14-июльдан жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары басланады

136

Онлайн дизимнен өтиў (my.dtm.uz сайты арқалы), ҳүжжетлерди толық түрде дурыс усыныў, тест сынақларында қатнасыў, жеңилликлер ҳәм квоталардан мақсетли пайдаланыў абитуриентлер ушын әҳмийетли процесслер есапланады.

2025-2026-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине кириў ушын онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге “Абитуриент рухсатнамасы”н бериў басланды.

Абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын “Абитуриент рухсатнамасы”н my.uzbmb.uz сайтына жеке идентификация номери және паспорт сериясы ҳәм номерин киргизген ҳалда алыўы мүмкин. Абитуриентлер тест сынағына паспорт (ID-карта) ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен белгиленген ўақыттан кешикпей келиўи керек.

2025-2026-оқыў жылында жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў тест сынақлары усы жылы 14-июльдан 23-июльға шекем (10 күн) болып өтеди.

Тест сынақлары күнине 2 сменада шөлкемлестириледи. 1-смена саат 08:00 де, 2-смена 15:00 де басланады. Абитуриентлерден тест сынақлары басланыўынан кеминде бир ярым саат алдын белгиленген аймаққа жетип келиўи талап етиледи. Паспорт нусқасы яки басқа да ҳүжжетлер менен келген, сондай-ақ, кешигип келген абитуриентлер тест сынақларына киргизилмейди.

ӨзА