Британияның белгили билимлендириў шөлкеми Өзбекстан менен бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди

108

Өзбекстанның Лондондағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Равшан Усмонов Бирлескен Патшалықтың абырайлы “Dukes Education билимлендириў шөлкеминиң директоры Тим Фиш пенен ушырасты.

Бул шөлкем 30 дан аслам билимлендириў мәкемелерин, соның ишинде, мектеплер, колледжлер, балалар бақшасы ҳәм оқыў орайларын бирлестиреди. Оларға Cardiff Sixth Form College, Oxford Sixth Form College, Rochester Independent College ҳәм басқа да белгили билимлендириў мәкемелери киреди.

Бүгин тармақ тек ғана Уллы Британия емес, ал Швейцария, Ирландия, Испания ҳәм Португалияда да жумыс алып бармақта. Буннан тысқары, шөлкем студентлерди дүньяның жетекши университетлерине, соның ишинде, АҚШтағы “Ivy League Schools” билимлендириў дәргайларына кириўине жәрдемлеседи.

Сөйлесиўлер ўақтында Британия тәрепи Өзбекстанда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимиздеги тек ғана мәмлекетлик университетлер емес, ал жеке меншик билимлендириў мәкемелери менен де бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенин билдирди.

А.Алимова таярлады,

ӨзА