Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин беккемлеўде парламенттиң орны

257

22-март- Мәҳәлле системасының хызметкерлери күни. Усы мүнәсибет пенен Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық  институтлар ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў мәселелери комитети ҳәм Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы  менен биргеликте «Мәҳәлле институтының жәмийеттеги ролин беккемлеўде парламенттиң орны» темасында дөгерек сәўбети  өткерилди.

Дөгерек  сәўбетинде мәҳәллениң жәмийеттеги орны ҳәм ролин арттырыў бағдарындағы реформалар ҳаққында сөз етилип, мәҳәллелердиң материаллық-техникалық тәмийнаты хатлаўдан  өткерилип, 252 сине жаңа имарат қурылғаны, 471 и оңланғаны, 59 ы реконструкцияланғаны айтып  өтилди. 2 мың 755 синиң материаллық-техникасы жақсыланып, 9 мың 452 мәҳәлле  баслығына  планшет берилген. «Мәҳәлле жетилиги» жумысы ушын «Санлы  мәҳәлле» платформасы енгизилип, 40 тан аслам мәмлекетлик уйымларлың платформалары менен интеграцияланды.

Мәҳәллелерди жумыссызлық, кәмбағаллық, шаңарақлық ажырасыўлар, миграция ҳәм жынаятшылықтан жат аймаққа айландырыў мақсетинде 9 мың 452 мәҳәлле, 208 район ҳәм қала, 14  аймақ, сондай-ақ, республикалық «Қоймахана дәптер»лери қәлиплестирилди.

Атап өтилгениндей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Өзбекстан мәҳәллери ассоциациясы менен биргеликте тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң орынланыўы тәмийинленбекте.

Сондай-ақ,  дөгерек сәўбетинде комитет тәрепинен «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясының орынланыўы бойынша Ташкент, Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятлары мысалында қадағалаў-таллаў тәртибинде үйрениўлердиң жуўмақлары да көрип шығылды.

Үйрениўлерде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының есап-санақлары ҳәм мәлимлемесин тыңлаў нызам талаплары тийкарында әмелге асырылмай атырғаны анықланған. Соның менен бирге, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы тәрепинен  2024-жылдың ноябрь айында мәмлекетлик уйымлары мәпдар шахслардың есап-санақларын ҳәм мәлимлемесин тыңлаў  бойынша  республикалық көлемде  көргизбели  онлайн семинарлар шөлкемлестирилгенине  қарамастан, айырым мәҳәллелер тәрепинен бул илажлар даўам еттирилмеген.

Додалаўларда депутатлар тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар  берилди ҳәм бул тараўда нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА