Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы ПП-60-санлы Пәрманына муўапық, сыртқы саўданы тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў, жергиликли исбилерменлик субъектлериниң экспорт жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажларын және де күшейтиў арқалы жоқары қосымша қунға ийе өнимлер экспортын кеңейтиў мақсетинде:
- 2022-жыл 1-апрельден баслап:
а) 2023-жыл 1-апрельге шекем:
жергиликли кәрханалар (олардың ўәкилликли ўәкиллери)ға Европа Аўқамы мәмлекетлерине жоқары қосымша қунлы өнимлерди экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин 70 процентке шекемги муғдарда компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны;
қоңсы мәмлекетлерге экспорт етилген жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин 50 процентке шекемги муғдарда компенсациялаўға субсидиялар берилетуғыны;
б) муўапықлықты баҳалаў уйымларын халықаралық ILAC/IAF шөлкемлериниң ағзасы болып есапланған аккредитация уйымы тәрепинен аккредитациядан өткериўге байланыслы қәрежетлер Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қаплап берилетуғыны;
в) исбилерменлик субъектлери тәрепинен товарлар (арнаўлы түрдеги товарлардан тысқары), жумыслар ҳәм хызметлер экспортын шәртнама дүзбей есап бет-фактуралар (инвойслар) тийкарында әмелге асырыўда талап етилетуғын алдыннан төлем муғдары 100 проценттен 50 процентке азайтылатуғыны белгиленсин.
- Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы (С.Умурзаков) (кейинги орынларда – Ҳүкимет комиссиясы):
еки ҳәпте мүддетте экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин компенсациялаўға субсидиялар берилетуғын жоқары қосымша қунға ийе өнимлер дизимин тастыйықласын ҳәм оның Экспорт етиўшилерди қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир порталында (www.exportportali.uz) жәриялап барылыўын тәмийинлесин;
Экспортты қоллап-қуўатлаў қоры қаржыларының мақсетли ҳәм нәтийжели жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
- Қаржы министрлиги Экспортты хошаметлеў агентлигиниң буйыртпаларына муўапық усы Пәрманның 1-бәнтинде нәзерде тутылған қоллап-қуўатлаў илажларын әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды республикалық бюджеттен ажыратып барсын.
- Ҳүкимет комиссиясына жергиликли экспортшы кәрханалардың мүрәжатларына тийкарланып экспорт алды ҳәм экспорт пенен байланыслы саўда операцияларын қаржыландырыў ушын Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан ажыратылған кредитлерди қайтарыў мүддетин және алты айға шекем создырыў ўәкиллиги берилсин.
Онда, бул кредитлерди қайтарыў мүддетиниң создырылыўы Орайлық банк тәрепинен кредит шәртлери қайта көрип шығылған активлер сыпатында есапланбайтуғыны белгилеп қойылсын.
- «Бажыхана қоймаханасы» режиминде алты айдан көп болған товарлардың бажыхана рәсмийлестириўинде бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлерди қолланыўды қадаған ететуғын тәртип бийкар етилсин.
- Жаслар исбилерменлигин және де қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, инновациялық технологияларға тийкарланған экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў жумысын хошаметлеў мақсетинде Ҳүкимет комиссиясының қарарына тийкарланып Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан оларға 500 мың АҚШ долларына шекем кредитлер ажыратыўға руқсат берилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине 2023-жыл 1-январьға шекем Ҳүкимет комиссиясының жуўмағы тийкарында Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда операцияларын тәртипке салыўдың ўақтынша механизмлерин енгизиў ўәкиллиги берилсин.
Онда, таяр өнимлер экспортын хошаметлеў, сондай-ақ, импорт шәртнамаларының баҳаларын жасалма түрде арттырыў, ишки базарға сапасыз өнимлер кирип келиўи ҳәм контрабанда жағдайларының алдын алыў илажлары нәзерде тутылсын.
- «Өзтрейд» ҳәм «Өзсанаатэкспорт» акционерлик жәмийетлерине сыртқы саўда компанияларын айланыс қаржылары менен тәмийинлеў мақсетинде Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының есабынан 10 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылсын.
Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги «Өзтрейд» ҳәм «Өзсанаатэкспорт» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларындағы (қорларындағы) мәмлекет акциялары (үлеслери) пакетлери бойынша акционер ҳуқықын әмелге асыратуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги бир ҳәпте мүддетте Экспортты хошаметлеў агентлигине «Өзтрейд» ҳәм «Өзсанаатэкспорт» акционерлик жәмийетлериниң устав капиталларындағы (қорларындағы) мәмлекет акциялары (үлеслери) өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине суы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 6-апрель