Өзбекстан Республикасы Президентиниң

 қарары

Ана тәбиятты сүйиў ҳәм қәстерлеў, өмир гүлтажы болған инсанды қәдирлеў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы ийгиликли идеяларды өзинде жәмлеген Наўрыз халықымыздың ең әййемги, тийкарғы миллий байрамы болып табылады. Әсирлер даўамында ел-халқымыздың арзыў-нийетлерин көрсетип киятырған Наўрыз ғәрезсизлик жылларында жаңа мазмунға ийе болып, шын мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланды.

Наўрыз байрамының шексиз социаллық-руўхый әҳмийетин есапқа алып ҳәм усы қутлы әййямды жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде:

  1. 2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириў комитети Наўрыз байрамын пайтахтымыз Ташкент қаласында, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында, барлық қала, район ҳәм аўылларда улыўмахалықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде өткериўге қаратылған, «Әзиз ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, мәдений-руўхый және үгит-нәсиятлаў илажлары бағдарламасын он күн мүддетте ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.

  1. Бул бағдарламаны таярлаўда төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:

Наўрыз мүнәсибети менен инсан өзин тәбияттың перзенти, оның ажыралмас бир бөлеги деп сезиниўин сәўлелендиретуғын, қоршаған орталықты, ана жерди қәстерлеп сақлаўға, бүгинги тыныш  еркин ҳәм абадан турмысты қәдирлеп, оны қорғап жасаўға шақыратуғын руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;

барлық қала ҳәм аўылларда Наўрыздың тарийхын, мазмунын ҳәм философиясын усы байрамды өткериўге байланыслы үрп-әдетлер, қәдриятлар ҳәм дәстүрлердиң мазмуны менен әҳмийетин өзинде жәмлеген ғалаба сейиллер өткериў;

Наўрыз күнлеринде жәрдемге мүтәж инсанлардың, кекселердиң, майыплығы бар шахслардың ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан хабар алыў, оларға бийминнет жәрдем бериў, жәмийетте өз-ара ҳүрметти, дослықты ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге қаратылған саўап ислерди, қайырқомлық илажларды ҳәм ғалаба шембиликлерди әмелге асырыў;

Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында болып өтетуғын сейиллерге фольклор-этнографиялық топарлары менен ансамбльлерди, белгили көркем өнер хызметкерлерин, ҳәўескер қосықшы ҳәм сазенделерди, бақсыларды, қызықшыларды, дәрўазларды, жас атқарыўшыларды кеңнен тартыў;

халық сейиллери бағдарламаларын таярлаўда халық ойынларына, фольклорлық көркем өнердиң ең жақсы үлгилерине кеңнен орын бериў, өнерментшилик көргизбелерин шөлкемлестириў, үлгили шаңарақ, үлгили мәҳәлле, үлгили мектеп, шебер бақсы, шебер лапаршы бағдарлары бойынша таңлаўлар өткериў, әдебий-көркем ушырасыўлар, китап байрамларын шөлкемлестириў.

  1. Шөлкемлестириў комитети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап халықтың кең қатламлары арасында ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық-айдын пикрлесиў ҳәм сәўбет, дөретиўшилик кешелер өткериў мақсетинде белгили илимпазлар, дөретиўши адамлар ҳәм көркем өнер шеберлеринен ибарат руўхый-ағартыўшылық топарлары шөлкемлестирилсин және олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўы тәмийинленсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға ғалабалық тамашалар бойынша жоқары шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, композиторлар және мелодистлер, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, фольклор өнери ўәкиллеринен ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
  3. Қарақалпақстан Республикасы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине:

Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм өткериў бойынша ҳәкимлердиң басшылығында аймақлық комиссиялар дүзиў;

байрам сейиллерин барлық қала, район, аўылларда басқышпа-басқыш рәўиште жоқары дәрежеде, ҳаўа-райы шараятын есапқа алған ҳалда шөлкемлестириў бойынша илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды тәмийинлеў;

март-апрель айларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў айлығын шөлкемлестириў және бул бағдардағы жумыслар ең жақсы жолға қойылған район, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў;

Меҳрийбанлық, Қайырқомлық, Мүриўбет үйлери, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем көрсетиў жумысларын шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Өткерилетуғын байрам илажлары:

Қарақалпақстан Республикасы бюджетинен ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлерден және орынлардағы қәўендерлик қаржылары есабынан;

Ташкент қаласында республикалық бюджеттен ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджети қаржылары есабынан теңдей үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Жәҳән» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усынылсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

       Президенти     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 23-февраль