Қытайда Халық дипломатиясы ҳәм Татыўласқан қалалар форумлары басланды

Өзбекстанда ШБШ Халық дипломатиясы орайының ўәкиллери Қытай Халық Республикасы Шэньян қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми «Халық дипломатиясы форумы» ҳәм «Татыўласқан қалалар форумы» илажларының салтанатлы қабыллаў мәресиминде қатнасты.
Әнжуманда ағза мәмлекетлерден жәмийетлик ғайраткерлер, сиясий жетекшилер, халықаралық ҳәм жергиликли шөлкемлердиң 400 ден аслам ўәкили қатнасты.

Еркин пикирлесиў түринде шөлкемлестирилген мәресимде халық дипломатиясының регионаллық тилеклесликти тәмийинлеў, өз-ара бирге ислесиў ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты кеңейтиўдеги орны, Орайдың бул бағдардағы жумысы ҳаққында пикир алысылды.

Атап айтқанда, Қытай жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў бойынша комитети баслығының орынбасары Цуй Ли ханым Комитет ҳәм Орай арасындағы бирге ислесиў, соның менен бирге Өзбекстан ҳәм Қытайдың мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларына тоқтап өтти.
ШБШ Бас хаткери Нурлан Ермекбаев Орайдың жумысын жоқары баҳалап, әмелге асырылып атырған жойбарларды бақлап атырғанын атап өтти.

Комитеттиң Бас хаткери Цзо Хунбо бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир жүргизип, ШБШ Халық дипломатиясы форумы турақлы түрге енип барыўы зәрүрлигин атап өтти, келешекте форумды Орайлық Азия мәмлекетлеринен биринде өткериў күтилип атырғанын билдирди.

Сырт мәмлекетлер менен дослық жәмийетиниң баслығы Ян Ванминь әмелдеги байланыслар халық дипломатиясын раўажландырыўда жаңа есиклер ашатуғынын атап өтип, ШБШ шеңберинде Халық дипломатиясы орайларының саны артып атырғанынан қуўанышлы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, ағза мәмлекетлердеги халық дипломатиясы институтлары, соның ишинде, Россия ШБШ Халық дипломатиясы миллий орайының директоры Станислав Королёв, Тәжикстанда ШБШ дослық ҳәм бирге ислесиў орайы директорының орынбасары Жамшид Тошев, Пакистан Тынышлық ҳәм дипломатиялық изертлеўлер институтының атқарыўшы директоры Муҳаммад Асиф Нур менен де сөйлесиўлер өткерилди.
Ғ.Хонназаров, ӨзА