Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў кеңейтиледи

18

Президент Шавкат Мирзиёев денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, транспорт ҳәм космос тараўларында жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша алып барылып атырған жумыслардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының октябрь айында қабыл етилген “Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм “Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары менен елимизде бул бағдарда зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм кадрлар таярлаў ушын барлық шараятлар жаратылды.

Соның ишинде, 2030-жылға шекемги стратегия тастыйықланып, Санлы технологиялар министрлиги жанында тийисли орай ашылды. Жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў ушын зәрүр есаплаў инфраструктурасы қурылмақта. Соның ишинде, АҚШтың “Nvidia” компаниясы менен биргеликте супер компьютер кластерин иске қосыў жойбары әмелге асырылмақта. Медицина тараўында жасалма интеллект бойынша 5 жойбар енгизилмекте. Атап айтқанда, инсульт, көкирек рагин жасалма интеллект жәрдеминде анықлаў арқалы диагностика ўақты 80 процентке үнемленип, өмир ушын қәўипли жағдайлар ерте анықланбақта.

Президентимиз бул жетерли емес екенлиги, жасалма интеллект жәрдеминде диагностиканы қолланыў мүмкин болған кеселликлер түрин және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Усы мүнәсибет пенен сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте республикалық қәнигелестирилген медицина орайларында баўыр, өкпе ҳәм простата раги, инфаркт және қурамалы сүйек сыныўларын диагностикалаўда медициналық сүўретлерди жасалма интеллект жәрдеминде таллаў системаларын енгизиў режелестирилген.

Келеси оқыў жылынан мектеп, техникум ҳәм жоқары оқыў орынларында оқыўшы ҳәм студентлерге жасалма интеллектти оқытыў басланады. Буның ушын информатика муғаллимлери таярланбақта. Бирақ тек ғана оларды емес, пүткил мектеп жәмәәтин жасалма интеллекттен пайдаланыўға үйретип, муғаллимлердиң жүклемесин азайтыў керек екенлиги көрсетип өтилди. Сонда муғаллимде өз үстинде ислеўге көбирек ўақыт қалады, деп атап өтилди мәжилисте.

Презентацияда бул бағдардағы жаңа көзқараслар көрип шығылды.

Соның ишинде, мектеп билимлендириўи ушын жасалма интеллектке тийкарланған платформаны енгизиў усыныс етилди. Онда оқытыўшының виртуал жәрдемшиси ислеп шығылады ҳәм платформаға интеграцияланады. Бул шешим муғаллимлерге темаға байланыслы лекция текстлери, презентациялар, тестлер, сабақ режелерин дүзиў, имтихан процесслерин қадағалаўда жәрдем береди.

Мәжилисте ҳәкимлердиң санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект бойынша мәсләҳәтшилериниң маманлығын арттырыў бағдарламасы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Транспорт тараўында да жасалма интеллект жойбарларын әмелге асырыў режелестирилген. Соның ишинде, жасалма интеллект жәрдеминде жоллардағы қағыйдабузарлықларды автоматикалық анықлаў, вагонлардың техникалық жағдайын мониторинг етиў арқалы темир жолда авариялар қәўпин азайтыў бойынша усыныслар таныстырылды.

Буннан тысқары, космослық технологиялар бойынша жаңа басламалар ислеп шығылған. “Самарқанд-2028” жасалма жолдасын ислеп шығыў жумысларының барысы көрип шығылды. Жерди аралықтан зондлаўға мөлшерленген бул жолдас ушын жасалма интеллект модули ислеп шығылады. Спутниктен түсирилген сүўретлерди ҳаўа сапасын бирлемши баҳалаў, аўыл хожалығы егинлери ҳәм тоғайларды мониторинг етиўде қолланыў мүмкин болады.

Презентацияның жуўмағында мәмлекетимиз басшысы көрип шығылған жойбарлардың орынланыўын жеделлестириў, жасалма интеллект технологияларынан экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўда пайдаланыўды кеңейтиў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

ӨзА