқары билимлендириў, илимий-изертлеў және илимий-методикалық мәкемеси есапланатуғыны;

Орай мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери және орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшыларын (инструкторларын), кафедра баслықларын, билимлендириў мәкемелери менен спорт шөлкемлериниң тренерлерин, денетәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы басқа да қәнигелерди қайта таярлаў және маманлығын арттырыўды әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм талантлы жасларды таңлап алыў (селекция) тараўында билимлендириў мәкемелериниң әҳмийетли бағдарлары етип белгиленсин:

мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде – басланғыш гимнастика ҳәм ҳәрекетли ойынлар бойынша шынығыўлар алып барыў арқалы денени раўажландырыў және денсаўлықты беккемлеў ушын тәрбияланыўшыларда денетәрбиясы ҳәм спорт шынығыўларына қызығыўшылықты қәлиплестириў;

улыўма билим бериў мектеплеринде – оқыўшылар арасынан денетәрбиясы оқытыўшыларын тартқан ҳалда қәбилетли жасларды таңлап алыў (селекция) және балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң спорт резервин қәлиплестириў мақсетинде кейин ала аймақлық спорт жарысларына қатнасыў ушын класстан тыс спорт дөгереклери ҳәм секциялары шынығыўларын шөлкемлестириў (ҳәптесине кеминде 4 сааттан);

орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелеринде – оқыўшылар арасынан денетәрбиясы оқытыўшыларын ҳәм спорт бойынша тренерлерди тартқан ҳалда талантлы жасларды таңлап алыў ҳәм қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплериниң спорт резервин қәлиплестириў мақсетинде кейин ала регионаллық және республикалық спорт жарысларына қатнасыў ушын олимпиада ҳәм спорт түрлери бойынша класстан тыс спорт дөгереклери және секциялары шынығыўларын шөлкемлестириў (ҳәптесине кеминде 6 сааттан);

жоқары билимлендириў мәкемелеринде – талантлы жасларды таңлап алыў (селекция) ҳәм спорт түрлери бойынша миллий сайланды командалары және республикалық жоқары спорт шеберлик мектеплериниң спорт резервин қәлиплестириў мақсетинде кейин ала республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларында олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша студентлердиң спорт клубларын ҳәм командаларын шөлкемлестириў.

  1. 5. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола:

мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшысы (инструкторы) және жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшысы ҳәм кафедра баслығы лаўазымларына халықаралық дәрежедеги спорт жарысларының жеңимпазлары тайынланыўы мүмкин;

мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи мәкемелери денетәрбиясы оқытыўшысы (инструкторы) лаўазымына тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў Министрлик пенен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы денетәрбиясы ҳәм спорт министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы денетәрбиясы ҳәм спорт басқармасы баслықлары тәрепинен әмелге асырылады;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшылары (кафедра баслықлары)н лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымнан азат етиў Министрлик тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемеси менен биргеликте шөлкемлестирилетуғын таңлаў нәтийжесине бола Өзбекстан Республикасы денетәрбиясы ҳәм спорт министри тәрепинен әмелге асырылады;

денетәрбиясы оқытыўшысы (инструкторы ҳәм кафедра баслықлары)ның жумыс нәтийжелилигин баҳалаў оқыўшы (студен)лардың физикалық ҳәм кәсиплик таярлығы және олардың арасынан талантлы спортшыларды таңлаў (селекция)да, бәринен бурын, ерисилген анық нәтийжелерди есапқа алған рейтинг системасы тийкарында әмелге асырылады;

денетәрбиясы оқытыўшылары (инструкторы ҳәм кафедра баслықлары)н материаллық хошаметлеў ҳәм олардың жумысының жеке көрсеткишлерин рейтинг системасында баҳалаўға тийкарланып әмелге асырылады;

районлық (қалалық) спорт ҳәм ғалабалық-денетәрбиясы илажларының бирден-бир календарь режелери тийисли район (қала) ҳәкимлери тәрепинен тастыйықланады;

улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириўи және жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ҳәм студентлери арасында өткерилетуғын спорт ҳәм ғалабалық-денетәрбиясы илажларын және қатнасыўшыларды кийим-кеншек пенен тәмийинлеўди қаржыландырыў тийисли түрде «Ёшлик», «Бәркамал әўлад» ҳәм «Студент» денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетлериниң есабынан әмелге асырылады.

  1. Өзбекстан Миллий олимпиада комитети олимпиада спорт түрлери бойынша спортшылар, тренерлер ҳәм басқа да спорт қәнигелерин таярлаў және олимпиада спорт түрлерин раўажландырыў бөлими бойынша денетәрбиясы ҳәм спорт субъктлери, соның ишинде, министрликтиң жумысын муўапықластыратуғыны;

Министрликтиң олимпиада спорт түрлерин раўажландырыўға жуўапкер арнаўлы бөлимлери басшылығына талабанлар Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң баслығы менен мәжбүрий түрде келисилетуғыны;

Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң ўәкиллери олимпиада резервлери арнаўлы мектеп-интернатлары басшыларын таңлаў, тайынлаў ҳәм аттестацияден өткериўде, сол мектеплерге бағдарлар бойынша қабыллаў квоталарын келисиўде және спортшыларды халықаралық спорт жарысларына жибериўде қатнасатуғыны;

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына спортшыларды таярлаў көлеминде спорт федерация (ассоциация)лары ушын ажыратылып атырған қәўендерлик қаржылар Өзбекстан Миллий олимпиада комитетинде жәмленетуғыны және спорт федерация (ассоциация)ларының жумысын мақсетли қаржыландырыўға, соның ишинде, жетик шет елли спортшылар менен тренерлерди тартыў ушын жумсалатуғыны;

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети Министрлик пенен биргеликте жоқары маманлықтағы шет елли спортшыларды, тренерлерди ҳәм басқа да қәнигелерди олимпиадаға таярлаў орайлары, спорт федерация (ассоциация)лары ҳәм басқа да спорт шөлкемлериниң оқыў-шынығыў процесслерине кеңнен тартыўды тәмийинлейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 7. Төмендегилер:

Самарқанд ўәлаяты Самарқанд районында универсал олимпиадаға таярлаў ҳәм халықаралық спорт жарысларын өткериў орайы;

Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында жайласқан «Азия-Чимган» мийманханасы тийкарында миллий сайланды командалар ушын универсал олимпиадаға таярлаў орайы;

Жиззақ ўәлаяты Замин районында «Алоқачи» саўалландырыў лагери тийкарында гимнастика спорт түри бойынша олимпиадаға таярлаў орайы;

Наманган ўәлаяты Чортоқ районында сержантлар таярлаў мектеби тийкарында спорт ойынлары бойынша олимпиадаға таярлаў орайы;

Қашқадәрья ўәлаяты Шахрисабз районында «Гулнора» саўалландырыў лагери тийкарында спорт жеке гүреслери бойынша олимпиадаға таярлаў орайы шөлкемлестирилсин.

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилип атырған орайлардың қарамағында болған министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бул объектлерде барлық имарат ҳәм комплекслери менен бирге Өзбекстан Республикасы Миллий олимпиада комитети қарамағына бийғәрез өткериўди тәмийинлесин.

  1. 8. Денетәрбиясы ҳәм спорт шөлкемлери, сондай-ақ, билимлендириў мәкемелери ҳәм спорт шөлкемлеринде мийнет етип атырған спорт ветеранларына жумыстың басқа ҳақы төленетуғын түрлери менен шуғылланбаў шәрти менен пенсия толық муғдарда төленетуғыны;

Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынлары және олимпиада ҳәм паралимпиада спорт түрлери бойынша жәҳән чемпионатларының жеңимпаз спортшылары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрилиги, Ташкент қаласындағы және ўәлаятлардағы денетәрбиясы ҳәм спорт басқармалары, сондай-ақ, тийисли спорт федерациялары (ассоциациялары)ның усынысларына тийкарланып тренерлик жумысы бойынша әпиўайыластырылған тәртипте аттестациядан өтип, спорт мектеплеринде тренер сыпатында тренерлик жумысы менен шуғылланыўға ҳақылы екени;

спорт шөлкемлери (уйымлары) басшылығы лаўазымына бурын шуғылланған профессионал жумыс түрине қарамастан, жоқары мағлыўматлы және басқарыў тараўында әмелий көнликпеге ийе болған шахслар тайынланыўы мүмкин екени;

тренерлик жумысы менен шуғылланыў ушын руқсатнама мүддети тамамланған тренерлер көби менен төрт ай мүддеттен аспаған ҳалда орнатылған тәртипте жаңа руқсатнама алыўға шекем жумыс ислеўин даўам еттириўге ҳақылы екени белгилеп қойылсын.

  1. 9. Олимпиада спорт түрлерин 2018-2021-жылларда кейин ала раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў комплексли илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық мақуллансын.

Бағдарламада нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында сапалы ҳәм толық әмелге асырыўы ушын министрликлер, мәкемелер ҳәм басқа да шөлкемлердиң басшыларының жеке жуўапкершилиги белгиленсин.

  1. 1 Министрлик:

еки ай мүддетте денетәрбиясы оқытыўшысы (инструкторы ҳәм кафедра баслықлары)ның жумыс нәтийжелилигин баҳалаўдың рейтинг системасы ҳаққындағы режени тастыйықласын;

2018-жыл 1-майға шекем Өзбекстан Республикасында денетәрбиясы ҳәм спортты узақ мүддетли келешекте раўажландырыў концепциясының жойбарын халықаралық қәнигелерди тартқан ҳалда ислеп шықсын ҳәм киргизсин;

үш ай мүддетте балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, соның ишинде, қәнигелестирилген мектеплердиң ислеў тәртибин шөлкемлестириў системасын сын көзқарастан үйренип шығыў ҳәм нәтийжеси бойынша олардың жумысын тәртипке салыў ҳәм жетилистириў, шөлкемлестириўшилик-штат структурасын қайта көрип шығыў және оларды қаржыландырыў системасын тәртипке салыў бойынша ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин;

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги үш ай мүддетте спортшылар, денетәрбиясы оқытыўшылары, инструкторлар ҳаққындағы мағлыўматларды және билимлендириў мәкемелеринде спорт түрлери бойынша имтихан алыў системасын талқылаўлардың нәтийжелерин өз ишине алған Бирден-бир мәлимлеме системасы жаратылыўын тәмийинлесин;

үш ай мүддетте Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте олимпиада спорт түрлери бойынша жарыслар ҳәм оқыў таярлық шынығыўлары даўамында спортшыларды медициналық тәмийинлеўди шөлкемлестириў ҳәм бақлап барыў тәртибин, соның ишинде, спорт медицинасы мәкемелери тармақларын жаратыўды өз ишине алған ҳалда, тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин;

үш ай мүддетте Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте билимлендириў мәкемелери жанында спорт клубларын шөлкемлестириў, жумыс алып барыўы және қаржыландырылыўы тәртибин тастыйықлаў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин;

үш ай мүддетте республика аймағында физикалық таярлықты шөлкемлестириўдиң бирден-бир талапларын белгилеўди тәмийинлейтуғын, олимпиада спорт түрлери бойынша таярлықтың бирден-бир өлшемлерин спорт билимлендириў мәкемелериниң жумысына енгизиўди тәмийинлесин;

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети менен биргеликте 2018-жыл 1-июньге шекем спорттың қысқы ҳәм ойын түрлериниң раўажланыўы ҳәм ғалаба ен жайдырыў әмелдеги жағдайын ҳәр тәреплеме ҳәм сын көзқарастан талқылаўды есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасында спорттың қысқы ҳәм ойын түрлерин буннан былай да раўажландырыў бойынша усыныслар таярласын;

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети менен биргеликте республикалық олимпиада резервлери мектеп-интернатлары жанында олимпиада резервлери орайларын шөлкемлестириў усынысын киргизсин.

  1. 11. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

бир ҳәпте мүддетте Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлигиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын киргизсин;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги ҳаққындағы Режени тастыйықласын;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң жумысын шөлкемлестириў бойынша ҳүкиметлик қарар қабыл етилсин;

еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбиясы ҳәм спортты раўажландырыў қоры және Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги жанындағы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша қәнигелерди илимий-методикалық тәмийинлеў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў орайының Режесин тастыйықлаў, сондай-ақ, денетәрбиясы ҳәм спорт қәнигелери контингентин толық қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў имканиятын қамтып алған ҳалда олардың шөлкемлестириўшилик-штат структурасы тастыйықлансын;

еки ай мүддетте денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында барлық түрдеги билимлендириў мәкемелеринде билимлендириў стандартлары қайта көрип шығылсын, билимлендириўдиң ҳәр бир басқышында улыўма билим бериў жүклемесинен аспаған ҳалда, сабақ саатларын көбейтиў жәрдеминде, спорт тармақлары бойынша баҳалаў системасын енгизиў, нәтийжелерди системалы талқылаў жумыслары алып барылсын;

еки ай мүддетте қурылыс-монтажлаў жумыслары, заманагөй спорт үскенелери, техникасы ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлеў,  үзликсиз оқыў-шынығыў процеси ҳәм спортшылар, тренер және басқа да қәнигелер менен  жумысшылардың жасаўы ушын шараят жаратыўды есапқа алған ҳалда олимпиадаға таярлық орайларының жумысын шөлкемлестириў ҳаққында ҳүкиметлик қарар қабыл етилсин;

үш ай мүддетте олимпиада резервлери мектеп-инетернатларына қабыллаў квоталарының спорт түрлери бойынша ең аз муғдарын есапқа алған ҳалда керекли болған нәтийжели билимлендириў системасы шөлкемлестирилсин;

үш ай мүддетте тренерлик жумысы менен шуғылланыў бойынша аттестациядан өтиў ҳәм руқсатнама алыў тәртибин жеңиллетиўге бағдарланған ҳүкиметлик қарар қабыл етилсин.

  1. 12. Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары және басқа да шөлкемлер спорт инфраструктурасын шөлкемлестириў ҳәм системалы тәризде хызметкерлерди денетәрбиясына ҳәм спортқа тартыў әмелиятын енгизиў илажларын көрсин.
  2. 13. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы еки ай мүддетте Қорғаныў министрлигиниң спорт клубы, «Динамо» денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетлериниң жумысын жетилистириў ҳәм кәсиплик аўқамлары федерациясы денетәрбиясы ҳәм спорт жәмийетин тиклеў, сондай-ақ, ведомстволық спорт базаларын модернизациялаў, олардың жанында жасларды еки ай мүддетте денетәрбиясы ҳәм спортқа тартыў ушын бәршениң шуғылланыўына имканияты болған секция ҳәм дөгереклер шөлкемлестириў бойынша илажлар белгиленсин.
  3. 14. Министрлик ҳәм Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. 15. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 15-февральдағы «Мәденият ҳәм спорт тараўында басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-4956-санлы Пәрманының биринши бәнти үшинши хатбасы ҳәм үшинши бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  5. 16. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.В.Акмаловқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б.Муродовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-март