Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы 

Республиканың туризм потенциалын, биринши гезекте, инвестицияларды белсене тартыў, тараўға инновациялық идеялар менен технологияларды енгизиў, сондай-ақ, елдиң бай тәбийғый, мәдений ҳәм тарийхый мийрасының бар ресурслары менен имканиятларынан ҳәр тәреплеме пайдаланыў есабынан раўажландырыў ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде:

  1. 2018-жыл 10-февральдан баслап Израил мәмлекети, Индонезия Республикасы, Корея Республикасы, Малайзия, Сингапур Республикасы, Түркия Республикасы ҳәм Япония пуқаралары, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасына турақлы авиақатнаўларды әмелге асыратуғын шет ел авиакомпаниялары ҳаўа кемелери экипажының ағзалары ушын Өзбекистан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгиленсин.
  2. 2018-жыл 10-февральдан баслап пуқаралары ушын Сыртқы ислер министрлигине туристлик ваучерди ямаса Өзбекистан Республикасына мирәт етип атырған юридикалық ямаса физикалық шахстың мүрәжатын усыныўға байланыслы талап бийкар етилиўин ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў күни есапқа алынбаған ҳалда еки жумыс күни даўамында визаны рәсмийлестириўди нәзерде тутатуғын туризм визаларын рәсмийлестириўдиң әпиўайыластырылған тәртиби енгизилетуғын еллер дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик персоналластырыў орайы Сыртқы ислер министрлиги, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте 2018-жыл 1-июльден баслап электрон кириў визаларын бериў системасы иске қосылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы «Милий туризм өнимин үгит-нәсиятлаў орайы» МУК Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы «Миллий PR-орайы» МУК етип қайта шөлкемлестирилсин, оған республиканың туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети бюджеттен тысқары Туризм тараўын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан:

2018-жылдың 1-мартына шекем «Миллий PR-орайы» МУК ушын заманагөй ҳәм жоқары технологиялы сүўретке алыў үскенелерин, автотранспорт қуралларын, соның ишинде, жоқары өтиў қәбилетине ийе болған автотранспорт қуралларын сатып алыўды өз ишине алатуғын зәрүр материаллық-техникалық базаның жаратылыўын, сондай-ақ, ижара төлемисиз зәрүрли бөлмелер ажыратылыўын;

2018-жылдың 1-апрелине шекем дөретиўшилик ҳәм сүўретке алыў топарларын, соның ишинде, шет елли қәнигелерди тартыў жолы менен қәлиплестириўди,  сондай-ақ, оларды тәмийинлеў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў ушын зәрүрли қаржылардың ажыратылыўын;

қәлиплестирилген дөретиўшилик ҳәм сүўретке алыў топарларының сценарийлерин ҳәм сүўретке алыў жумысларының концепциясын ислеп шығыў, республика аймақларына дөртиўшилик экспедициялар менен хызмет сапарлары, сондай-ақ, елимиздиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша материалларды таярлайтуғын басқа да дөретиўшилик топарлардың жумысын турақлы тийкарда, соның ишинде, аутсорсинг арқалы қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Халық билимлендириў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекистан жаслар аўқамы, Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм Өзбекистан ветеранларының социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының төмендеги халық қатламлары ушын республика аймақлары бойлап туризм-экскурсия түрлери шөлкемлестирилиўин нәзерде тутатуғын «Өзбекистан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын (кейинги орынларда – Бағдарлама) әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары ушын – каникул дәўири ҳәм дем алыс күнлеринде;

шөлкемлердиң хызметкерлери ушын – дем алыс күнлеринде, улыўма миллий байрамлар ҳәм дем алыс күнлеринде, әсиресе, туризм мәўсиминиң төмен дәўиринде;

халықтың социаллық әззи қатламлары, пенсионерлер, урыс ҳәм мийнет ветеранлары ушын – санаторий-курортларда дем алыўдан белсене пайдаланған ҳалда жыл даўамында;

кекселер, жас шаңарақлар, пуқаралар жыйынларының белсендилери, ҳаял-қызлар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң ўәкиллери ушын – туризм мәўсими төмен дәўирде.

  1. Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети:

бир ай мүддетте Бағдарламаны әмелге асырыў бойынша әмелий илажлар режесин тастыйықлаў ушын киргизсин;

Саўда-санаат палатасы, Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте бир ай мүддетте туризм хызметлерин көрсетиўши исбилерменлик субъектлериниң сапа, қәўипсизлик ҳәм баҳалардың бәсекиге шыдамлылығы нормаларынан келип шығып Бағдарламада қатнасыў және олардың Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде өз-ара бирге ислесиў механизмлерин белгилесин;

2018-жылдың 1-мартына шекем өзиниң рәсмий веб-сайтында Бағдарламада қатнасыў шәртлери, туризм-экскурсия бағдарламаларын шөлкемлестириў механизмлери ҳаққындағы, бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм олар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң дизимин ҳәм басқа да зәрүрли мағлыўматларды жайластырсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте Өзбекистан Республикасының дүзилген халықаралық шәртнамаларын усы Пәрманның талапларына муўапық қайта көрип шығылыўын тәмийинлесин.
  2. Төмендегилер:

а) тийкарғы жумыс түри тематикалық қыябанлар хызметлерин шөлкемлестириў болған юридикалық шахсларды олар тәрепинен тематикалық қыябанлар пайдаланыўға тапсырылған күннен баслап 3 жыл мүддетке – юридикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы, жер салығы ҳәм мүлк салығы, сондай-ақ, бирден-бир салық төлемин төлеўден;

б) тематикалық қыябанлар, мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў қуралларын 2022-жылдың 1-январына шекем – белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлерге бола тематикалық қыябанлар, мийманхана ҳәм басқа да жайластырыў қуралларын қурыў, қайта оңлаў ҳәм үскенелеў ушын Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын әсбап-үскенелерди, техникаларды, шийки затты, комплектлеўши буйымларды ҳәм аўысық бөлеклерди, қурылыс ҳәм басқа да материалларды алып кириў ушын бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары);

в) туризм тараўындағы исбилерменлик жумысы субъектлерин 2022-жыл 1-январьға шекем – Өзбекистан Республикасының аймағына алып кирилип атырған:

автотранспорт басқарыўшы менен биргеликте 8 ҳәм одан артық адамды тасыўға мөлшерленген туризм категориясына байланыслы транспорт қураллары;

аспа жолларды, таў-лыжа көтергишлер, фуникулёрлар ҳәм басқа да уқсас объектлер менен қурылмаларды қурыў, қайта оңлаў ҳәм үскенелеў ушын  әсбап-үскенелер, механизм ҳәм аўысық бөлеклер, сондай-ақ, аэростатлар (ҳаўа шарлары), мотор қайықлар ҳәм квадроцикллер ушын белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлерге бола бажыхана төлемлерин төлеўден (бажыхана рәсмийлестириўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынып, лицензияға ийе болған туризм операторларына әдеттегиден өзгеше тәризде экстремал түрлерди шөлкемлестириў ушын двигатель көлеми 2,4 л. ден аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе болған алып кирилип атырған транспорт қуралларына автотранспорт қуралларын дизимге алыў бойынша айрықша мәмлекетлик номер сериясын енгизген ҳалда ҳәм олардан тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында пайдаланыў шәрти менен 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў арқалы әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында бажыхана төлемлерин төлеўге руқсат етилсин.
  2. Төмендегилер:

2018-жылдың 1-январынан баслап туризм өнимлерин сатыў ямаса туризм хызметлерин онлайнброн (бәнт) етиў бойынша хызмет көрсететуғын хожалық жүргизиўши субъектлердиң салыққа салынатуғын базасы электрон хызметлерди, соның ишинде, электрон төлемлерди, брон (бәнт) етиў, эквайринг ҳәм басқа да хызметлерди, сондай-ақ, туризм хызметлериниң заманагөй түрлерин усыныс ететуғын қәнигелестирилген интернет-сайтлар менен порталларды жолға қойыўға бағдарланған ҳүжжетлердиң муғдарына азайтылатуғыны;

жәмийетлик орынларда Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларын (Wi-Fi) қурып атырған операторлар, провайдерлер ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши субъектлер пайдаланыўшылардың шахсын мәжбүрий тәртипте анықлаған ҳалда тийисли сападағы жалғаныўды тәмийинлеўи зәрүр екени;

өз аймағында Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларын (Wi-Fi) орнатқан хожалық жүргизиўши субъектлердиң салық салынатуғын базасын, соның ишинде, бирден-бир салық төлеми бойынша базасы тийисли сападағы сымсыз жалғаныў аймағын кеңейтиў ушын әсбеп-үскенелерди сатып алыўға ҳәм интернет трафикти сатып алыўға бағдарланған қәрежетлердиң муғдарына азайтылатуғыны;

жәмийетлик орынларда Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларын (Wi-Fi) қурып атырған операторлар, провайдерлер ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши субъектлерге бундай аймақларды шөлкемлестирген жерлерде 18 кв.м.ден артық болмаған өлшемдеги реклама баннерин ямаса рамларын орнатыў ҳуқықы еркин тийкарда ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының тийисли руқсатнамаларын алмай усыныс етилетуғыны;

Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларында (Wi-Fi) усынылып атырған хызметлердиң сапасын қадағалаў Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги жанындағы Байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникация технологиялары тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң мийманханаларды, тутас жолды, инженерлик ҳәм коммуникация инфраструктураларын қурыў бойынша инвестициялық жойбарларды биргеликте қаржыландырыў ушын Өзбекистан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажландырыў қорының 200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит линиясын ашыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Өзбекистан Республикасының Тиклениў ҳәм раўажландырыў қоры еки ай мүддетте коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлеине төмендеги шәртлерде кредитлер ажыратылыўы ушын оларға кредит линияларын ашсын:

мийманханалар ҳәм тутас жоллар, инженерлик ҳәм коммуникация инфраструктуралары объектлери ушын импорт үскенелер менен технологияларды сатып алыў ушын кредит мүддети 15 жылды (жеңилликли дәўир – 5 жыл) қурайды. Мақсетли кредит линиясының қаржылары есабынан бир қарыйдар ушын ажыратылатуғын кредит муғдары жойбар баҳасының 50 процентинен артпаўы зәрүр;

кредитлер ўәкилликли коммерциялық банклердиң инвестициялық жойбарын әмелге асырыўдың экономикалық ҳәм қаржылық мақсетке муўапықлығы ҳаққындағы унамлы қарарлары тийкарында бериледи. Онда, бир қарыз алыўшыға берилетуғын кредит муғдары бир инвестициялық жойбар ушын 10 миллион АҚШ долларынан артпаўы зәрүр.

  1. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясының «Dunyo Bo’ylab» телеканалы Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ишки туризмди, дем алыўдың белсене түрлерин ҳәм спорт туризмин раўажландырыў, мәдений мийрас объектлерин ҳәм тәбийғый байлықларды, соның ишинде, қорғалатуғын тәбийғый аймақларды сақлаў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша өткерилетуғын илажларды сәўлелендириў мәселелери бойынша бас мәлимлеме шериги сыпатында белгиленсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте он күнлик мүддетте усы Пәрманды есапқа алған ҳалда кириў туризмин раўажландырыў, ишки туризмниң жедел раўажланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ўәкилликлери менен структурасын қайта көрип шығыў бойынша илажларды нәзерде тутатуғын Өзбекистан Республикасы Президенти қарарларының жойбарларын ислеп шықсын ҳәм киргизсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  4. Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылыққа усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

Министрликлер менен ведомстволар бир ай мүддетте олар тәрепинен қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы пәрман менен муўапықластырсын.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри – Турзимди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңестиң баслығы А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмурадовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти                                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 3-февраль

 

 

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы

Пәрманына ТҮСИНИК

Өзбекистан Республикасы бай руўхый-мәдений мийрасқа, ҳәр қыйлы тарийхый-археологиялық объектлерге, қолайлы тәбийғый-ықлым шараятына ҳәм көп тармақлы социаллық инфраструктураға ийе болып, бул болса, туризмниң ҳәр қыйлы түрлерин жедел раўажландырыў ушын барлық зәрүр шараятларды жаратады.

Қысқа ўақыт ишинде республикада туристлик тараўды раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Соның ишинде, Өзбекистанның туризм потенциалын комплексли түрде раўажландырыўға бағдарланған 20 дан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди, олар өз гезегинде туризм тараўындағы жаңа мәмлекетлик сиясатқа тийкар болды, туризм тараўындағы субъектлерге әҳмийетли тәризде салық ҳәм бажыхана жеңилликлери менен абзаллықларын берди.

Соның менен бир қатарда, тараўда бир қатар шешилмеген мәселелердиң бар екени, соның ишинде, шет ел пуқаралары ушын виза ҳәм паспорт режимин либералластырыў жумыслары төмен дәрежеде алып барылып атырғаны, олар ушын электрон кириў визаларын рәсмийлестириў имканиятының жоқ екени, бай ишки зыярат туризмлери потенциалынан төмен дәрежеде пайдаланып атырғанлығы, инвестициялар, атап айтқанда, шет ел инвестициялары әсте-ақырын тартылып атырғаны себепли туризм инфраструктурасының толық раўажланбағаны, сондай-ақ, мәлимлеме-коммуникация технологиялары толық енгизилмегени тараўдың раўажланыўына тосқынлық етпекте.

Атап өтилген мәселелерди шешиў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрманда Израил мәмлекети, Индонезия Республикасы, Корея Республикасы, Малайзия, Сингапур Республикасы, Түркия Республикасы ҳәм Япония пуқаралары, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасына турақлы авиақатнаўларды әмелге асыратуғын шет ел авиакомпаниялары ҳаўа кемелери экипажының ағзалары ушын Өзбекистан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 30 күнлик мүддетке визасыз режим белгилениўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ,  Европа аўқамының, Шығыс Азияның бир қатар мәмлекетлери менен Жақын Шығыс еллериниң және Ҳиндстан Республикасы, Канада, Жаңа Зеландия, Америка Қурама Штатлары сыяқлы 39 елдиң пуқаралары ушын Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине туристлик ваучерди ямаса Өзбекистан Республикасына мирәт етип атырған юридикалық ямаса физикалық шахстың мүрәжатын усыныўға байланыслы талап бийкар етилиўин ҳәм ҳүжжетлерди қабыллаў күни есапқа алынбаған ҳалда еки жумыс күни даўамында визаны рәсмийлестириўди нәзерде тутатуғын туризм визаларын рәсмийлестириўдиң 2018-жыл 10-февральдан баслап әпиўайластырылған тәртиби киргизилди.

Елимиздиң туристлик, мәдений, тәбийғый ҳәм спорт потенциалын үгит-нәсиятлаў бойынша жумысларды буннан былай да жеделлестириў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы «Милий туризм өнимин үгит-нәсиятлаў орайы» МУК Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети жанындағы «Миллий PR-орайы» МУК сыпатында қайта шөлкемлестирилди ҳәм оған республиканың туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

Соның менен бирге, 2018-жылдың 1-июлинен баслап бир қатар шет еллердиң пуқаралары ушын электрон кириў аизаларын бериў системасы енгизиледи.

Пәрман қабыл етилиўи менен республикада «Өзбекистан бойлап саяхат ет!» атамасы астында елимиз бойлап таныстырыў саяхатлары менен түрлерин шөлкемлестириўдиң кең көлемли бағдарламасы иске қосылмақта, оның шеңберинде бир миллионға шамалас пуқараларымыз, соның ишинде, билимлендириў мәкемелериниң оқыўшылары менен студентлери, майыплығы болған балалар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлери, жумысшылар, напақа алыўшылар, мәҳәлле белсендилери, ҳаял-қызлар менен халықтың басқа да қаталамлары да елимиз бойлап саяхат етиў имканиятына ийе болады.

Туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде мийманханалар, олардың бойындағы жоллар, инженерлик ҳәм коммуникация инфраструктураларын қурыў бойынша инвестициялық жойбарларды биргеликте қаржыландырыў ушын туризм тараўы исбилерменлик субъектлерине кредит қаржыларын ажыратыў мақсетинде Өзбекистан Тиклениў ҳәм раўажландырыў қорының кредит линияларын ашыў нәзерде тутылған.

Тийкарғы жумысы тематикалық қыябанлар хызметлерин шөлкемлестириўден ибарат болған юридикалық шахслар тематикалық дем алыў бағларын пайдаланыўға тапсырыў сәнесинен баслап 3 жыл мүддетке юридикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын, жер салығын ҳәм мүлк салығын, сондай-ақ, бирден-бир салық төлемин төлеўден азат етиледи.

