Туризм ҳәм хызметлер ушын заманагөй инфраструктура қурылмақта

Президент Шавкат Мирзиёев 23-январь күни Алмазар районы Хастимом мәҳәллеси Зарқайнар көшесинде шөлкемлестирилген туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң жумысы менен танысты.
Туризм аз қаржы менен көп жумыс орнын жарататуғын, халықтың дәраматын ҳәм аймақлардың көринисин жақсылайтуғын тараў. Ташкент қаласында бул бағдарда имканиятлар көп.

Соның ишинде, Алмазар районында бул потенциалды толық иске қосыў мақсетинде 447 гектар аймақты қамтып алған жойбар әмелге асырылмақта. Оған бола, 15 мәҳәллени өз-ара байланыстыратуғын районлық әҳмийетке ийе 6 көшеде туризм ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылады.

Бул жойбардың бир бөлеги – Зарқайнар көшесинде орынланған дөретиўшилик жумыслары. Бул аймақ әсирлер даўамында қәлиплескен тарийхый көриниси, миллий архитектуралық дәстүрлери ҳәм өнерментшилик руўхы менен ажыралып турады.

Республикалық бюджеттен ажыратылған 150 миллиард сум есабынан бул жердеги 576 шаңарақ миллий көринисте оңланып, мәҳәлле тарийхый орталыққа сай келбетке ийе болды.
Жүз исбилермен тәрепинен 166 миллиард сум инвестиция киргизилгени нәтийжесинде 7 мийманхана, 8 ресторан, 5 өнерментшилик орайы, 1 саўда орайы, 125 хызмет көрсетиў объекти шөлкемлестирилди, 1500 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысы жаңаланған көше бойлап жүрип, миллий архитектуралық усылда оңланған турақ жайлар, абат көшелер ҳәм халық ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Усы жерде жасап атырған шаңарақлар, туристлер, өнерментлер менен қызғын сәўбетлести.
– Биз туристлер ушын шараят жаратыўды қәлеймиз, бирақ буның тийкарын да дурыс жолға қойыўымыз керек. Мәселен, өнерментшилик – миллийлигимизди көрсететуғын тийкарғы бағдарлардан бири. Соның ушын өнерментлер өним ислеп шығарыўы ушын барлық зәрүр шараятларды жаратып бериў бизиң ўазыйпамыз. Қәнигели кадрлар таярлаў зәрүр. Усы мақсетте өнерментлер университетин шөлкемлестириў мақсетке муўапық. Биз исбилерменлер менен ушырасып атырмыз, енди өнерментлер менен де өз алдына ушырасыўлар шөлкемлестиремиз, – деди Президент.

Жуўапкерлерге туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў, мәҳәллелердеги тарийхый орталықты қәстерлеп-сақлаған ҳалда экономикалық белсендиликти арттырыў, ең әҳмийетлиси, адамлардың мәпине хызмет ететуғын турақлы системаны қәлиплестириў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына “Алмазар” инновациялық өсиў аймағын раўажландырыў бойынша ислеп шығылған мастер-реже таныстырылды.

Презентацияда аймақты кеңислик-аймақлық раўажландырыў концепциясы, мүтәжликлерди баҳалаў нәтийжелери ҳәм функционаллық зоналастырыў шешимлери көрсетип өтилди.
Бас режесине муўапық, билимлендириў-инновация, туризм ҳәм саўда, мәдений мийрас, бизнес ҳәм IТ хызметлерин қамтып алған “раўажланыў коридорлары” қәлиплестириледи.

Ески қаланың әтирапында Студентлер қалашасы, университет ҳәм технопарклер, денсаўлықты сақлаў объектлери, сондай-ақ, Ислам цивилизациясы орайы, Ҳәзирети Имам комплекси, Чорсу ҳәм тарийхый қала орайын өз ишине алған туризм бағдарлары өз-ара байланысады. Соның менен бирге, арқа орай исбилерменлик аймағында офислер, IТ-парк ҳәм бизнес орайларын раўажландырыў нәзерде тутылған.

Бас режени әмелге асырыў арқалы тарийхый мийрасты сақлаған ҳалда заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, аймақтың экономикалық потенциалы ҳәм қала орталығын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсет етилген.

– Ҳәр бир көше ушын кеминде бес жыллық мастер реже ислеп шығыў зәрүр. Кеше Швейцарияның Давос қаласында имаратлар сақланған ҳалда, қала орталығы шараятқа сәйкес түрде раўажландырылып атырғанын көрдим. Биз де ески қаланы қәстерлеп сақлаўымыз, және де раўажландырыўымыз шәрт. Усы мақсетте өз алдына “Ески қала” бағдарламасын ислеп шығыў зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА