Екилемши базарда турақ жайлардың орташа баҳасы өткен айға салыстырғанда 0,3 процентке артты

Өзбекстанда көшпес мүлк базары турақлылықты көрсетпекте, аймақларда келисимлер саны ҳәм баҳалардың өсиўи бақланбақта. Екилемши турақ жайға болған талап жыллық есабында республиканың көпшилик аймақларында жоқары дәрежеде сақланып қалмақта. Ташкентте турақ жай баҳаларының төменлеўи ижара базарының турақлылығын сақлап қалмақта.
Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы Өзбекстан көшпес мүлк базарында бақланып атырған өзгерислердиң таллаўын усынды. 2025-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмағына бола, турақ жай сатыўлары 10,6 процентке артып, 136,5 мың квартираны қурады.
2025-жыл июнь айының жуўмағына бола, 21 мың көшпес мүлк алды-сатты келисимлери дизимнен өткерилди, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 3,7 процентке көп.
2025-жылдың биринши ярым жыллығы жуўмақлары бойынша көшпес мүлк базарындағы аймақлық динамика турақлы өсиўди көрсетпекте. Белсендиликтиң ең сезилерли өсиўи Жиззақ (29,9 процент), Наўайы (18,3 процент) ҳәм Сурхандәрья (17,7 процент) ўәлаятларында атап өтилди. Соның менен бирге, Ташкент ўәлаятында келисимлер көлеми бираз азайғаны (2,6 процент) бақланды.
Усы жылдың июнь айында Өзбекстанда екилемши базарда турақ жайлардың орташа баҳасы өткен айға салыстырғанда 0,3 процентке артты. Жыллық есапта өсиў 1,8 процентти қурады.
Аймақлар кесиминде Жиззақ ўәлаяты июнь айында турақ жай баҳаларының бираз төменлеўине (-1,3 процент) қарамастан, жыллық өсиў пәти бойынша жетекшиликти сақлап қалмақта (11,7 процент). Соның менен бирге, жыллық есапта унамлы динамика Сурхандәрья (10,9 процент), Хорезм (7,3 процент) ҳәм Наманган (7,1 процент) ўәлаятларында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында да (9,3 процент) атап өтилди.
Ташкент қаласында екилемши турақ жайдың орташа баҳасы өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4,8 процентке төменлегени атап өтилди, жаңадан қурылған турақ жайлар сегментиде болса баҳалар тек ғана 1,6 процентке азайды.
Өткен жылдың июнь айынан берли пайтахттағы екилемши турақ жай баҳаларының ең көп төменлеўи Мырза-Улығбек (-7,6 процент), Яшнабад (-7,3 процент) ҳәм Чиланзар (-6,9 процент) районларында бақланды.
Дәслепки турақ жай баҳаларының ең сезилерли төменлеўи Учтепа (-9,7 процент), Юнусабад (-8,8 процент) ҳәм Шайхантаҳур (-7,7 процент) районларында атап өтилди.
Июнь айында Ташкент қаласында ижара баҳаларының турақлылығы бақланды. Орташа ижара баҳасы өткен айдағы көрсеткишти сақлап қалды ҳәм бир квадрат метр ушын 8,1 долларды қурады.
Пайтахтымыздың Мирабад, Шайхантаҳур ҳәм Яккасарай районларында ижара баҳасы салыстырмалы жоқарылығынша қалмақта. Бул районларда ижара баҳасы бир квадрат метр ушын орташа 10,3 долларды қурайды.
Жыллық есапта орташа ижара баҳалары 2,6 процентке төменледи. Ең сезилерли төменлеў Учтепа, Яшнабад ҳәм Чиланзар районларында атап өтилди.
ӨзА