2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Шығысқа тән жаңа жыл басланатуғын қутлы күн – Наўрыз әсирлер даўамында бәҳәр, жақсылық, мийрип-шәпәәт, мийнет ҳәм дөретиўшилик белгиси сыпатында елимиздиң социаллық-руўхыйлық турмысында орны оғада үлкен.
Бул қутлы байрам кейинги жыллары Ўатанымызда әмелге асырылып атырған “Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын”, деген уллы идеяға сәйкес болып, шын мәниде улыўма халықлық байрамға айланды ҳәм елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларында кеңнен белгиленбекте.
Бул уллы мәўсимниң руўхы ҳәм философиясында сәўлеленген гуманизм, адамзатты пүткил жаратылыстың гүлтажы сыпатында қәдирлеў, ана ўатан ҳәм тәбиятты қәстерлеп-сақлаў принциплерин бүгинги күнде турмысымызда және де жарқын көзге тасланбақта.
Әне усындай, жақсы қәдириятлар себепли елимизде халық мәплери ҳәм социаллық қорғаныўын тәмийинлеў, мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў, жәмийеттиң ҳеш бир ағзасын меҳир ҳәм итибардан шетте қалдырмаў, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, жер ҳәм суў ресурсларынан, барлық тәбият жемислеринен ақылға уғрас пайдаланыў тийкарғы ўазыйпамызға айланбақта.
“Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылы”нда белгиленетуғын быйылғы Наўрыз байрамы сол себепли жаңаша руўх ҳәм мазмун бағышлайды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған Наўрыз байрамының көп миллетли жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўдеги орнын ҳәм әҳмийетин есапқа алып ҳәм бул байрамды Жаңа Өзбекстанның бүгинги потенциалы ҳәм орнына ҳәр тәреплеме мүнәсип түрде белгилеў мақсетинде:
- 2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы елимизде “Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” деген бас идея тийкарында улыўма халықлық сейиллери түринде жоқары дәрежеде кеңнен белгиленсин.
- Мәденият министрлиги, Жаслар ислери агентлиги, Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы ҳәм “Нураний” қорының усынысына бола, 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамының идеологиялық-көркем концепциясы (кейинги орынларда –Концепция) 1-қосымшаға муўапық мақуллансын.
- 2025-жылғы Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда –Шөлкемлестириў комитети) қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
-Шөлкемлестириў комитети (А.Н. Арипов) бир ҳәпте мүддетте Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайлары, барлық қала, район ҳәм аўылларда Концепция тийкарында ислеп шығылатуғын Наўрыз улыўма халықлық байрамын мүнәсип белгилеў бойынша шөлкемлестириў-әмелий, мәдений-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары бағдарламасын тастыйықласын, сондай-ақ, оның әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Орынларда Наўрыз улыўма ҳалықлық байрамына бағышланған барлық илажларды миллий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз ҳәм бүгинги реформаларымыздың мазмун-мәнисине, Концепцияда көрсетилген тийкарғы бағдар ҳәм усынысларға сәйкес түрде, жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, оларда ўатанласларымыздың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
-байрам илажларын тәбияттың ояныўы, инсан ҳәм тәбият арасындағы байланыс, ана ўатанға меҳир ҳәм итибар беретуғын, ўатанласларымызды бүгинги тыныш өмиримизди қәдирлеп, шүкиршилик сезими менен жасаўға ийтермелейтуғын тәсиршең мазмун ҳәм түрде өткериў;
-елимизде әмелге асырылып атырған тийкарғы демократиялық реформалар, халқымыздың күнделикли турмысы ҳәм дүньяқарасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер Наўрыздың адамгершилик ҳәм инклюзивлик мазмунына, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлерине сәйкес екенин көрсетиў;
-быйылғы Наўрыз байрамы муқаддес Рамазан айында белгилениўин инабатқа алып, кексе әўлад ўәкиллерин, атап айтқанда, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты нуранийларын ҳәр тәреплеме қәдирлеў, “Меҳрибанлық”, “Қайыр сақаўат” ҳәм “Мүриўбет” үйлеринде жасап атырған адамлар, социаллық қорғаў дәптерлерине киргизилген ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайынан хабар алыў, олар ушын байрам дастурханын жайыў ҳәм түрли қайырқомлық илажларын өткериў;
“Жасыл мәкан” улыўма халықлық жойбарында белгиленген илажларды әмелге асырыў, байрам алдынан барлық аймақларда, көше, мәҳәлле, район ҳәм қалаларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў акцияларын, улыўма халықлық шембиликлерин өткериў;
-жәмийетимизде жасап атырған миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў мақсетинде елимизде жасап атырған түрли миллет ҳәм халықлар ўәкиллериниң миллий үрп-әдетлери, дәстүр ҳәм қәдириятларын кеңнен көрсетиў;
-байрам илажлары даўамында өнерментшилик көргизбелери, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар өткериў, китап көргизбелери, арзанластырылған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери ярмаркалары, көшпели саўда дүканларын шөлкемлестириў, көклем тағамларын таярлаў ҳәм бул бойынша көргизбели саўда ҳәм танлаўларды шөлкемлестириў;
-барлық қала ҳәм аўылларда өткерилетуғын байрам дәстүрлеринде, ғалаба хабар қуралларында Наўрыз байрамының тарийхы, ҳәр бир аймақта оны белгилеўге байланыслы үрп-әдетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў;
-Ташкент қаласындағы “Жаңа Өзбекстан” комплексинде айрықша бағдарлама тийкарында халық сейиллерин шөлкемлестириў.
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков) Республика Руўхый-ағартыўшылық орайы (О.Ҳасанов), Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте Концепцияға муўапық Ташкент қаласында Наўрыз байрамына бағышлап өткерилетуғын театрластырылған тийкарғы концерт тамашасының бағдарламасы ҳәм сценарийсин ислеп шықсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
а) бир ҳәпте мүддетте Наўрыз улыўма халықлық сейиллерин өткериў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын аймақлық илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
-улыўма халықлық сейиллер шөлкемлестирилетуғын тийкарғы майданлар, көше ҳәм қыябанларды миллий түрде безеў;
-усы сейил ҳәм тамашаларды жергиликли тәжирийбели сценарист ҳәм режиссёрлар, композиторлар, балетмейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас дөретиўшилер, фольклор көркем өнери ўәкиллери менен биргеликте жоқары көркемлик дәрежеде таярлаў илажларын көриў;
-байрам бағдарламаларын ҳәм ғалабалық тамашаларды таярлаўда, көшелер, майдан ҳәм қыябанларды безеўде тәжирийбели қәнигелерден ибарат дөретиўши топарларды кеңнен тартсын;
в) барлық илажлар жәмийетлик қәўипсизлик талапларына қатаң әмел етилген ҳалда өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өткерилетуғын байрам илажларының қәрежетлери:
Ташкент қаласында – республика бюджети ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджет қаржылары есабынан теңдей үлеслерде;
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда – тийисли жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, “Дунё” мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа ғалаба хабар қуралларына Наўрыз улыўма халықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н. Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы Социаллық раўажланыў департаменти басшысы О. Қ. Абдурахмановқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