Қырғыз-Қарақалпақ әдебий байланысы: сынақтан өткен әдебий тәжирийбе мектеби
Қырғыз-қарақалпақ әдебиятының әдебий байланысы өткен әсирден баслап бүгинги күнге шекем даўам етип киятырғанын әдебий ҳәм илимий фактлер дәлиллейди. Қырғыз-қарақалпақ нақыл-мақалларының мәниси бирдей болып ҳәм олар күнделикли турмыста кеңнен қолланылса, бул еки халық аўызеки дөретиўшилиги бир-бирине жүдә жақын. Мәселен, «Халық айтса, қалып айтпайды», «Ер ели менен, жер кәни менен» ҳәм т.б. «Манас» эпосы менен «Алпамыс» эпосының сюжетлик уқсаслықлары ҳаққында илимий жумыслар жазылып атыр. Қырғызстанлы жас изертлеўши Азиз Биймырза улы профессор Қуўанышбай Оразымбетов пенен мениң илимий басшылығымда докторлық диссертациясын жуўмақлаў алдында тур.
Шыңғыс Айтматов Бердақтың мерекесинде қатнасып, шығып сөйлейди. Қарақалпақ классик шайырының қырғыз тилинде басып шығарылған қосықлар китабына алғы сөз жазған. Онда Бердақ шайырға: «Бүгинги күнде Бердақ тек ғана қарақалпақ халқының емес, ал барлық туўысқан халықлардың сүйикли шайыры болып есапланады» – баҳа берген еди ҳәм деп Тоқтағул Сатылғановтың поэзиясы менен Бердақ қосықлары үнлесетуғынлығын белгилеп өткен еди. Бердақтың шығармаларын қырғыз тилине белгили шайыр Қамбаралы Бабулов шебер аўдарған.
Аўдармашылар ҳаққында сөз еткенде, мен өзим жақсы таныйтуғын Узақбай Пиржанов пенен Алпысбай Султановты айтпай кете алмайман. Узақбай аға менен сол 1982-жылы Нөкиске келгенде танысқан едим. Ол киси маған Ш.Айтматовтың қарақалпақ тилинде басып шығарылған повестьлерин берген еди. У.Пиржанов Шыңғыс Айтматовқа арнайы барып ушырасып, үйинде мийман болған, миннетдаршылығын алған. Алпысбай ағамыз болса Узақбай Пиржановтан кейин аўдарма исин даўам еткен ҳәм Ш.Айтматовтың «Кассандра таңбасы» ҳәм «Таўлар қулаған мәҳәл» романларын қарақалпақшалаған. Соның менен бирге «Қарақалпақ прозасында Ш.Айтматовтың поэтикалық дәстүрлери» монографиясын жазған.
Бүгинги күнде Жупар Қаниязова – Ш.Айтматов, Ш.Халмырзаев, Ш.Сейтовтың дөретиўшилигин салыстырып, докторлық диссертациясын жақлады. Мен илимий оппонент болдым.
Ш.Айтматовтың шығармалары қарақалпақ театрларында қойылып келмекте. Актриса Айымхан Шамуратованы айтпай кетиўге болмайды, ол Толғанайдың образын шеберлик пенен атқарған.
Белгили өзбек жазыўшысы Нурали Кабул болса Шыңғыс Айтматов ҳәм оның шығармаларын аўдарыў жумысы бойынша төмендеги пикирди билдирген: “Мен Шыңғыс Айтматовты әдебият аспанында жарқыраған жулдызлардан деп билемен. Бул санаўлы 20 жыл ишинде болып атыр. Мен Шыңғысты жақсы көрип оқыйман, ол дөретиўшиликте бәрқулла мениң менен бирге жүреди, бизлер ушырасып сөйлеспеген болсақ та, қыял менен мәсләҳәтлесемен, пикирлесемен. Мениң “Балалық дәўирдиң аспанында” повестим шыққанда көпшилик жолдаслар “Ақ кеме”ниң екинши варианты деп есаплады. Мен оны танымайман, шығармалардың уқсас тәреплери бар. Жаман шығарма жазғаннан гөре, жақсыға жақынластырып, өз алдына жол излеп кетиўге ҳәрекет еткен жақсы емес пе? Айтматов Шекерди, таўды, даланы қандай толқынланыў менен жазса, мен де туўылып өскен жеримди сондай сүйсинип жазыўды жақсы көремен. “Ақ кеме” повестинде көтерилген машқалалар бүгинги күндеги шешилиўи зәрүр мәселелер. Бириншиден, тәбиятты қорғаў ҳәммемиздиң ўазыйпамыз ҳәм оған жуўапкермиз. Екиншиден, ата-бабаларымыздың мийрасына, тарийхымызға бәрқулла нәзер аўдарыўымыз керек. Бул бағдарда Ш.Айтматов тек ғана көркем дөретиўшиликте емес, ал әмелий турмыста да көп ҳәрекет етип атыр” деген пикирди билдирген.
Қырғыз-қарақалпақ әдебий, илимий, мәдений байланыслары раўажланып бармақта. Уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз, Тоқтағулдың ел, жер, өлим, өмир, жаратылыс ҳаққындағы қосықлары болса философиялық пикирлерге қурылып, халық кеўлинен жай алған. Тоқтағулдың қосықлары өткен әсирдиң қырқыншы жыллары аўдармашы М.Дәрибаев ҳәм Д.Назбергенов тәрепинен аўдарылған. Мысалы, “Өмир”, “Хош, апа”, “Ўәсият”.
1964-жылы Қарақалпақстанда Тоқтағул Сатылғановтың 100 жыллық юбилейи жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилди. Арнаўлы баспа сөз бетлеринен шайырдың юбилейине кең орын ажыратылып, мақалалар жәрияланды. Шайыр туўралы “Қырғыз елиниң уллы улы” деген мақала жазылса, Т.Жумамуратов ҳәм Ғ.Сейтназаровлар “Тутқында”, “Санат” ҳәм т.б. шығармаларын аўдарған.
Сондай-ақ, қарақалпақ халқы ҳәм белгили шайыр-жазыўшылары заманагөй қырғыз әдебиятының баслаўшыларынан бири белгили шайыр Аалы Тоқамбаевтың 60 жыллығын белгилеп, Ғ.Сейтназаровтың аўдармасында “Сүйгениме”, “Жүреги толы муҳаббат”, “Ким билер”, “Үш ҳақыйқат” ҳәм басқа да лирикалық-философиялық қосықлары қарақалпақ оқыўшыларына жетип барған.
Қарақалпақ оқыўшылары белгили шайыр Сүйинбай Ералиевтиң дөретиўшилигин үлкен қызығыўшылық пенен оқыған. Оның лирикасы қарақалпақ оқыўшыларының кеўлинен терең орын алған. С.Ералиев белгили қарақалпақ шайыры Ибрайым Юсупов пенен дос, дөретиўшилик байланыста болған. Ибрайым Юсупов бир неше қосықларды қырғыз досларына бағышлап жазған.
С.Ералиевтиң 50 жыллығы ҳәм дөретиўшилик юбилейи Қарақалпақстанда 1971-жылы өткерилген. Б.Қайыпназаров тәрепинен С.Ералиевтиң “Таўлар”, “Жети-Өгиз курортында”, “Адам” сыяқлы лирикалық шығармалары аўдарылып, баспасөзде жәрияланған. С.Ералиев “Мениң досларым көп” деп қарақалпақ шайыр-жазыўшылары менен мақтанған.
Ибрайым Юсупов пенен 1982-жылы Нөкисте ушырастым. Оның оғада талантлы шайыр екени, адамгершилиги жоқары екени дәрҳал билинди. Мени жас демей, Жазыўшылар аўқамында қабыллап, үйине ертип барып, дәстурхан жайып, Сүйинбай Ералиев ҳәм Шыңғыс Айтматов ҳаққында узақ сөз еткени еле есимде. Мениң докторлық диссертациямды жазыў ушын материал жыйнаўға келгенимди еситип, белгили жазыўшылар, аўдармашылар Узақбай Пиржанов пенен Шаўдырбай Сейтов пенен таныстырды.
Ибрайым Юсуповтың Аалы Тоқамбаевқа арналған “Алатаўдан самал” ҳәм “Ыссық көл”, “Арашан”, “Қырғызлар” ҳаққындағы қосықлары терең сезим менен қырғыз халқына болған ҳүрмет-иззет пенен жазылған қосықлар.
Дослық күшли бир-бирине берилсе,
Дийдарыңа қарайман да тоймайман.
Алатаўдан ақ қалпағың көринсе,
Қара таўдан қара қалпақ былғайман –
деп жазады Ибрайым Юсупов.
Ибрайым Юсуповтың усы қосығындағы мына қатарлар жүректи толқытады.
Еки Шыңғыс жаўлап алды елимди,
Биреўин мен жек көремен өлгенше.
Екиншисин-ашып жүрек төримди,
Сағынаман, асығаман көргенше.
Айтматов ҳаққында сөз болғанда қарақалпақтың белгили жазыўшылары менен дөретиўшилик байланысы ҳәм дөретиўшилик тәсирин айтпай кетиўге болмайды. Айтматов белгили қарақалпақ әдебиятының ўәкили дүньяға белгили болған Төлепберген Қайыпбергеновтың “Қарақалпақ дәстаны” атлы роман-трилогиясын жоқары баҳалаған. Айтматов оның романы бурынғы аўқам мәмлекетлик сыйлығына усынылғанын оғада қоллап-қуўатлаған.
Олар, енди тең қурдас, заманлас, дос болған. Мен Төлепберген Қайыпбергенов пенен Ш.Айтматовтың 70 жыллығы Парижде ЮНЕСКОда белгиленген пайытта бирге болып, танысқан едим. Соннан берли жақсы қатнаста болдым. Төлепберген Қайыпбергенов, Әдил Якубов ҳәм Шыңғыс Айтматов мениң үйимде мийман болды. Т.Қайыпбергенов “Ш.Айтматов жөнинде бир неше сөз” деген мақаласын 1978-жылы “Әмиўдәрья” журналында (№6) жәриялаған. Онда Әдебиятта “Шыңғыс Айтматов мектеби”, жаңа “Шыңғыс Айтматов дәстүри” пайда болды” – деп жазады.
Есимде, 1982-жылы кандидатлық диссертациямды қорғағаннан кейин Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстанда илимий сапарда болдым. Сол сапарымда қарақалпақ елинде бир жума болып, қарақалпақ елиниң мақтанышы халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов пенен ушырасып, үйлеринде мийманда болып, қырғыз-қарақалпақ халықларының дослығы, бирлиги, әдебий байланыслары ҳәм жәҳән әдебиятының көрнекли жазыўшысы Шыңғыс Айтматовтың дөретиўшилиги туўралы узақ әңгимелескен едик. Усы сапары Айтматов шығармаларын аўдарған Узақбай Пиржанов пенен ҳәм жазыўшы Ш.Сейтов пенен де гүрриңлестим.
Фрунзеге (Бишкек ол гезде усылай аталатуғын еди) келип, “Советтик Кыргызстан” газетасына “Чыгармачылык байланыштын үзүрү” («Дөретиўшилик байланыстың жемиси») (1982, 22-август) деген атамада мақала жәриялаған едим.
Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллық мерекесине баратуғын болғанлықтан, усы газетаны архивтен таўып, қарақалпақ оқыўшыларын ҳәм изертлеўшилерин қызықтырады деген ой менен Т.Қайыпбергеновтың, Ш.Сейитовтың ҳәм У.Пиржановтың пикирлерин жәриялаўды мақул көрдим (“Шыңғыс Айтматов ҳәм қарақалпақ әдебияты” мақаласы // “Еркин Қарақалпақстан” газетасы, 2024-жыл 9-ноябрь, №136).
Ш.Айтматов қарақалпақ елиниң уллы шайыры Бердақтың шығармаларын жоқары баҳалаған. Мәдений жәмийетшилик қарақалпақ шайырының 150 жыллығын белгилегенде ҳүрметли мийманлар қатарында Шыңғыс Айтматов та шақыртылған еди. «Талантлы қарақалпақ халқының уллы шайыры Ғарғабай улы Бердақтың аўыр тәғдири, өлмес поззиясы, оның өз елиниң азаматы болғанлығы жөнинде ойланғанымда пүткил айланаңда көз жетпеген қумлы шөл, жүре берсең сағым, көзди аштырмайтуғын ыссы самал ҳүким сүрген далада мың тамыры жерге сиңип тәбияттың бул зулым ҳүкимине бағынбай, көркейип, айланасына самал жыйнап өскен көп әсирлик шынар терек көз алдымда шайқалып турады» [Бердах. Өмүр ырлары. – Фрунзе: Кыргызстан, 1980. – Б. 5.] – дейди ол.
Бердақтың дөретиўшилиги халық мәпин жырлаўға арналған. «Халық ушын» деген шығармасы ақыл-нәсият формасында жазылып, онда адамның жәмийеттеги орны, мийнети, адамгершилиги, елине болған сүйиспеншилиги туўралы ойлары қамтылған. «Халыққа хызмет етиў» ҳаққында:
Жетерсең муратқа хызметлер етсең,
Елатың силтесе ғайры елге кетсең – дейди шайыр.
Ш.Айтматов уллы шайыр дөретиўшилиги менен танысып, мынадай жуўмаққа келеди: «…Бердақ пенен бизиң Тоқтағулдың өмири, поэзиясы ҳәм тәғдири бири-бирине соншелли үнлесип турады. Өйткени, олардың екеўи де қарапайым халық арасынан жетилисип, екеўи өмири бойы өз халқының жүйрик тили, екеўи де өз халқының таң бүлбиллери болған. Бердақ та бизиң Тоқтағулдай өз дәўириниң езиўшилериниң бет пердесин ашып, тартынбастан қәлем тербеткен» [Айтматов Ч. Кум чөлдөгү чынар терек // Бердах. Өмүр ырлары. – Фрунзе: Кыргызстан, 1980. – 5-б.]. Туўысқан халық әдебиятының баҳалы мийраслары болған Бердақтың шығармаларын қырғыз оқыўшыларына терең таныстырыў Шыңғыс Айтматовтың үлкен хызмети бар.
Ш.Айтматовтың шығармалары Т.Қайыпбергенов, М.Сейтниязов, С.Салиев, У.Пиржанов, Ш.Сейтов ҳәм басқалар тәрепинен дөретиўшилик пенен үйренилген. Әдебиятшылар С.Баҳадырова, Қ.Оразымбетов, А.Султанов, З.Бекбергенова, Ж.Каниязовалар ҳәм мен де Ш.Айтматовтың дөретиўшилигин изертледим.
Қарақалпақ оқыўшылары Ш.Айтматовтың шығармаларын сүйип оқыйды, илимпазлары илимий изертлеўлер жазады, шайырлар қосықлар арнайды, театр сахнасында «Ана жер-Ана», «Жәмила», «Лувр үйреги» спектакллери сахналастырылды.
Мен қарақалпақ елине ҳәм оқыўшыларына айтматовтаныўшы сыпатында өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Абдылдажан Акматалиев,
Ш.Айтматов атындағы тил ҳәм әдебият
институтының директоры, академик.
Қарақалпақстан хабар агентлиги