Өзбек шахматыныӊ раўажланыў динамикасы дүньяға көрсетилди

Шахмат бойынша Жәҳән кубогин қолға киргизип, Өзбекстан жасларының интеллектуаллық потенциалы қаншелли жоқары екенин көрсеткен Жавоҳир Синдоров салтанатлы күтип алынды.
Мәмлекетимиздиң жәмийетлик-сиясий системасында жаңа Өзбекстан принципиниң кеңнен енгизилиўи халқымыздыӊ турмысына умтылыўшаңлық, исшеңлик, талпыныс сезимлерин сиңдирди.
Бул, өз гезегинде, мақтанышымызды арттыратуғын табыслардың салмағы жылдан-жылға артып барыўына себеп болмақта. Әсиресе, кейинги 5 жыл даўамында спорт тараўында қолға киргизилген нәтийжелер, ерисилген жеңислер соншелли дәрежеде артты, бул жаңалықлар халқымыздыӊ турмысында, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырай-мәртебесиниң жоқарылаўында, саламатлық ҳәрекетиниң кеңнен ен жайыўында үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Буннан бир неше ҳәпте бурын елимиз спортшыларының “Ислам тилеклеслиги” ойынларында 57 мәмлекет делегациялары арасында ҳәм оннан алдынырақ Бахрейнде өткерилген жаслар арасындағы Азия ойынларында улыўма командада 2-орынды ийелегенинен соң күни кеше Ҳиндстанда шахматшымыз Жавоҳир Синдоровтың Жәҳән кубогиниң ийеси болыўы Өзбекистан жасларының жеңимпазлық көриниси қаншелли жоқары екенин дүнья халқына және бир мәрте айқын көрсетти.
Өмиримизде әҳмийетли күнлер, сәнелер көп. Бирақ Ўатанымыз келешеги жолында әмелге асырылып атырған жумыслар, оның ирге тасы қойылған демлер ҳәммесинен қәдирли.
Усы мәниде, 2025-жылдың 26-ноябрь күни тек ғана спортымыз емес, ал елимиздиң ертеңги раўажланыўы жолындағы ең есте қаларлық күнлерден бири болып қалатуғыны сөзсиз.
Әйне усы күни Өзбекстанда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Президентлик олимпиада ойынларының өткерилиўи рәсмий түрде жолға қойылғаны жәрияланған болса, ертеңимиз ийелери жаслардың интеллектуаллық потенциалы қаншелли жоқары екенин көрсеткен Жавоҳир Синдоров қытайлы Вей Ини 1,5:0,5 есабында жеңип, жәҳән кубогин қолға киргизди.
Халықаралық шахмат әлеминде үлкен шаўқымға себеп болған, ФИДЕ тарийхында ең жас жәҳән кубогиниң ийеси сыпатында тән алынған 19 жасар Жавоҳир Синдоров Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында ҳүкимет ағзалары, спортымыз жуўапкерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, шахмат ықласбентлериниң қатнасыўында салтанатлы күтип алынды.
Ҳақыйқатында да, Жавоҳир Синдоров дүньяның ең күшли 206 шахматшысы менен қыйын ҳәм үлкен руўхый басым астында өткен абырайлы жарыста оғада исенимли, салмақлылық пенен жоқары ерк-ықрар ҳәм мәртлигин көрсетти, ҳәр бир тур, ҳәр бир илгерилетиў оны жеңиске жетекледи.
Гао қаласында жәҳән кубоги жеңимпазы Жавоҳир Синдоровты рәсмий сыйлықлаў мәресиминде қатнасқан Халықаралық шахмат федерациясының басшылары, Ҳиндстан спорт шөлкемлериниң жуўапкерлери Өзбек шахматының раўажланыў динамикасы ҳаққында жыллы пикирлер билдириў тийкарында Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жас шахматшымызды ҳәм жәҳән кубоги қатнасыўшыларын қутлықлағаны итибарлы ўақыя болды.
– Жәҳән кубогин қолға киргизиўим, шахмат тажы ушын келеси жылы Кипрде болатуғын Талабанлар турнирине жоллама алғанымнан қуўанышлыман. Жеңиске ерискенимнен соң ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң жеке өзи телефон етип қутлықлағаны ҳәм бул қутлықлаў Ҳиндстанда сыйлықлаў мәресиминде ҳәммеге көрсетилгени өмиримдеги ең умытылмас ўақыя болып қалады. Бул абырайлы жарыстың Ҳиндстанда өткерилгени мениң спорт жумысымда айрықша орын ийелейди. Себеби, биринши мәрте 7 жасымда биринши Азия чемпионлығына Ҳиндстан жеринде ерискенмен. Буннан соң, 2022-жылы Ченнайда өткен Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасында командамыз бенен жеңимпазлықты қолға киргиздик. Елимиз спортының үлкен жетискенликлери еле алдында, деп ойлайман. Бар күш-ғайратым, билимим менен Ўатанымыздың даңқын, оның абырайын арттырыўға ҳәрекет етемен, – деди күтип алыў мәресиминде Ж.Синдоров.
Дүнья халқына Өзбек шахматының руўхый күшин, мәмлекетимиз жасларының ой-пикириниң қаншелли жоқарылығын көрсеткен шахматшыларымызды күтип алыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Жавоҳир Синдоровқа “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы” ҳүрметли атағын бериў ҳаққындағы пәрманы оқып еситтирилди.
Күтип алыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов қатнасты.
Т.РЎЗИЕВ,
ӨзАныӊ хабаршысы