Районның раўажаланыўы-исбилерменлердиң қолында

55

Усы жылдың октябрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясының басшысы Актам Хаитов басшылығындағы депутатлар ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары Қарақалпақстан Республикасының барлық район ҳәм қалаларында исбилерменлер, фермерлер ҳәм халық ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерди.

Бул ушырасыўлардан гөзленген тийкарғы мақсет-экономикалық реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, өндирис процесслериндеги бар машқалаларды үйрениў, сондай-ақ, исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған әмелий усыныслар ислеп шығыў болып табылады.

Усы шеңберде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова ҳәм партия ағзаларынан дүзилген жумысшы топар Мойнақ районында жумыс алып барып атырған “Moynaq mineral duzı” ҳәм “Moynaq Agro tekstil” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлериниң жумысы менен жақыннан танысты. Депутатлар кәрхана басшылары, жумысшылар ҳәм жергиликли исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесип, олардың жумысында ушырасып атырған машқалалар, усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.

Ушырасыўлар даўамында ислеп шығарыў тараўындағы тийкарғы мәселелерден бири сыпатында транспорт ҳәм логистика инфраструктурасының жетерли дәрежеде раўажланбағаны атап өтилди. Әсиресе, узақ аймақларға өнимлерди жеткерип бериўде жол сапасының төменлиги ҳәм мәўсимлик машқалалар себепли қәрежетлердиң артыўы кәрханалардың жумысына унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Депутатлар бул бағдарда жергиликли жолларды оңлаў ҳәм санаат зоналарына шекем логистика инфраструктурасын раўажландырыў бойынша нызамшылық басламаларын ислеп шығыў усынысын билдирди.

“Moynaq mineral duzı” кәрханасында 2 миллион 71 мың АҚШ доллары муғдарындағы инвестиция тийкарында ислеп шығарыў қуўатлылығы кеңейтилип, жоқары сортлы “экстра” дуз ислеп шығарыў жолға қойылған. Ҳәзирги ўақытта кәрхана ҳәр айда 2800-3000 тонна өним ислеп шығармақта. Буның нәтийжесинде 150 ден аслам жергиликли халық турақлы жумыс пенен тәмийинленген. Өнимлер тек ғана мәмлекетимиз базарына емес, ал Грузия, Аўғанстан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерге де экспорт етилмекте. Кәрхана басшысының атап өткениндей, ӨзЛиДеП депутатлары менен ашық сәўбетлер исбилерменлер ушын үлкен әҳмийетке ийе, себеби олардың пикир ҳәм усыныслары тийкарында әмелий шешимлер ислеп шығылады.

Сондай-ақ, фракция ўәкиллери 2023-жыл декабрь айында иске қосылған “Moynaq Agro tekstil” ЖШЖ жумысы менен де танысты. Бул кәрханада 50 ҳаял-қыз турақлы жумыс пенен тәмийинленген болып, тийкарынан ер адамлар ушын арнаўлы жумыс кийимлери ҳәм формалар тигиледи. Таяр өнимлер Ташкент қаласына жеткерилип, тендер тийкарында ишки базарға тарқатылады. Кәрхана басшысы Каримулла Файзуллаевтың атап өтиўинше, кәрхана жумысын және де кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Сөйлесиўлер даўамында жумысшылар тәрепинен электр энергиясы тәмийнатындағы үзилислер ҳәм жумыс процесиндеги қыйыншылықлар ҳаққында да пикирлер билдирилди. Депутатлар бул мәселелерди тийисли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте үйренип, турақлы энергия тәмийнатын тәмийинлеў бойынша әмелий илажлар көриў нийетинде екенлигин мәлим етти. Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен салық миннетлемелерин жеңиллетиў, есабат жүргизиў ҳәм төлеў процесслерин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, өндирис тараўы ушын маман кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бойынша усыныслар билдирилди.

Өткерилген ушырасыўлар нәтийжелери тийкарында фракция тәрепинен экономикалық искерликти буннан былай да раўажландырыў, киши санаат зоналарын кеңейтиў, агробизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы ҳуқықый орталық жаратыўға қаратылған әмелий усыныслар ислеп шығылмақта.

ӨзЛиДеП партиясының тийкарғы ўазыйпасы – исбилерменлердиң мәплерин қорғаў, олардың жумысында ушырасып атырған машқалаларды орнында үйрениў ҳәм шешим табыў болып табылады.

                                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги