Қурылып атырған ҳеш бир имарат итибарсыз қалмаўы керек

Қарар ҳәм оның орынланыўы
Усы жыл 26-март күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрмановтың басшылығында республикамызда қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-февральдағы 110-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм нызамсыз қурылыслардың алдын алыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.
Мәжилиске район (қала) ҳәкимлериниң қурылыс ҳәм экономика мәселелери бойынша орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Ишки ислер, Әдиллик министрлиги ҳәм олардың район (қала) лық структуралық бөлимлери, Қурылыс министрлиги ҳәм район (қала) лық қурылыс бөлимлери, Кадастр агентлиги ҳәм Кадастрлар палатасы, “Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертиза етиў республикалық орайы” ЖШЖ басқармасы, коммуналлық тараў ўәкиллери ҳәм нызамсыз мүлк ийелери қатнасты.
Хабарыңыз бар, қала қурылысы жумысында рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Қала қурылысы жумысында рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-февральдағы 110-санлы қарары қабыл етилип, усы қарар тийкарында нызамсыз қурылған қурылмаларды белгиленген тәртипте Қурылыс қадағалаў инспекциясынан дизимнен өткериў мүддетлери создырылған.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы баслығының биринши орынбасары Жасур Жабборов усы қарардың мазмун-мәниси, оның орынланыў барысы ҳәм оның орынланыўында жүзеге келип атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында мағлыўматлар берип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, 2024-жыл 23-сентябрьде қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материаллары тармағын раўажландырыў илажларын додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз тәрепинен белгиленген тәртипте дизимнен өткерместен қурылыс жумысларын баслаў, объектти категориясына тийкарланып қурылыс процесслерин системалы қадағаланбай атырғаны ҳәм соның ақыбетинде объектлерде тәртипсиз қурылыс жумыслары системалы түрге енгени ҳәм бул жағдай пуқаралардың ҳақылы наразылықларына себепши болып атырғанлығы көрсетип өтилген.
Сондай-ақ, усы жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў, қурылыс жумысларын әмелге асырыўда бюрократиялық тосқынлықлар ҳәм коррупцияға шек қойыў бойынша 2025-жыл 1-ноябрьге шекем Инспекцияның бар күш қураллары ҳәм имканиятларын мобилизациялаў ҳаққында тапсырмалар берилген.
Усы тапсырмаларға тийкарланып аймақлық инспекциялар тәрепинен системалы үйрениўлер шөлкемлестирилип, усы жылдың 18-март жағдайына Республикада жәми 3143 объект аймақлық инспекциялардан дизимнен өтпестен, қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғанлығы анықланды.
Жоқарыда атап өтилген 3143 нызамсыз объекттиң 128 и Қарақалпақстан Республикасына туўра келмекте. Соның 112 си исбилерменлик объектлери (саўда-турмыслық хызмет көрсетиў, офис, мийманхана, өндирис ҳәм басқалар), үшеўи санаат зоналарында жайласқан объектлер, оны көп қабатлы турақ жай имаратлары, сондай-ақ, үшеўи жеке меншик турақ жай имаратлары болып есапланады.
Нызамсыз ҳәм тәртипсиз қурылыслардың барған сайын артып барыўына бир жағынан жергиликли ҳәкимликлер, Қурылыс басқармалары, район (қала) лық қурылыс бөлимлери ҳәм мәҳәллелер тәрепинен нызамсыз қурылмаларға өз ўәкиллиги шеңберинде маўасасыз гүрес алып бармай атырғанлығы ҳәм басқа да факторлар себепши болмақта.
Мәжилисте Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов Қарақалпақстан Республикасының қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясы тәрепинен январь-март айында анықланған нызамсыз қурылыслар ҳаққында өз пикир-усынысларын билдирди.
Нөкис қаласы бойынша 37, Әмиўдәрья районы бойынша 19, Беруний районы бойынша 7, Шымбай районы бойынша 5, Елликқала районы бойынша 11, Кегейли районы бойынша 4, Мойнақ районы бойынша 1, Қанлыкөл районы бойынша 5, Қараөзек районы бойынша 3, Қоңырат районы бойынша 5, Шоманай районы бойынша 9, Тақыятас районы бойынша 1, Тахтакөпир районы бойынша 1, Төрткүл районы бойынша 7, Хожели районы бойынша 6 нызамсыз қурылыс объектлери анықланған.
– Аймақлық инспекциялардан белгиленген тәртипте дизимнен өтпестен басланған, нызамсыз қурылыс жумыслары обекттиң ийелерине көплеген машқала ҳәм материаллық зыянларды келтирип, бул объектке ийелик етиўди ҳәм объектти басқарыў имканиятын жоққа шығарады. Бундай жағдайлар исбилерменлерге қосымша машқаланы, қәрежетлерди келтирип шығарады. Қурылған объекттиң үлкенлигине қарап, бул суммалар үлкейип барады,-дейди Ж.Жабборов. – Район (қала) ҳәкимликлери, район (қала) ҳәкимликлериниң қурылыс мәселелери бойынша орынбасарлары ҳәм басқа да жуўапкерлер қысқа мүддетте нызамсыз объектлерди легалластырыў илажын көриўи зәрүр.
Мәжилисте Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 24-февральдағы 110-санлы қарарына тийкарланып нызамсыз обектлерди аймақлық қадағалаў инспекциялары дизиминен өткериў ушын рухсатнама бериў тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилип, қәте-кемшиликлерди тез арада сапластырыў, алдағы исленетуғын жумыслар бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги