Шабандозларымыз Наманганда нешинши орынды ийеледи?
315

Наманган ўәлаятындағы Шабандозлар мектебиниң «Ат шабар» майданында республикамыздағы Миллий гвардия шабандозлар мектеплери арасында аламан ылақ-көкпары ойыны бойынша «Миллий гвардия кубоги» болып өтти.
Кубок жарысына Өзбекстан Республикасы Миллий Гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Шабандозлар мектеби командасы да мүнәсип түрде қатнасып, беллесиўлер соңында сыйлы екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, медал, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы