30-июль – Дүнья жүзилик адам саўдасына қарсы гүресиў күни

106

Адам саўдасы адамларды алдаў, мәжбүрлеў, шантаж ямаса күш пенен қадағалаўға алып, оларды эксплуатациялаў мақсетинде сатыў, сатып алыў, тасыў, жасырыў ямаса қабыл етиў процеси болып есапланады. Бул жынаят инсан ҳуқықларының аўыр бузылыўы есапланады.

Дүнья жүзилик адам саўдасына қарсы гүресиў күни ҳәр жылы 30-июльде дүнья бойлап белгиленеди. Бул күн БМШ Бас ассамблеясының 2013-жыл декабрьдеги резолюциясы менен шөлкемлестирилген – 2010-жылдың тап усы күнинде БМШ тәрепинен Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша Глобал ҳәрекетлер режеси қабыл етилген.

Адам саўдасының түрли көринислери бар. Атап айтқанда, мәжбүрий мийнет (адамларды жумыс ислеўге мәжбүрлеў, аз мийнет ҳақы төлеў ямаса улыўма төлемей мийнеттен пайдаланыў), жынысый эксплуатация, орган саўдасы, мәжбүрий неке (шахсты оның қәлеўисиз некеге мәжбүрлеў), бала саўдасы (балаларды пул ушын сатыў, оларды мийнет ямаса басқа мақсетлерде эксплуатациялаў) солардың қатарына киреди.

Мәмлекетимизде адам саўдасына қарсы қатаң гүрес алып барылады. Бул тараўда арнаўлы нызамлар, уйымлар ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў жумыслары жолға қойылған.

Тараў ўәкиллериниң сөзлерине бола, Өзбекстан бул унамсыз иллетке қарсы гүресиўде ҳәм ҳуқықый, ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан системалы ҳәм сезилерли раўажланыўды көрсетпекте.

Атап айтқанда, “Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында”ғы нызам ислеп шығылды ҳәм әмелиятқа енгизилмекте. Адам саўдасы, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет пенен байланыслы жынаятлар ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилди. Адам саўдасынан жәбирленген шахсларды анықлаў ҳәм бағдарлаў бойынша миллий система енгизилди. Өзбекстанда адам саўдасына қарсы гүресиў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “жол картасы” тастыйықланды.

Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен балаларға болған зорлық жағдайларын анықлаў ҳәм оларды қорғаў тәртиби белгиленди. Режеге бола, зорлықтан жәбирленген ямаса өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған балалар тиккелей өзлери ямаса нызамлы ўәкиллери “Инсан” орайлары, ишки ислер уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымларға мүрәжат етеди. “Инсан” орайлары ишки ислер уйымларының қатнасыўында баланың турмыслық жағдайын 1 күн мүддетте үйренеди.

Онда “Инсан” орайы баланың өмири ямаса денсаўлығына қәўип салыўшы факторларды дәслепки баҳалаўдан өткереди ҳәм қәўип дәрежесин “төмен” ямаса “жоқары” деп табыўы мүмкин.

“Социаллық пикир” Республикалық жәмийетлик пикирди үйрениў орайы тәрепинен адам саўдасы мәселелери бойынша изертлеўлер өткерилди. Изертлеў мағлыўматларының тастыйықлаўынша, халықтың көпшилик бөлеги жынайый ҳәрекеттиң бул түри ҳаққында жақсы хабардар.

Өзбекстанда респондентлердиң 87 проценти адам саўдасын үлкен қәўип деп есаплайтуғынын мәлим еткен. Соның менен бирге, изертлеўлер даўамында машқала ҳаққында “бир нәрселерди еситкен,” бирақ терең билимге ийе болмағанлар топарында қызықлы динамика бақланған. Машқала ҳаққында бираз хабардар болыў ҳәм унамлы, ҳәм қәўетерли жағдайды сәўлелендиреди: бир жағынан, темаға қызығыўшылық артып бармақта, екинши жағынан болса, егер пуқараларға адам саўдасы менен байланыслы мәселелер бойынша жоқары сапалы, исенимли мағлыўматлар берилмесе, надурыс түсиниклердиң тарқалыў қәўпи артып бара береди. 2025-жылда адам саўдасынан хабарсыз екенлигин айтқан пуқаралардың үлеси сезилерли дәрежеде азайған.

Пуқаралардың адам саўдасы жағдайларына түсип қалыў жоллары ҳаққындағы сораўға жуўапларды таллаў соны көрсетти, ең кең тарқалған усыл сырт елде ислеў усынысы болып есапланады. Сораў қатнасыўшыларының болжаўынша, көплеген жәбирлениўшилер басқа мәмлекетлерде жумысқа орналасыў ўәделери арқалы усындай жағдайға түсип қалады.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, адам саўдасы сыяқлы жынаятлар әпиўайы ўәде менен басланады. Жақсы жумыс, жоқары айлық, жаңа турмыс… Бундай жалған ўәделердиң артында алдаў, зорлық ҳәм ериксизлик турған болыўы итималы үлкен. Ҳәр қандай гүманлы усыныс – қәўип сигналы. Онда, бәринен бурын, сырт елдеги жумыс усыныслары қатаң тексерилиўи, рәсмий ҳүжжетлер талап етилиўи зәрүр. Жақсы ўәде бериўши реклама ҳәм усыныслардан абайлы болыў усыныс етиледи.

Муҳайё Тошқорайева,

ӨзА