Дәмегөйлик ҳаққында исеним телефонына қоңыраў етиў соралды

“Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен аймақта жасаўшы пуқаралар менен “Коррупцияға қарсы гүресиў бәршемиздиң миннетимиз” атамасында ушырасыў болып өтти.
Онда пуқараларға бажыхана шегараларын кесип өтиў тәртип-қағыйдалары, товарларды бажысыз алып кириў ҳәм алып шығыў нормалары түсиндирилип, нызамшылықта белгиленген тәртиплерге қатаң әмел етилиўи, қадаған етилген товарларды нызамсыз түрде алып өтиўге урынбаў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, коррупция миллеттиң заўалы есапланатуғыны, бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленгенде нызамшылық талапларына қатаң әмел етпей, бажыхана хызметкерине “пара” усыныс етиў – жынайый жуўапкершилик ушын тийкар болатуғыны атап өтилди.
Пуқараларға бажыхана хызметкерлериниң лаўазым ўәкилликлеринен материаллық ямаса материаллық емес мәплер есабынан пайдаланыў, дәмегөйлик жағдайларына дус келсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының 61-224-90-86 исеним телефонына қоңыраў етиўи соралып, байланыс номерлери көрсетилген буклетлер тарқатылды.
Бул бағдардағы үгит-нәсият жумыслары жолаўшы тасыўшы поездларында бажыхана шегараларын кесип өтип атырған пуқараларға да түсиник бериў арқалы даўам еттирилмекте.


Еслетип өтемиз, әмелдеги нызамшылық талапларын билиў ҳәм оларға әмел етиў бажыхана нызамбузыўшылығы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги