Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте
174

Бүгин 2024-жыл 19-декабрь күни, Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатының екинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.
Онда Сенат, Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнаспақта.
Жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева алып бармақта.
Жалпы мәжилисте көрип шығылатуғын мәселелерди Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы онлайн бақлап барыўыңыз мүмкин.