Өзбекстанға келген АҚШлы туристлердиң саны артпақта
55

Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-сентябрь айларында АҚШтан Өзбекстанға туристлик мақсетлерде келген пуқаралардың саны 28,6 мыңды қурады.
Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5,2 мыңға ямаса 22,4 процентке көп.
АҚШ пуқараларының келиў мақсетлери төмендегише бөлистирилди:
- саяхат – 23,6 мың адам;
- хызмет сапары – 2,4 мың адам;
- туўысқанларды көриў – 2,1 мың адам;
- оқыў – 395 адам;
- коммерциялық – 111 адам;
- емлениў – 11 адам;
Ҳамроз Баянов, ӨзА