Имканиятлардан утымлы пайдаланыў мәселелери додаланды

45

Қоңырат районында Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги «Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде көргизбели семинар өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев, тараў жуўапкерлери, Карантин агентлиги ўәкиллери фермер хожалықларының басшылары ҳәм тийисли тараў жуўапкерлери қатнасты.

Семинар даўамында қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар, атап айтқанда, атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланыў, пайдаланылмай атырған майданларды қайта пайдаланыўға киргизиў, бийдай егинлери бойынша агротехника талаплары ҳәм мәўсимлик жумысларды дурыс шөлкемлестириў, бийдайды азықландырыў (суспензия) технологияларын енгизиў, өнимдарлықты арттырыўға қаратылған әмелий усыныслар талқыланды.

Исбилермен ҳәм фермерлердиң тәжирийбесин арттырыў, заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў, сондай-ақ усы қарардың орынланыўын системалы шөлкемлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Семинарда тараў қәнигелери тәрепинен фермерлерге әмелий көнликпелер берилди ҳәм мәўсимлик агротехникалық илажларды сапалы шөлкемлестириў бойынша усыныслар билдирилди.

Көргизбели семинарлар басқа да районларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги