Қәлбимиз ояў болып, жәмлесип ҳәрекет етиўимиз дәркар

409

 

Ҳүрметли Президентимиз Ш. Мирзиёевтиң усы жыл 5-март күни Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде қатнасып, онда шығып сөйлеген сөзи, мениң нәзеримде елимизде коррупциясыз орталық, коррупциясыз келешекти жаратыўға қаратылған, анық нәтийжелерге хызмет ететуғын бағдарды белгилеп берди, деп ойлайман.

Ашық тән алыўымыз керек, соңғы сегиз жыл ишинде мәмлекетимиз басшының терең ҳәм пуқта ойланған сиясаты нәтийжесинде коррупция иллетине қарсы гүресиў, оны болдырмаў бағдарында ерисилген нәтийжелер, күнделикли турмысымызда өз сәўлелениўин таппақта.

Анық мысалларға жүгинсек, биринши гезекте бул иллетке қарсы гүресиў бойынша ҳуқықый механизмлер жаратылып беккемленип барылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетимиздеги ашықлық сиясаты нәтийжесинде, жәмийеттеги түрли унамсыз иллетлерге қарсы жәмийетшиликтиң, ғалаба хабар қуралларының белсендилиги артып бармақта.

Пуқаралар турмысында үлкен әҳмийетке ийе, жер орынларын ажыратыў аукцион системасында әмелге асырылмақта.

Банклерден кредит алыў, балалар бақшалары ҳәм мектеплерге балаларды қабыллаў, Жоқары оқыў орынларына студентликке қабыл етилиў сыяқлы мәселелердеги хызметлердиң электрон түрге өтиўи, санластырылыўы, пуқараларымызға бир қанша қолайлықлар жаратпақта.

Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы, пуқараларымыз электрон мәмлекетлик хызметлеринен емин-еркин пайдаланып, жыл сайын хызметлердиң түрлери артып бармақта.

Елимизде раўажланыўлар даўам етер екен, оған тосқынлық етиўши коррупция иллетине қарсы гүресиўде жәмийетшиликтиң ролин арттырыў, мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей,  район, мәҳәлледен баслап турмыслық коррупцияға қарсы гүресиўдиң илажларын көриўде, ҳәр биримиз белсенди болыўымыз зәрүр.

Усы жерде, мәмлекетимиз  басшысының жәмийетшиликке мүрәжат етип, коррупцияға қарсы гүресиў улыўма миллий ўазыйпа, ҳәр бир Ўатансүйиўши ўатанласымыздың ҳүждан  иси екенин атап өткенлигин айрықша атап өтиўимиз керек.

– Ҳәммемиз бирден бир күш болып ҳәрекет етсек, әлбетте, үлкен унамлы нәтийжеге ерисемиз, сонлықтан мәҳәлле белсендилери, нуранийлар, зыялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, исбилерменлер, белгили шахслар, басшылар, депутат ҳәм сенаторлар – улыўма  пүткил жәмийетшилик бирлесип, коррупцияға  «жәмийет  денесиндеги рак» сыпатында қараўы керек» деген терең мазмунға ийе пикири, ҳәр биримиз сергек, қәлбимиз ҳәмийше ояў болып, бирлесип ҳәрекет етиўимиз зәрүр екенлигин уқтырмақта.

Инсаният тарийхынан жақсы мәлим, илим менен әдеп ҳәр қандай дәўирде де, барлық раўажланыўлардың негизи болып хызмет етип келген.

Сонлықтан да, перзентлеримизди ана қарнынан баслап, туўрылыққа, ҳүждан пәклигине, билим алыўға, илим менен шуғылланыўға бағдарлап тәрбиялай алсақ, олар жүзимизди жарқын етип, елимиздиң данқ-абырайын асыратуғын әўладлар болып жетилисетуғынлығы анық.

 

Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги