Нөкис районында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа санаат жойбары әмелге асырылды
77
Нөкис районы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында шөлкемлестирилген жаңа «Ерна тех» тоқымашылық кәрханасы жумыс баслады. Бул жойбар шеңберинде 100 жергиликли ҳаял-қыз турақлы жумыс орны менен тәмийинленди.
Кәрхана балалар ҳәм жас өспиримлер ушын мөлшерленген трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, жумыс баслаған қысқа мүддеттиң өзинде жақсы нәтийжелерге еристи. Өнимниң сапасын арттырыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мақсетинде сырт елли қәнигелер тартылған.
Жойбардың кейинги басқыштағы тийкарғы мақсети – экспортқа жарамлы өнимлер таярлап, жергиликли экономикаға үлес қосыў ҳәм ҳаял-қызлар ушын жаңа имканиятлар жаратыўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги