Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 2018-жыл 3-февральдағы ПП-5326-санлы Пәрманын орынлаў, сондай-ақ, республикаға туристлер ағымын көбейтиў, кириў туризмин миллий экономиканың тийкарғы тармақларынан бирине айландырыў, елимиздиң мәдений-тарийхый мийраслары менен тәбийғый байлықларын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Виза режимин буннан былай да әпиўайыластырыў бойынша әмелий илажлар режеси 1-қосымшаға муўапық;

Кириў туризмин буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық;

Туризмди раўажландырыў мәселелеринде өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириўди тәмийинлеў бойынша жуўапкер адамлар бириктирилетуғын еллер менен аймақлардың дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 2018-жыл 1-майдан баслап транзит бойынша ҳәрекетленип атырған шет елли жолаўшыларға келиўи менен 72 саат мүддетке қысқа мүддетли кириў визаларын бериў енгизилсин, онда оларда үшинши елге авиабилет ҳәм виза (зәрүрлик болғанда) бар болыўы және консуллық жыйымларын төлеў талабы, сондай-ақ, тастыйықланған туризм бағдарламалары бойынша танысыў түрлери ушын олардың аэропорт шегара аймағынан тысқарыға қысқа мүддетли қадағаланатуғын шығыў тәртиби нәзерде тутылсын.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы бәнтти әмелге асырыў бойынша, соның ишинде, пуқаралардың келиўи менен қысқа мүддетли кириў визалары берилетуғын еллердиң дизимин тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекистандағы Ислам цивилизациясы орайының ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетинде Зыярат етиў туризмин қоллап-қуўатлаў бөлимин шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын, оған ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, шет ел ғалаба хабар қуралларында Өзбекистан ҳаққында Ислам дини ҳәм басқа да дүнья динлериниң мәдений-тарийхый ҳәм илимий-теологиялық орайы сыпатында мәлимлеме материаллларын үгит-нәсиятлаў және тарқатыў жүкленсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Сыртқы ислер министрлиги, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын:

тийкарғы еллер менен аймақлардан Өзбекистан Республикасына туристлер ағымын көбейтиў бойынша «жол қарталары»н;

Өзбекистан Республикасы зыярат етиў туризмин раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режесин киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК Өзбекистан Республикасының шет елдеги дипоматиялық ўәкилханаларын Өзбекистанның туризм имканиятларын таныстыратуғын зәрүр мәлимлеме материаллары менен тәмийинлесин, сондай-ақ, зәрүрлик болғанда, Өзбекистан Республикасының шет елдеги дипломатиялық ўәкилханаларына жайласқан елде «Өзбекистан» туризм брендин үгит-нәсиятлаўға бағышланған илажларды өткериў ушын бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорынан қаржылар ажыратсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Қаржы министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликти еки ай мүддетте шет елли туристлерди тартыў болжаўын ҳәм Өзбекистан Республикасының шет елдеги дипломатиялық ўәкилханалары басшылары менен хызметкерлерин жайласқан елинен туристлер ағымын көбейткени ушын бюджет қаржылары есабынан сыйлықлаў, сондай-ақ, республикаға туристлердиң ағымын арттырыў бойынша жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын жуўапкерлик илажларын қолланыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.

«Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАКқа Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисе отырып, шет елли туристлерди тартыў болжаўын тастыйықлаў ҳәм «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАКтың шет елдеги ўәкилханалары басшылары менен хызметкерлерин жайласқан елинен туристлер ағымын көбейткени ушын өз қаржылары есабынан сыйлықлаў, жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы тәмийинленбеген жағдайларда болса, жуўапкершилик илажларын қолланыў системасын енгизиў усыныс етилсин.

  1. «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАКқа қатнаўлардың бәсекилигин тәмийинлеў мақсетинде халықаралық қатнаўлар ушын авиабилетлерди өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда сатыў ҳуқықы берилсин.

Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК пенен биргеликте еки ай мүддетте «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАКтың салық салынатуғын базасын арзанлатылған баҳалар бойынша сатылған авиабилетлер суммасына азайтыў механизмин енгизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

2018-жыл 1-мартқа шекем туристлерге оператив жәрдем көрсетиў ушын бирден-бир қысқа улыўма республикалық телефон номерине ийе болған Call –орайдың жумысы аутсорсинг шәртлеринде шөлкемлестириўин тәмийинлесин;

Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Call–орайға мүрәжат еткен туристлерге оператив жәрдем көрсетиў мәселелеринде ведомстволараралық бирге ислесиўди тәмийинлесин.

Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Call–орайы жумыс ислеўине байланыслы қәрежетлер бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

туристлер ушын жөнелисти мөлшерге алыўды жеңиллестириў мақсетинде шет тиллериндеги (инглис, рус ҳәм басқа тиллерде) көрсеткишлерди орнатыў интасы менен шыққан хожалық жүргизиўши субъектлерге усы көрсеткишлерди олар тәрепинен ислеп шығарылатуғын өнимлер (хызметлер ҳәм жумыслар)диң рекламасын жайластырыў ҳуқықы бериледи, онда реклама тараўына байланыслы нызамшылық талапларына әмел етилиўи тәмийинленген ҳалда жайластырылып атырған рекламаның улыўма майданы көрсеткиш майданының 40 процентинен көп болмаўы зәрүрлиги;

туристлер тәрепинен жәмийетлик орынларды, имаратлар менен объектлерди фото ҳәм видеосүўретке алыў ҳеш қандай шеклеўлерсиз әмелге асырылатуғыны, дизими нызам ҳүжжетлерине муўапық тастыйықланатуғын және барлық түрдеги сүўретке алыўлар қадаған етилгенлиги ҳаққындағы тийисли көрсеткишлер орнатылған объектлердиң буған кирмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Мәденият министрлиги ҳәр шеректе ҳәм жыл жуўмақларына бола республиканың туризм имканиятлары менен потенциалы, оның тарийхый шахслары, тарийхы, мәденияты, дәстүрлери, спорты ҳаққындағы ең жақсы видео, фотолар менен аудиоматериалларды анықлаў бойынша таңлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў арқалы жергиликли ҳәм шет елли жеңимпазларды анықлаған ҳалда тийислилигинше бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры, бюджеттен тысқары Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындыларды жоқ етиў бойынша қор және Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан сыйлықлаўды тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келисе отырып, 2018-жылдан баслап ҳәр жылы дәраматлар болжаўы зыяты менен орынланған қаржылардан ҳәм басқа да бюджеттен тысқары дәреклердиң қаржылары есабынан халықаралық туризм көргизбелери менен ярмаркаларында қатнасыў, соңғылығында шет ел жәмийетшилиги арасында тарқатыў мақсетинде тийисли мәлимлеме материалларын таярлаў және оны шет ел ғалаба хабар қуралларында реклама мапазларын иске қосыў арқалы аймақлардың туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў ушын қаржылар ажыратсын.
  3. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстовлар менен биргеликте еки ай мүддетте алтын буйымлар ҳәм белгиленген тәртипте таярланған өлшемли ёмбилер шет ел туристлери тәрепинен Өзбекистан Республикасынан алып шығылыўы тәртибиниң әпиўайыластырылыўын нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети еки ай мүддетте:

Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбеккино» миллий агентлиги менен биргеликте Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги ҳәм «Өзбеккино» миллий агентлигиниң буйыртпаларына бола, шет елли дөретиўшилик топарларға республиканың туризм потенциалы ҳаққындағы фото ҳәм видеоматериалларды таярлаў ушын ушыўшысыз ушыў аппаратларын, соның ишинде, дронларды Өзбекистан Республикасы аймағына ўақтынша алып кириў ҳәм олардан пайдаланыў ушын руқсатнамаларды бериў тәртибин нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

2018-жыл 1-июльге шекемги болған мүддетте «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК, Өзбекистан Республикасы Ушыўлардың қәўипсизлигин қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында «Қаршы» халықаралық аэропортын «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК тың қурамынан шығарып, халықаралық аэропортларды басқарыў бойынша арнаўлы компания басқармасына бериў, аэропорт аймағында «Ашық аспан» режимин, соның ишинде, локостер авиакомпанияларын тартқан ҳалда енгизиўди нәзерде тутатуғын «Қаршы» халықаралық аэропортын раўажландырыў концепциясын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы ПҚ-3217 санлы қарары менен шөлкемлестирилген Шет елли туристлер, соның ишинде, зыярат етиў мақсетинде келип атырған туристлер ушын виза ҳәм дизимнен өтиў тәртип-қағыйдаларын басқышпа-басқыш әпиўайыластырыўға байланыслы усыныслар таярлаў бойынша жумысшы топарға ҳәр шеректе тийисли мағлыўматлар киргизген ҳалда, усы қарар менен тастыйықланған Виза режимин буннан былай да әпиўайыластырыў бойынша әмелий илажлар режесиниң әмелге асырылыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:

усы қарар менен тастыйықланған Кириў туризмин раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режеси мәпдар министрликлер менен ведомстволар тәрепинен орынланыўы үстинен турақлы мониторинг алып барылыўын;

мониторинг жуўмағына бола, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 16-августтағы ПҚ-3217 санлы қарары менен шөлкемлестирилген Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңеске режелестирилген илажлардың белгиленген мүддетлерде сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли қарарларды қабыл етиў ушын ҳәр шеректе усыныслар киргизип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (А.Арипов):

усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстнен турақлы ҳәм системалы қадағалаў шөлкемлестирилиўин;

министрликлердиң, ведомстволар менен басқа да шөлкемлердиң басшылары – жуўапкер атқарыўшылардың усы қарар менен тастыйықланған Кириў туризмин буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелий илажлар режесиниң сөзсиз орынланыўы бойынша олар тәрепинен көрилип атырған илажлардың ҳәр шеректе тыңланыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмуратовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 6-февраль