Хожелиде жаңа жумыс орынлары ҳәм исбилерменлик имканиятлары жаратылмақта

77

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Хожели районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Дәслеп «Сайхунабад» тәжирийбеси тийкарында жолға қойылған жойбарлар, атап айтқанда, «Бағман» мәкан пуқаралар жыйынында гүл өсириў менен шуғылланып атырған Дәўран Аметов, ыссыхана ҳәм шарўашылық жумысын раўажландырып атырған Жиенбай Сапарниязов, «Саманкөл»деги шарўашылық субектлери, соның ишинде, Зафар Өтемуратов ҳәм «Шағалакөл»деги Қуўаныш Нурымбетовтың қыйтақ жер хожалықлары көзден өткерилди. Бул тәжирийбелердиң әҳмийети атап өтилип, оларды кеңнен ен жайдырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Жәҳән банки тәрепинен ажыратылған 135,6 мың долларлық грант тийкарында шөлкемлестирилген ҳәм қарамалларды жасалма көбейтиўдиң заманагөй усылы – «Ин-витро» технологиясын енгизген лабораторияның жумысы үйренилди.


Райондағы бир қатар исбилерменлик субектлериниң жумыс процеси де үйренилди. Соннан:
«DOSTLAR SHOES XOJAYLI» ЖШЖ – былғары аяқ кийим ислеп шығарыў,
«INOSTAL» ЖШЖ – темир өнимлерин ислеп шығарыў,
«EXIMCORP» ЖШЖ – боян тамырын қайта ислеў,
«FARMS GAFUR GULOM» ЖШЖ – сүтти қайта ислеў,
«LIDERTEKS GROUP» ЖШЖ ҳәм «Уразымбетов Рахат» шаңарақлық кәрханасы – жергиликли өндиристи кеңейтиў жойбарлары менен танысты.
Исбилерменлерге берилген жеңилликлерден пайдаланыў, олардың жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда жәрдемлесиў бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.


Сондай-ақ, район орайында жаңадан қурылып атырған «Жаслар орайы»ның имканиятлары үйренилип, бул жер Хожели жаслары ушын билим ҳәм көнликпе майданына айланыўы керек екенлиги айрықша атап өтилди.
Сапар шеңберинде «Кулаб» мәҳәллесиндеги Айша Маткаримованың қыйтақ жери ҳәм «Мустақиллик» мәҳәллесиндеги Алпамыс Курегеновқа тийисли шарўашылық хожалығының жумысы да үйренилди. Бундай киши бизнес басламаларын көбейтиў, халықтың қосымша дәрамат алыў имканиятларын және де кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен районда алып барылып атырған жумыслар бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпа ҳәм тапсырмалар берилди. Бул жумыслар халықтың абаданлығын арттырыў, экономикалық өсиўди хошаметлеў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги