Орай директорлары, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықларын лаўазымға қойыўда жаңа тәртип енгизиледи

35

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

Районлық ҳәм ўәлаятлық бас шыпакерлер республикалық орайлар менен тиккелей ислесетуғын, интеграцияласқан система енгизилетуғыны белгиленди.

Олар аймағындағы кеселликлердиң түри ҳәм динамикамасына қарап, орайларға буйыртпа береди. Бунда тек емлеў усыллары емес, ал кеселликлердиң алдын алыў, шыпакерлердиң маманлығын арттырыў сыяқлы анық мәселелерди қояды.

Жаңа жылдан анық өлшемлерди белгилеп, 26 орай директорлары, ўәлаятлық ҳәм районлық денсаўлықты сақлаў басшылары, шаңарақлық поликлиника баслықларын лаўазымға қойыўда жаңа тәртип енгизиледи.

Онда барлық медицина мәкемелеринде басшы ҳәм бас шыпакер лаўазымлары бир-биринен ажыратылады. Оларға басшылар менеджерликке оқыған, жақсы нәтийжелер көрсеткен исбилерменлер арасынан тайынланады.

ӨзА