Рекорд дәреже: Өзбекстан резервлери 60 миллиард доллар шегарасына жақынласты

Өзбекстанның рәсмий резервлери 2025-жыл октябрь жағдайына бола рекорд дәрежеге жетти – олардың улыўма көлеми 59,33 миллиард долларды қурады.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң рәсмий сайтында мәлим етилди.
Атап өтилиўинше, резервлер көлеминиң бундай өсиўине тийкарғы фактор сыпатында алтын баҳасының артыўы ҳәм мәмлекет резервлериниң көбейиўи көрсетилмекте.
Орайлық банк мағлыўматларына бола, алтын резервлери 47,85 миллиард доллар, валюта резервлери болса 10,91 миллиард долларды қураған.
Усы тәризде, усы ай даўамында резервлердиң муғдары 4,3 миллиард долларға артқан. Алтын баҳасының артыўы мәмлекет резервлерине қосымша 2,5 миллиард доллар қун қосқан.
Орайлық банктиң атап өтиўинше, резервлер көлеминиң бундай өсиўи мәмлекеттиң финанслық турақлылығын ҳәм сыртқы экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
ӨзА