Сондай-ақ, тематикалық қыябанлар, мийманханалар ҳәм басқа да жайластырыў қуралларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў ушын тематикалық қыябанлар, мийманханалар ҳәм басқа да жайластырыў қураллары тәрепинен 2022-жылдың 1-январына шекем алып кирилип атырған үскенелер, техникалар, шийки затлар, комплектлеўши буйымлар ҳәм резерв бөлеклер және қурылыс материаллары ҳәм Өзбекистан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын басқа да материаллар бажыхана төлеминен азат етиледи.

Буннан тысқары, туризм тараўында жумыс алып баратуғын исбилерменлик субъектлери республика аймағына алып кирилип атырған туристлик категориядағы транспорт қураллары ҳәм аспа жол, таў-лыжа көтергишлер, фуникулёрлар ҳәм басқа да соған уқсас объектлер менен қурылмаларды қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў ушын  әсбап-үскенелер, механизмлер ҳәм аўысық бөлеклер, сондай-ақ, ҳаўа шарлары, аэростатлар, квадроцикллер ҳәм моторлы қайықлар ушын 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана төлемлеринен азат етиледи.

Пәрман менен Қарақалпақстан Республикасында дизимге алынған лицензияға ийе болған туризм операторларына әдеттегиден өзгеше тәризде экстремал түрлерди шөлкемлестириў ушын алып кирилип атырған двигатель көлеми 2,4 л. аз болмаған жоқары өтиў қәбилетине ийе болған транспорт қуралларына автотранспорт қуралларын дизимге алыў бойынша айрықша мәмлекетлик номер сериясын енгизген ҳалда ҳәм олардан тек ғана Қарақалпақстан Республикасы аймағында пайдаланыў шәрти менен 5 жыл мүддетке бөлип-бөлип төлеў арқалы әмелдеги ставканың 25 проценти муғдарында бажыхана төлемлерин төлеўге руқсат етиледи.

Мәлимлеме-коммуникация технологияларын туризм тараўына жедел енгизиў мақсетинде Пәрман менен төмендегилер нәзерде тутылған:

2018-жылдың 1-январынан баслап туризм өнимлерин сатыў ямаса туризм хызметлерин онлайн бронлаў бойынша хызмет көрсететуғын хожалық жүргизиўши субъектлерге электрон төлемлер, бронлаў, эквайринг ҳәм басқа да хызметлерди, сондай-ақ, туризм хызметлериниң заманагөй түрлерин усыныс ететуғын қәнигелестирилген интернет-сайтлар менен порталларды жолға қойыўды хошаметлеўге бағдарланған салық жеңилликлерин усыныў;

жәмийетлик орынларда Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақлары (Wi-Fi) менен үскенеленген операторлар, провайдерлер ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши субъектлерге пайдаланыўшылардың шахсын мәжбүрий тәртипте анықлаў менен биргеликте тийисли сападағы жалғаныўды тәмийинлеў бойынша миннетлеме қойылды;

өз аймағында Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларын (Wi-Fi) орнатқан хожалық жүргизиўши субъектлерге тийисли сападағы сымсыз жалғаныў аймағын кеңейтиў ушын әсбеп-үскенелерди сатып алыўға ҳәм интернет трафикти сатып алыўға бағдарланған салық жеңилликлерин енгизиў;

Интернет тармағына сымсыз бийпул жалғаныў аймақларын (Wi-Fi) қурып атырған операторлар, провайдерлер ҳәм басқа да хожалық жүргизиўши субъектлерге бундай аймақлар шөлкемлестирилген орында еркин тийкарда 18 кв.м. ден аслам болмаған майдандағы реклама баннерин ямаса рамларын орнатыў ҳуқықын бериў.

Сутка даўамында өз көрсетиўлерин берип баратуғын «D7n69 B9’6lab» телеканалы Өзбекистан Республикасы Турзимди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң ишки туризмди, дем алыўдың белсенди түрлерин ҳәм спорт туризмин раўажландырыў, мәдений мийрас объектлерин ҳәм тәбийғый байлықларды, соның ишинде, қорғалатуғын тәбият аймақларын сақлаў ҳәм олардан пйдаланыў бойынша өткерилетуғын илажларды сәўлелендириў мәселелери бойынша мәлимлеме шериги сыпатында белгиленди.

Пәрманда белгиленген илажлардың әмелге асырылыўы ишки ҳәм зыярат туризмлерин жедел раўажландырыў ҳәм олардың бай потенциалынан ҳәр тәреплеме пайдаланыў ушын буннан былай да қолайлы шараятлар жаратады.