Қаратереңде «Таза аймақ» акциясы өткерилди

Ҳәр жылы 5-июнь сәнеси дүнья жүзи бойлап пүткил жер жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни сыпатында кеңнен белгиленеди. Бул сәне бизиң елимизде деэкологиялық мәдениятты арттырыў, қоршаған орталыққа итибарлы қатнасты қәлиплестириў мақсетинде кең түрде белигленип келинбекте.
Тахтакөпир районындағы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Қаратерең» экотуризм комплексинде усы сәне ҳәм «2025-жыл – Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» мүнәсибети менен «Таза аймақ» акциясы болып өтти.
Акцияға Өзбекстан экологиялық партиясы белсендилери, студент- жаслар ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.
Өзбекстан экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы А.Бегимова шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында аймақларда экологиялық тазалықты тәмийинлеў, қоршаған орталықты қорғаў бойынша исленип атырған жумыслар ҳәм оның унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, илаж қатнасыўшыларын ана-Тәбиятымызды таза ҳалында сақлаў ҳәм биокөптүрлиликти қорғаўға шақырды.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен «Қаратерең» экотуризм комплексиниң әтирапы ҳәр қыйлы пластик шығындылардан тазаланып, арнаўлы орынларға апарып тасланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы